YouVersion လိုဂို
ရွာရန္ အိုင္ကြန္

Елшилер 15

15
Ерусалимдеги қурылтай
1Яҳудиядан Антиохияға гейбир исениўшилер келип, туўысқанларға: «Егер Муўсаның үрп-әдети бойынша сүннет етилмесеңлер, қутқарыла алмайсызлар», – деп тәлим бере баслады. 2Павел ҳәм Барнаба олар менен айтысып, қатты тартысып қалды. Ақырында Павел ҳәм Барнабаға, және де олар менен бирге басқа бир неше туўысқанға Ерусалимдеги елшилер менен ақсақалларға барып, усы мәселени шешиў тапсырылды. 3Солай етип, олар исениўшилер жәмәәти тәрепинен жиберилип, Феникия ҳәм Самария үлкелеринен өтти. Жол-жөнекей басқа миллетлердиң тәўбе еткенин айтып, сол жердеги туўысқанларға үлкен қуўаныш бағышлады. 4Ерусалимге келгенде, олар исениўшилер жәмәәти, елшилер ҳәм ақсақаллар тәрепинен жақсы қабыл етилди. Қудайдың өзлери арқалы ислеген ҳәмме нәрсесин#Елш 15:4 Базы қолжазбаларда «…ҳәм басқа миллетлерге исеним қапысын қалай ашқанын» деген сөзлер де бар. оларға билдирди.
5Бирақ, парисейлер#15:5 Парисейлер – яҳудий халқының күшли диний топары. арасынан шыққан айырым исениўшилер орынларынан турып:
– Исениўши болған басқа миллет адамлары да сүннет етилип, оларға Муўсаның Нызамын орынлаўды буйырыў тийис, – деди.
6Елшилер менен ақсақаллар бул мәселе бойынша мәсләҳәтлесиў ушын жыйналды. 7Узақ талқылаўдан соң Петр орнынан турып, оларға былай деди:
– Туўысқанлар! Басқа миллетлердиң Хош Хабарды мениң аўзымнан еситип исениўи ушын, Қудай көп ўақыт бурын араңыздан мени таңлағанын билесизлер. 8Адамның кеўлин билетуғын Қудай Мухаддес Руўхты бизлерге бергени сыяқлы, басқа миллетлерге де берип, оларды қабыл еткенин көрсетти. 9Қудай олардың кеўиллерин исенимлери арқалы тазалап, бизлер менен олардың арасына айырмашылық қоймады. 10Олай болса, енди не ушын ата-бабаларымыз да, өзлеримиз де көтерип жүре алмаған мойынтырықты шәкиртлердиң мойнына салып, Қудайды сынап атырсызлар? 11Олардың Ийемиз Ийсаның мийрими менен қутқарылатуғынындай, бизлер де өзлеримиздиң солай қутқарылатуғынымызға исенемиз.
12Сонда жыйналғанлардың ҳәммеси тынышланып, Барнаба менен Павелди тыңлай баслады. Олар өзлери арқалы Қудайдың басқа миллетлер арасында көрсеткен кәраматлы белгилери менен таң қаларлық нәрселери ҳаққында айтып берди. 13Олар сөзлерин таўысқаннан соң, Яқып сөз баслап былай деди:
– Туўысқанлар, маған қулақ салыңлар! 14Басқа миллетлерден Өзине тийисли бир халық шығарыў ушын, Қудай оларға дәслеп қалай мийримлилик көрсеткенин Шимон Петр баян еткен еди. 15Пайғамбарлардың жазып қалдырған мына сөзлери де усыған туўры келеди:
16«Буннан кейин Мен қайтып келип,
Даўыттың қулаған үйин қайта қураман.
Бузылған жерлерин оңлап, қайта тиклеймен.
17-18Солай етип, қалған адамлар,
Мениң атым менен аталыўшы барлық миллетлер,
Ийесин – Мени излеп тапсын.
Буларды әййемнен билдирген Жаратқан Ийе усылай дейди»#15:16-18 Амо 9:11-12..
19Сонлықтан, мениң пикиримше, Қудайдың жолына түскен басқа миллет адамларын қыйнамаўымыз керек. 20Бирақ, бутларға шалынып ҳарамланған қурбанлық гөшинен, бузықшылықтан, буўындырылып өлтирилген ҳайўанлардың гөшинен ҳәм қаннан аўлақ болыўларын#Елш 15:20 Базы қолжазбаларда «…өзлериңиз ушын қәлемеген нәрсени, өзгеге ислемеў кереклигин» деген сөзлер де бар. жазып жибериўимиз тийис. 21Өйткени әййемги ўақытлардан бери Муўсаның Нызамы ҳәр бир қалада жәрияланып киятыр ҳәм ҳәр Шаббат күни мәжилисханаларда оқылмақта.
Басқа миллетлерден болған исениўшилерге хат
22Солай етип, пүткил исениўшилер жәмәәти менен елшилер ҳәм ақсақаллар өзлериниң арасынан адамларды сайлап, оларды Павел ҳәм Барнаба менен бирге Антиохияға жибериўге қарар етти. Сайланғанлар: туўысқанлар арасында басшылық етип жүрген Барсабба деп аталатуғын Яҳуда менен Сила еди. 23Олар арқалы мына хатты жазып жиберди:
«Ҳүрметли туўысқанларымыз!
Туўысқанларыңыз болған биз, елшилер ҳәм ақсақаллардан, Антиохия, Сирия ҳәм Киликиядағы басқа миллет адамлары болған сиз, туўысқанларға сәлем!
24Арамыздағы айырым адамлардың сизлерге барғанын ҳәм өз сөзлери менен сизлерди тәшиўишке салып#Елш 15:24 Базы қолжазбаларда «…сүннет етилип, нызамға әмел қылыў керек, деп» деген сөзлер де бар., ақылыңызды ҳайран қылғанын еситтик. Бизлер оларға ҳеш қандай жол-жорық бермеген едик. 25Сонлықтан арамыздан бир неше адамды сайлап, сүйикли туўысқанларымыз Барнаба ҳәм Павел менен бирге сизлерге жибериўди бир аўыздан мақул таптық. 26Булар екеўи Ийемиз Ийса Масийхтың аты ушын өмирлерин бағышлаған адамлар. 27Сизлерге және де Яҳуда менен Силаны жиберип атырмыз. Олар бул жазғанларымызды аўызша айтып береди. 28Себеби Мухаддес Руўх ҳәм бизлер әҳмийетли болған мына қағыйдалардан тысқары сизлерге ҳеш нәрсени жүклемеўди мақул таптық: 29сизлер бутларға шалынған қурбанлықтың гөшинен, қаннан, буўындырылып өлтирилген ҳайўанлардың гөшинен ҳәм бузықшылықтан аўлақ болыңлар#Елш 15:29 Базы қолжазбаларда мынадай сөзлер де бар: «Өзлериңиз ушын қәлемеген нәрсени өзгеге ислемеңлер».. Усылардан сақлансаңлар, жақсы ис қылған боласызлар. Аман болыңлар!»
30Солай етип, жиберилгенлер жолға шығып, Антиохияға келди. Жәмәәтти бир жерге жыйнап, оларға хатты тапсырды. 31Исениўшилер хатты оқып, ондағы кеўил көтериўши сөзлерге қуўанды. 32Пайғамбаршылық сыйын алған Яҳуда менен Сила туўысқанларға көп сөзлер менен ақыл-нәсият айтып, руўхый күш-қуўат берди. 33Бир қанша ўақыт сол жерде болғаннан соң, туўысқанлар оларды аман-есен шығарып салып, жоллағанларға қайтарды. [34#Елш 15:34 Базы қолжазбаларда 34-аят та бар: «Бирақ Сила сол жерде қалыўға қарар етти». Басқа бир қолжазбада: «Бирақ Сила, сол жерде қаламыз деп шешти ҳәм Яҳуда Ерусалимге қайтты».]
35Ал Павел менен Барнаба Антиохияда қалды. Олар көплеген адамлар менен бирликте Ийемиздиң сөзин үйретип, жәриялап жүрди.
Павелдиң екинши сапары
36Бир қанша ўақыттан соң, Павел Барнабаға:
– Енди изимизге қайтып, бизлер Ийемиздиң сөзин жәриялаған ҳәр бир қаладағы туўысқанларымызға барайық, олардың ҳал-жағдайын көрейик, – деди.
37Барнаба Марк деп аталатуғын Юханды бирге алып жүрмекши болды. 38Бирақ Павел Памфилияда өзлерин таслап кетип, бирликте баслаған исти даўам етпеген Маркты өзлери менен бирге алып жүриўди мақул көрмеди. 39Солай етип, олардың арасында кескин түсинбеўшилик болып, бир-биринен бөлинди. Барнаба Маркты алып, кеме менен Кипрге кетти. 40Ал Павел Силаны таңлады ҳәм туўысқанлар тәрепинен Ийемиздиң мийримине тапсырылғаннан соң, жолға шықты. 41Ол Сирия ҳәм Киликия үлкелерин аралап, исениўши жәмәәтлерди беккемлеп жүрди.

လက္ရွိေရြးခ်ယ္ထားမွု

Елшилер 15: КркМК22

အေရာင္မွတ္ခ်က္

မၽွေဝရန္

ကူးယူ

None

မိမိစက္ကိရိယာအားလုံးတြင္ မိမိအေရာင္ခ်ယ္ေသာအရာမ်ားကို သိမ္းဆည္းထားလိုပါသလား။ စာရင္းသြင္းပါ (သို႔) အေကာင့္ဝင္လိုက္ပါ