YouVersion လိုဂို
ရွာရန္ အိုင္ကြန္

Елшилер 14

14
Иконияда
1Иконияда Павел менен Барнаба әдеттегидей яҳудийлердиң мәжилисханасына барып, сондай тәсирли ўаз айтқанлықтан, яҳудийлерден де, греклерден де көп адам исенди. 2Бирақ, исенбейтуғын яҳудийлер басқа миллет адамларын туўысқанларға қарсы өшегистирип, олардың ақыл-ойын уўлады. 3Павел менен Барнаба ол жерде узақ ўақыт қалды ҳәм Ийемизге сүйенип, Қудайдың сөзин батырлық пенен айтып жүрди. Ийемиз олар арқалы кәраматлы белгилер ҳәм таң қаларлық нәрселерди көрсетип, Өз мийрими ҳаққында сөзлерди тастыйықлады. 4Қала халқы екиге бөлинип, гейбиреўлери яҳудийлердиң, гейбиреўлери елшилердиң тәрепине өтти. 5Яҳудийлер менен басқа миллет адамлары өз басшылары менен бирликте елшилерге жәбир берип, оларды тас боран қылмақшы болды. 6Бирақ буны билип қойған Павел менен Барнаба Ликаонияның Листра ҳәм Дербе қалаларына ҳәм сол әтирапларға қашып барып, 7сол жерлерде де Хош Хабарды жәриялаўды даўам етти.
Листра ҳәм Дербеде
8Листрада еки аяғы ләң бир адам бар еди. Ол иштен ләң болып туўылып, ҳеш қашан жүрмеген еди. 9Бул адам Павелдиң сөзлерин тыңлап отырғанда, Павел оған тигилип қарап, шыпа табатуғынына исеними бар екенин көрди де, 10қатты даўыслап:
– Аяқларыңда тик тур#Елш 14:10 Аяқларыңда тик тур – Базы қолжазбаларда: «Ийса Масийхтың аты менен саған айтаман: аяқларыңда тик тур»., – деди.
Сол адам орнынан ушып турды да, жүре баслады.
11Халық Павелдиң ислеген исин көргенде, ликаония тилинде:
– Қудайлар адам пишинине енип, бизлерге келипти, – деп бақырысты.
12Олар Барнабаны Зевс, Павелди сөз сөйлегени ушын Ҳермес деп атады. 13Қаланың сыртында жайласқан Зевс ибадатханасының руўханийи қала дәрўазасына өгизлерди ҳәм гүл шеңберлерин алып келди де, халық пенен бирликте елшилерге қурбанлық бермекши болды.
14Бирақ елшилер – Барнаба менен Павел буны еситкенде кийимлерин жыртып, көпшиликтиң арасына өзлерин урды да, былай деп бақырды:
15– Адамлар! Неге бундай ислеп атырсызлар? Бизлер де сизлер сыяқлы адамлармыз! Сизлердиң бул мәниссиз нәрселерди таслап, аспанды, жерди, теңизди ҳәм олардың ишиндегилердиң ҳәммесин жаратқан тири Қудайға жүз бурыўыңыз ушын Хош Хабарды жәриялап атырмыз. 16Қудай өткен әўладлардың ўақтында барлық миллетлерди өз өмир жоллары менен жүриўге қалдырды. 17Соған қарамастан, Өзи ҳаққында гүўалық бериўди тоқтатпай, сизлерге жақсылық ислеп келмекте: Ол аспаннан жаўын жаўдырып, жемислерге бай мәўсимлерди береди. Сизлерди азық пенен тойдырып, жүрегиңизди қуўанышқа толтырады.
18Усы сөзлер менен, олар өзлерине қурбанлық бермеўге халықты зорға дегенде көндирди#Елш 14:18 Базы қолжазбаларда мына сөзлер де бар: «Оларды үйлерине қайтарды. Өзлери болса және сол жерде тәлим бериўди даўам етти»..
19Бирақ Писидияның Антиохия ҳәм Икония қалаларынан келген айырым яҳудийлер халықты өз тәрепине аўдырып#Елш 14:19 айырым яҳудийлер халықты өз тәрепине аўдырып – Базы қолжазбаларда «айырым яҳудийлер халықты өз тәрепине аўдырды. Елшилер батыллық пенен ўаз етип турғанда, сол яҳудийлер: „Олар ҳеш қандай шынлықты айтқаны жоқ, ҳәмме сөзлери жалған“, – деп, халықты елшилерден жүз бурыўға шақырып» деген сөзлер де бар., Павелди тас боран қылды. Оны өлди деп ойлап, қаланың сыртына сүйреп шығарып таслады. 20Деген менен, шәкиртлер әтирапына жыйналғанда, Павел өзине келип орнынан турды да, қалаға қайтты. Ертеңине ол Барнаба менен бирге Дербеге кетти.
Сирия Антиохиясына қайтыў
21Олар Хош Хабарды Дербе қаласында жәриялап, көп шәкирт арттырғаннан соң, Писидиядағы Листра, Икония ҳәм Антиохия қалаларына қайтып келди. 22Жол-жөнекей шәкиртлердиң жанларына күш-қуўат берип, исенимде беккем турыўды үгит-нәсият етти де: «Қудайдың Патшалығына кириўимиз ушын, көп қыйыншылықлардан өтиўимиз тийис», – деди. 23Павел менен Барнаба ҳәр бир исениўши жәмәәтте ақсақалларды тайынлады. Ораза тутып, дуўа еткеннен соң, оларды өзлери исенетуғын Ийемиздиң қолына тапсырды.
24Соңынан олар Писидия үлкеси арқалы өтип, Памфилия үлкесине келди. 25Пергияда Қудайдың сөзин жәриялағаннан соң, Анталияға кетти. 26Сол жерден кеме менен Антиохияға қайтты. Бул қалада Павел менен Барнаба өзлерине тапсырылған хызметти ислеў ушын өзлерин Қудайдың мийримине бағышлаған еди. Олар сол исти енди орынлады. 27Ол жерге жеткенде, олар исениўшилер жәмәәтин бир жерге жыйнап, Қудайдың өзлери арқалы нелер ислегенин, басқа миллетлерге исеним қапысын қалай ашқанын билдирди. 28Олар сол жердеги шәкиртлер менен бирге узақ ўақыт қалды.

လက္ရွိေရြးခ်ယ္ထားမွု

Елшилер 14: КркМК22

အေရာင္မွတ္ခ်က္

မၽွေဝရန္

ကူးယူ

None

မိမိစက္ကိရိယာအားလုံးတြင္ မိမိအေရာင္ခ်ယ္ေသာအရာမ်ားကို သိမ္းဆည္းထားလိုပါသလား။ စာရင္းသြင္းပါ (သို႔) အေကာင့္ဝင္လိုက္ပါ