Елшилер 16
16
Тимофейдиң Павел менен Силаға қосылыўы
1Павел Дербеге, соңынан Листраға келди. Сол жерде анасы исениўши яҳудий, ал әкеси грек болған Тимофей атлы шәкирт бар еди. 2Листра ҳәм Икониядағы туўысқанлар ол ҳаққында жақсы пикирде еди. 3Тимофейди өзи менен бирге алып жүриўди қәлеген Павел сол жердеги яҳудийлер себепли, оны сүннет еттирди. Өйткени ҳәмме Тимофейдиң әкесиниң грек екенин билетуғын еди. 4Олар қаладан-қалаға өтип, Ерусалимдеги елшилер менен ақсақаллар белгилеген қағыйдаларды исениўшилерге орынлаў ушын тапсырды. 5Солай етип, исениўши жәмәәтлердиң исеними беккемленип, саны күннен-күнге арта берди.
Павелдиң Македонияға шақырылыўы
6Қудайдың сөзин Азия үлкесинде#16:6 Азия үлкеси – ҳәзирги Туркия елиниң қубла-батыс бөлегинде болған бир үлке. жайыўға Мухаддес Руўх тыйым салғанлықтан, Павел менен оның жолдаслары Фрикия ҳәм Галатия үлкелерин аралап жүрди. 7Олар Мисияның шегарасына келгенде, Битинияға кирмекши болды, бирақ Ийсаның Руўхы оларға рухсат бермеди. 8Сонлықтан олар Мисиядан өтип, Троас қаласына келди. 9Сол күни түнде Павел аян көрди. Македониялы бир адам оның алдында турып: «Македонияға келип, бизлерге жәрдем бер», – деп өтинди. 10Павел бул аянды көргеннен соң, бизлер дәрриў Македонияға барыўдың ҳәрекетин иследик. Себеби Қудай бизлерди оларға Хош Хабарды жәриялаўға шақырып атыр, деген жуўмаққа келдик.
Павел Филип қаласында
11Бизлер Троастан кеме менен шығып, туўры Самотракияға, ертеңине Неаполиске жүзип бардық. 12Ол жерден Македония үлкесиниң ең баслы қаласы, Римниң қол астында болған Филипке жетип келдик. Бул қалада бир неше күн қалдық.
13Бизлер Шаббат күни қала дәрўазасынан сыртқа, дәрьяның жағасына шықтық. Ол жерде яҳудийлер дуўа ететуғын орын бар деп ойлаған едик. Бизлер отырып, сол жерге жыйналған ҳаялларға сөйлей басладық. 14Тыңлаўшылар арасында Тиатира қаласынан келген, шым қызыл қымбат гезлемелерди сатыўшы Лидия атлы бир ҳаял бар еди. Ол Қудайға сыйынатуғын еди. Павелдиң сөзлерине қулақ салыўы ушын, Ийемиз оның кеўлин ашты. 15Лидия үй-иши менен бирге суўға шомылдырылғаннан соң, бизлерди үйине мирәт етип: «Мени Ийемизге исенеди, деп есаплайтуғын болсаңлар, келиңлер, үйимде болыңлар», – деп бизлерди көндирди.
Павел менен Сила қамақта
16Бир күни бизлер дуўа ететуғын жерге баратырғанымызда, палкерлик пенен шуғылланатуғын жаўыз руўхлы бир шорыға дусластық. Бул қыз палкерлик пенен хожайынларына көп пайда келтиретуғын еди. 17Ол Павел менен бизлердиң изимизге түсип:
– Бул адамлар – Қудай Тааланың хызметшилери, олар сизлерге қутқарылыў жолын жәриялап атыр! – деп бақырып жүрди.
18Бул көп күн тәкирарланды. Ақырында Павел бийзар болып кетип, арқасына бурылды да, қыздың ишиндеги жаўыз руўхқа:
– Ийса Масийхтың аты менен буйыраман: оннан шығып кет! – деди.
Жаўыз руўх қыздың ишинен дәрҳал шығып кетти.
19Шорының хожайынлары пайда көриўден үмитлериниң үзилгенин билип, Павел менен Силаны услап алды да, базар майданындағы басшыларға сүйреп апарды. 20Оларды Рим басшыларының алдына алып келип:
– Мына яҳудийлер қаламызды астан-кестен етпекте. 21Биз римлилерге қабыл етиўге де, орынлаўға да болмайтуғын үрп-әдетлерди жәриялап жүр, – дести.
22Халық та оларға қосылып, елшилерге қарсы шықты. Басшылар Павел менен Силаның кийимлерин жыртып шештирди де, таяқ пенен сабаўға буйрық берди. 23Оларды көп сабатқаннан соң, қамаққа салдырды ҳәм қамақхана хызметкерине оларды жақсылап қараўыллаўды буйырды. 24Усындай буйрық алған қамақхана хызметкери оларды қамақхананың ишки бөлмесине қамап, аяқларын буғаў менен қысып таслады.
25Түнниң орталарында Павел менен Сила дуўа етип, Қудайды алғыслайтуғын қосық айтып отырған еди. Басқа тутқынлар да оларды тыңлады. 26Бирден жер қатты қозғалып, қамақхананың тырнағы силкинди ҳәм сол ўақытта-ақ барлық қапылар ашылып, ҳәммениң шынжырлары шешилип кетти. 27Уйқыдан оянған қамақхана хызметкери қамақхананың қапыларының ашық екенин көрди. Тутқынлар қашып кетти, деп ойлаған ол өзин өлтирмекши болып, қылышын суўырып алды. 28Бирақ Павел бәлент даўыс пенен бақырып:
– Өз жаныңа қастыянлық етпе, ҳәммемиз усы жердемиз, – деди.
29Қамақхана хызметкери шыра әкелдирип, ишке жуўырып кирди де, қалтырап, Павел менен Силаның алдына жығылды. 30Оларды сыртқа шығарып:
– Мырзалар, қутқарылыўым ушын не ислеўим керек? – деп сорады.
31Олар:
– Ийемиз Ийсаға исен, сонда сен де, үй-ишиң де қутқарыласыз, – деди.
32Соңынан олар оның өзине ҳәм үйиндегилердиң ҳәммесине Ийемиздиң сөзин айтты. 33Қамақхана хызметкери түнниң сол сәтинде оларды алып кетип, жарақатларын жуўды да, дәрриў өзи ҳәм пүткил үй-иши суўға шомылдырылды. 34Ол Павел менен Силаны үйине әкелип, алдыларына дастурхан жайды. Қудайға исенгенине пүткил үй-иши менен қуўанды.
35Таң атқанда, басшылар: «Сол адамларды босатыңлар», – деген буйрық пенен сақшыларды жоллады. 36Қамақхана хызметкери бул сөзлерди Павелге хабарлап:
– Басшылар сизлерди босатыў ушын адам жоллапты. Енди шығып, аман-есен кете бериңлер, – деди.
37Бирақ Павел сақшыларға былай деди:
– Рим пуқаралары болған бизлерди халық алдында ҳүкимсиз сабап, қамаққа салды. Енди бизлерди жасырын қуўып жибермекши ме? Бул болмайды! Бизлерди өзлери келип шығарсын!
38Сақшылар бул сөзлерди басшыларға жеткерди. Басшылар Павел менен Силаның Рим пуқаралары екенин еситкенде қорқып кетти. 39Келип, кеширим сорады. Соңынан оларды сыртқа шығарып, қаладан кетиўлерин өтинди. 40Павел менен Сила қамақтан шығып, Лидияның үйине барды. Сол жерде туўысқанларды көрип, оларды жигерлендиргеннен соң, жолға шықты.
လက္ရွိေရြးခ်ယ္ထားမွု
Елшилер 16: КркМК22
အေရာင္မွတ္ခ်က္
မၽွေဝရန္
ကူးယူ

မိမိစက္ကိရိယာအားလုံးတြင္ မိမိအေရာင္ခ်ယ္ေသာအရာမ်ားကို သိမ္းဆည္းထားလိုပါသလား။ စာရင္းသြင္းပါ (သို႔) အေကာင့္ဝင္လိုက္ပါ
© Институт перевода Библии, 2022