Елшилер 10
10
Римли жүзбасы Корнелий
1Кесарияда «Италиялы» деген әскерий бөлимниң жүзбасысы болған Корнелий атлы бир адам бар еди. 2Ол пүткил шаңарағы менен Қудайдан қорқатуғын, диншил адам еди. Халыққа көп жәрдем берип, Қудайға бәрқулла дуўа ететуғын еди. 3Бир күни түстен кейин саат үшлер шамасында Қудайдың бир периштесиниң оған келип: «Корнелий!» деп айтқанын ол бир аянда анық көрди.
4Корнелийди қорқыныш бийлеп, ол көзлерин периштеге тикти де:
– Неўе, Ийем? – деди.
Периште оған жуўап берип:
– Еткен дуўаларың менен берген қайыр-садақаларың Қудайға жетип барды. Қудай оларды есте сақлады. 5Енди Иоппаға адамларды жиберип, Петр деп аталатуғын Шимон деген бир адамды шақырт. 6Ол үйи теңиз жағасында жайласқан Шимон атлы бир тери ийлеўшиниң үйинде қонақта#Елш 10:6 Базы қолжазбаларда мына сөзлер де бар: «Ол саған сени ҳәм пүткил хожалығыңды қутқаратуғын сөзлерди айтады»., – деди.
7Өзи менен сөйлескен периште кеткенде, Корнелий хызметшилеринен екеўин ҳәм өз жәрдемшилериниң ишинен диншил бир әскерди шақырды. 8Оларға ҳәммесин түсиндирип, Иоппаға жиберди.
Петр көрген аян
9Ертеңине саат он екилер шамасында олар жол жүрип қалаға жақынласқанда, Петр дуўа етиў ушын тамның төбесине шықты. 10Ол аш болып, аўқат жегиси келди. Аўқат таярланып атырғанда, айрықша жағдайға түсти. 11Сонда ол аспанның ашылғанын ҳәм дастурхан сыяқлы бир нәрсениң төрт мүйеши асылған ҳалында жерге түсип киятырғанын көрди. 12Оның ишинде ҳәр түрли төрт аяқлы жаныўарлар, жер баўырлаўшылар ҳәм аспан қуслары бар еди. 13Бир даўыс оған:
– Петр, тур. Сойып же, – деди.
14– Яқ, Ийем. Мен ҳеш қашан ҳарам ямаса мәкириў зат жеген емеспен,#10:14 Леб 11:1-47. – деди Петр.
15Даўыс және екинши рет еситилип, Петрге:
– Қудайдың ҳадаллағанын сен ҳарам деме! – деди.
16Бул үш мәрте тәкирарланып, дастурхан дәрҳал аспанға көтерилип кетти.
17Көрген аянының нени аңлататуғынын ойлап, Петр ҳайран болып турғанда, Корнелий жиберген адамлар Шимонның үйин сорап, қапының алдында тоқтап қалды. 18Олар даўыслап:
– Петр деп аталатуғын Шимон усы жерде турып атыр ма? – деп сорады.
19Петр еле аян ҳаққында ойланып турғанда, Мухаддес Руўх оған:
– Әне, үш адам сени излеп жүр. 20Қәне, орныңнан турып, төменге түс. Ҳеш екиленбестен, олар менен бирге кет. Себеби оларды Мен жибердим, – деди.
21Петр төменге түсип, адамларға:
– Сизлер излеп жүрген адам мен боламан. Қандай жумыс пенен келдиңлер? – деди.
22Олар Петрге:
– Корнелий деген ҳақ ҳәм Қудайдан қорқатуғын, пүткил яҳудийлер ҳүрмет ететуғын бир жүзбасы бар. Оған бир мухаддес периште сени үйине шақыртып, сөзлериңди тыңлаўды буйырыпты, – деди.
23Сонда Петр оларды ишке мирәт етип, мийман қылды.
Петр Корнелийдиң үйинде
Ертеңине Петр турып, олар менен бирге жолға шықты. Иоппадағы туўысқанлардың айырымлары да оның менен бирге кетти. 24Олар келеси күни Кесарияға келди. Корнелий ағайин-туўғанларын ҳәм жақын досларын жыйнап, оларды күтип отырған еди. 25Петр үйге киргенде, Корнелий оны қарсы алды да, аяқларына жығылып, оған табынды. 26Бирақ Петр оны турғызып:
– Тур, мен де адамман-ғо, – деди.
27Петр Корнелий менен сөйлесип ишке киргенде, көп адамлардың жыйналып отырғанын көрип, 28оларға былай деди:
– Яҳудийдиң басқа миллет адамы менен қарым-қатнаста болып, оған барыўы қадаған екенин билесизлер. Бирақ Қудай маған ҳеш адамды ҳарам ҳәм иплас демеў кереклигин көрсеткен еди. 29Сонлықтан шақырылғанымда бас тартпай усы жерге келдим. Енди мени не себептен шақырғаныңызды сораўыма бола ма?
30Корнелий былай деди:
– Төрт күн алдын усындай ўақытта, түстен кейин саат үште үйде дуўа етип отыр едим#Елш 10:30 усындай ўақытта, түстен кейин саат үште үйде дуўа етип отыр едим – Базы қолжазбаларда: «усындай ўақытқа дейин мен ораза услап, саат үшлерде дуўа етип атырған едим».. Тосаттан жарқыраған кийимли бир адам алдымда пайда болып, 31маған: «Корнелий! Қудай сениң дуўаңды еситип, берген қайыр-садақаларыңды есте сақлады. 32Иоппаға адам жиберип, Петр деп аталатуғын Шимонды шақырт. Ол теңиз жағасында жасайтуғын тери ийлеўши Шимонның үйинде турып атыр#Елш 10:32 Базы қолжазбаларда мына сөзлер де бар: «Ол келип, саған сөз айтады».», – деди. 33Сонлықтан мен сизге дәрриў адам жолладым. Сиз де келип, жақсы қылдыңыз. Енди бизлер ҳәммемиз Ийемиздиң сизге буйырған ҳәр бир нәрсесин тыңлаў ушын Қудай алдында отырмыз.
34-35Сонда Петр былай деп сөзин баслады:
– Қудайдың адамларды айырмайтуғынын, бирақ Өзинен қорққан ҳәм ҳақ ис ислеўши адамды миллетине қарамай қабыл ететуғынын ҳақыйқаттан түсинип турман. 36Қудай Израил халқына Ийса Масийх арқалы тынышлық Хош Хабарын жәриялағанын билесизлер. Ийса Масийх – ҳәр бир адамның Ийеси. 37Яқыя суўға шомылдырылыўды жәриялағаннан соң, Галиладан баслап пүткил Яҳудияда болған мына ўақыялардан да хабарыңыз бар: 38Қудай насыралы Ийсаға Мухаддес Руўх ҳәм қүдирет берип, хызметке тайынлады. Ийса ҳәмме жерди айланып жақсылық иследи, шайтанның қол астында болғанлардың ҳәммесине шыпа берди. Өйткени Қудай Оның менен бирге еди. 39Ийсаның яҳудийлердиң үлкесинде ҳәм Ерусалимде ислеген ислериниң ҳәммесине бизлер гүўамыз. Адамлар Оны атанақ ағашқа шегелеп өлтирген еди. 40Бирақ Қудай Ийсаны үшинши күни өлимнен тирилтти ҳәм Оның адамларға көриниўине жол қойды. 41Ол адамлардың ҳәммесине емес, ал Қудайдың алдын ала таңлаған гүўаларына, яғный бизлерге, өлимнен қайта тирилгеннен кейин Өзи менен бирге ишип-жегенлерге көринди. 42Ол Өзиниң Қудай тәрепинен тирилерди ҳәм өлилерди ҳүким етиўши болып тайынланғанын халыққа жәриялаўымызды ҳәм бул ҳаққында гүўалық бериўимизди буйырды. 43Пайғамбарлардың ҳәммеси Ийса ҳаққында гүўалық берип, Оған исенген ҳәр бир адамның гүналары Оның аты менен кеширилетуғынын айтқан еди.
44Петр еле усы сөзлерди сөйлеп турғанда, Қудайдың сөзлерин еситкен ҳәр бир адамның үстине Мухаддес Руўх түсти. 45Петр менен бирге келген сүннетли исениўшилер Мухаддес Руўхтың сыйы басқа миллет адамларының үстилерине де жаўғанына таң қалысты. 46Себеби олардың руўхый тиллерде сөйлеп, Қудайды алғыслап турғанын еситти.
Сонда Петр:
47– Булар да анық бизлер сыяқлы Мухаддес Руўхты алды. Олардың суўға шомылдырылыўын ким қадаған ете алады? – деди.
48Солай етип, Петр олардың Ийса Масийхтың аты менен суўға шомылдырылыўын буйырды. Соңынан олар Петрден бир неше күн қалыўын өтиниш етти.
လက္ရွိေရြးခ်ယ္ထားမွု
Елшилер 10: КркМК22
အေရာင္မွတ္ခ်က္
မၽွေဝရန္
ကူးယူ

မိမိစက္ကိရိယာအားလုံးတြင္ မိမိအေရာင္ခ်ယ္ေသာအရာမ်ားကို သိမ္းဆည္းထားလိုပါသလား။ စာရင္းသြင္းပါ (သို႔) အေကာင့္ဝင္လိုက္ပါ
© Институт перевода Библии, 2022