Елшилер 9
9
Шаулдың тәўбе етиўи
(Елш 22:6-16; 26:12-18)
1Ал Шаул Ийемиздиң шәкиртлерине еле өлим қәўпин туўдырып жүрди. Ол бас руўханийге барды да, 2Дамасктеги мәжилисханаларға#9:2 Мәжилисхана – грекше «синагога». Яҳудийлердиң Қудайға хызмет ететуғын ҳәм Қудайдың сөзин үйренетуғын орны. хатлар жазып бериўин сорады. Сол жерде Ийсаның жолы менен жүрген еркек болсын, ҳаял болсын, тапса оларды услап, Ерусалимге алып келиў нийетинде еди. 3Ол жол жүрип Дамаскке жақынлағанда, тосаттан аспаннан түскен бир нур оның әтирапын жарқыратып жиберди. 4Шаул жерге жығылды ҳәм:
– Шаул, Шаул, сен неге Мени қуўдалап атырсаң? – деген даўысты еситти.
5Шаул:
– Сен кимсең, Ийем? – деп сорады.
– Мен – сен қуўдалап атырған Ийсаман#Елш 9:5 Әййемги базы аўдармаларда 5-аяттың ақырында ҳәм 6-аяттың басында мына сөзлер де бар: «Сениң қәўипке қарсы турыўың қыйын болады. 6 Шаул қалтырап ҳәм қорқыныш ишинде: „Ийе, мениң не ислеўимди қәлейсең?“ – деди. Ийса оған:».. 6Ал енди орныңнан турып, қалаға бар. Нени ислеў тийис екенлиги саған айтылады, – деген даўыс еситилди.
7Шаул менен киятырғанлардың тиллери тутылып, тоқтап қалды. Себеби олар даўысты еситсе де, ҳеш кимди көрмеген еди. 8Шаул жерден турды. Бирақ көзлерин ашқанда, ҳеш нәрсе көре алмады. Сонлықтан олар оның қолынан услап, Дамаскке жетеклеп апарды. 9Оның көзлери үш күн бойы көрмей қалып, ҳеш нәрсе ишип-жемеди.
10Дамаскте Ханания атлы Ийсаның шәкирти бар еди. Ийемиз оған көринип:
– Ханания, – деди.
– Ләббәй, Ийем! – деп жуўап берди ол.
11Ийемиз оған:
– Орныңнан тур да, «Туўры көше» деген көшеге барып, Яҳуданың үйиндеги Шаул атлы бир тарсуслы адамды сора. Ол ҳәзир дуўа етип атыр. 12Ол өзине көрсетилген аянда жанына Ханания атлы бир адамның келип, көзлериниң қайтадан көриўи ушын үстине қолларын қойып дуўа еткенин көрген еди, – деди.
13Ханания жуўап берип:
– Ийем! Бул адамның Сениң Ерусалимдеги мухаддеслериңе#9:13 Мухаддеслер – Ийсаға исениўшилер. қанша жаманлық ислегенин мен көп адамлардан еситкен едим. 14Бул жерге де ол Сениң атыңа сыйынатуғынлардың ҳәммесин тутқынға алыў ушын, бас руўханийлерден бийлик алып келген, – деди.
15Ийемиз оған:
– Бар! Өйткени Мен бул адамды атымды басқа миллетлерге, патшаларға ҳәм Израил улларына жеткизиў ушын таңладым. 16Мениң атым ушын қаншама азап шегетуғынын Өзим оған көрсетемен, – деди.
17Солай етип, Ханания барды да, сол үйге кирди ҳәм қолларын Шаулдың үстине қойып:
– Туўысқаным, Шаул! Саған киятырған жолыңда көринген Ийемиз Ийса көзлериңниң ашылып, Мухаддес Руўхқа толыўың ушын мени жиберди, – деди.
18Сол ўақытта-ақ көзлеринен перде түскендей болып, Шаул және көре баслады. Ол орнынан турып, суўға шомылдырылды ҳәм 19аўқат жеп, күшке енди.
Шаул Дамаскте ҳәм Ерусалимде
Шаул бир неше күн Дамасктеги шәкиртлердиң жанында қалды. 20Ол дәрҳал Ийсаның Қудайдың Улы екенлигин мәжилисханаларда жәриялай баслады. 21Оны еситкенлердиң ҳәммеси таң қалысып: «Мынаў Ерусалимде усы Ийсаның атына сыйынатуғынларды қырған адам емес пе? Ол бул жерге де сондай адамларды тутқын етип, бас руўханийлерге апарыў ушын келген жоқ па еди?» – дести.
22Бирақ Шаул күннен-күнге руўхый күшке толысып барды. Ийсаның Масийх екенлиги ҳаққында дәлиллер келтирип, Дамаскте жасайтуғын яҳудийлерди таң қалдыратуғын еди.
23Арадан көп күнлер өткенде, яҳудийлер Шаулды өлтириўге тил бириктирди. 24Бирақ, олардың бул нийети Шаулға белгили болып қалды. Яҳудийлер оны өлтириў ушын күни-түни қаланың дәрўазасын аңлыды. 25Деген менен, Шаулдың шәкиртлери бир күни түнде оны себетке салды да, қаланың дийўалынан түсирип жиберди.
26Шаул Ерусалимге келип, сол жердеги шәкиртлерге қосылыўға тырысты. Бирақ оның Ийсаның шәкирти болғанына исенбей, олардың ҳәммеси оннан қорқатуғын еди. 27Сонда Барнаба оны елшилерге ертип келди. Ол Шаулдың жолда Ийемизди қалай көргенин, Ийемиздиң оның менен сөйлескенин ҳәм оның Дамаскте қалай Ийсаның аты менен батыл түрде ўаз айтқанын оларға айтып берди. 28Солай етип, Шаул Ерусалимде олар менен бирге араласып, Ийемиздиң аты менен қорқпастан ўаз айтып жүрди. 29Ол грекше сөйлейтуғын яҳудийлер менен сөйлесип, тартысатуғын еди. Ал олар Шаулды өлтириўге ҳәрекет етти. 30Туўысқанлар буны билгенде оны Кесарияға апарып, сол жерден Тарсусқа жиберди.
31Солай етип, пүткил Яҳудия, Галила ҳәм Самария бойлап исениўшилер тынышлыққа еристи. Ийемизден қорқып жасаған жәмәәт беккемленип, Мухаддес Руўхтың қоллап қуўатлаўы менен саны өсе берди.
Энейдиң шыпаланыўы
32Сонда Петр ел аралап жүрип, Лиддада жасайтуғын мухаддеслерди көриўге келди. 33Ол сол жерде ләң болып сегиз жылдан бери төсек тартып жатырған Эней атлы бир адамды көрди. 34Петр оған:
– Эней, Ийса Масийх саған шыпа береди. Орныңнан турып, төсегиңди жыйна, – деди.
Эней сол ўақытта-ақ орнынан турды. 35Лидда ҳәм Шаронда жасайтуғынлардың дерлик ҳәммеси буны көрип, Ийемиздиң жолына түсти.
Петрдиң Табитаны тирилтиўи
36Иоппада Ийсаның шәкирти болған Табита атлы бир ҳаял бар еди. Табита – грекше «Доркас», яғный «жейран» дегенди аңлатады. Ол ҳәмме ўақыт жақсылық ислеп, жарлыларға қайыр-садақа беретуғын еди. 37Сол күнлери Табита аўырып, қайтыс болды. Адамлар оның денесин жуўып, жоқарыдағы бөлмеге қойды. 38Лидда Иоппаға жақын болғанлықтан, Петрдиң сол жерде екенин еситкен шәкиртлер оған еки адамды жиберип: «Тезирек бизлерге кел», – деп өтиниш етти.
39Петр орнынан турып, олар менен бирге кетти. Үйге келгенде, оны жоқарыдағы бөлмеге алып барды. Барлық жесир ҳаяллар Петрдиң әтирапына жыйналды. Олар жылап турып, Доркастың өзлери менен бирге жасаған ўақтында тиккен ишки кийимлери менен көйлеклерин оған көрсетти.
40Петр ҳәммени сыртқа шығарып жиберди де, дизе бүгип, дуўа етти. Соңынан өлиге бурылып:
– Табита, орныңнан тур! – деди.
Ҳаял көзлерин ашты да, Петрди көрип, тикейип отырды. 41Петр қолын берип, оны орнынан турғызды. Соңынан мухаддеслер менен жесир ҳаялларды шақырды да, тирилген Табитаны оларға көрсетти. 42Бул ўақыя туўралы хабар пүткил Иоппаға мәлим болып, көп адамлар Ийемизге исенди. 43Петр көп күн Иоппада, Шимон атлы тери ийлеўшиниң үйинде қалды.
လက္ရွိေရြးခ်ယ္ထားမွု
Елшилер 9: КркМК22
အေရာင္မွတ္ခ်က္
မၽွေဝရန္
ကူးယူ

မိမိစက္ကိရိယာအားလုံးတြင္ မိမိအေရာင္ခ်ယ္ေသာအရာမ်ားကို သိမ္းဆည္းထားလိုပါသလား။ စာရင္းသြင္းပါ (သို႔) အေကာင့္ဝင္လိုက္ပါ
© Институт перевода Библии, 2022