YouVersion လိုဂို
ရွာရန္ အိုင္ကြန္

Елшилер 11

11
Петрдиң болған ўақыяны түсиндириўи
1Елшилер менен Яҳудиядағы туўысқанлар басқа миллетлердиң де Қудайдың сөзин қабыл еткенин еситти. 2Сонлықтан Петр Ерусалимге келгенде, сүннетли исениўшилер оны айыплап:
3– Сен сүннетсиз адамлардың үйине барып, олар менен бирге аўқатланыпсаң! – деди.
4Сонда Петр сөз баслап, болған ўақыяны избе-излик пенен айтып берди:
5– Мен Иоппа қаласында дуўа етип отырған едим. Айрықша жағдайға түсип, бир аян көрдим: дастурханға уқсаған бир нәрсе төрт мүйеши асылған ҳалында аспаннан түсип, мениң жаныма дейин келди. 6Көзлеримди тигип, дастурханға дыққат пенен қарадым. Дастурханның ишинде жер жүзинде жасаўшы төрт аяқлы жаныўарларды, жабайы ҳайўанларды, жер баўырлаўшыларды ҳәм аспан қусларын көрдим. 7Сонда маған бир даўыстың: «Петр, тур. Сойып же», – дегенин еситтим. 8«Яқ, Ийем! Аўзыма ҳеш қашан ҳарам ямаса мәкириў нәрсе алғаным жоқ», – дедим. 9Даўыс аспаннан екинши мәрте еситилип: «Қудайдың ҳадаллағанын сен ҳарам деме!» – деди.
10Бул үш мәрте тәкирарланды. Соңынан ҳәммеси және аспанға алынды. 11Тап сол ўақытта Кесариядан маған жиберилген үш адам мен болып атырған үйдиң алдында турған еди. 12Мухаддес Руўх маған ҳеш екиленбей олар менен кетиўди айтты. Мына алты туўысқанымыз да мениң менен бирге шығып, сол адамның үйине бардық. 13Ол бизлерге қалайынша бир периштени көргенин айтып берди. Периште оның үйинде пайда болып, өзине: «Иоппаға адам жоллап, Петр деп аталатуғын Шимонды шақырт. 14Ол саған сени ҳәм пүткил хожалығыңды қутқаратуғын сөзлерди айтады», – депти. 15Мен сөйлей баслағаннан-ақ, ең баста бизлердиң үстимизге түскендей, олардың үстилерине де Мухаддес Руўх түсти. 16Сонда Ийемиздиң мына сөзлери ядыма түсти: «Яқыя суў менен шомылдырды, ал сизлер Мухаддес Руўх пенен шомылдырыласызлар». 17Солай етип, Қудай Ийемиз Ийса Масийхқа исенетуғын бизлерге берген сыйын оларға да берсе, Қудайға қарсы шығатуғындай мен ким болыппан?
18Бул сөзлерди еситип, олар тынышланды. Қудайды алғыслап былай деди:
– Демек, Қудай басқа миллетлерге де тәўбе етип, мәңгилик өмирге ийе болыў мүмкиншилигин берипти.
Антиохиядағы исениўшилердиң жәмәәти
19Степан өлтирилген күннен басланған қуўдалаў себепли тарқалған исениўшилер Феникия, Кипр ҳәм Антиохияға шекем барды. Олар Қудайдың сөзин тек яҳудийлерге жәриялайтуғын еди. 20Бирақ, олардың арасынан кипрли ҳәм киренели айырым адамлар Антиохияға барып, греклерге де Ийемиз Ийса туўралы Хош Хабарды жәриялап жүрди. 21Ийемиздиң қолы олар менен бирге болғанлықтан, көп адамлар исенип, Ийемиздиң жолына түсти. 22Бул ҳаққында хабар Ерусалимдеги исениўшилердиң жәмәәтине жетип барғанда, олар Барнабаны Антиохияға жиберди. 23Барнаба сол жерге келгенде, Қудайдың мийримин көрип қуўанды. Олардың ҳәммесине Ийемизге шын кеўилден садық болыңлар, деп ақыл-нәсият берди. 24Өйткени ол Мухаддес Руўхқа толған, исеними күшли, жақсы адам еди. Солай етип, көп адамлар Ийемизге алып келинди. 25Сонда Барнаба Шаулды излеў ушын Тарсусқа кетти. 26Оны таўып, Антиохияға әкелди. Солай етип, Барнаба менен Шаул толық бир жыл сол жердеги исениўшилер жәмәәти менен бирге жыйналып, көп адамларға тәлим берди. Усы Антиохия қаласындағы шәкиртлер биринши мәрте масийхыйлар#11:26 Масийхыйлар – грекше христианлар. Яғный, Ийса Масийхты Қутқарыўшым ҳәм Ийем деп қабыл еткен исениўши адамлар. деп аталды. 27Сол күнлери Ерусалимнен Антиохияға бир неше пайғамбарлар келди. 28Олардан Агабус атлы биреўи орнынан турды ҳәм Мухаддес Руўхтан илҳамланып пүткил жер жүзинде ашлық болатуғынын айтты. Бул ашлық император Клавдийдиң#11:28 Император Клавдий – бизиң эрамыздың 41–54 жылларында Рим императоры болған адам. заманында болды. 29Сонда шәкиртлер Яҳудияда жасайтуғын туўысқанларға қолларынан келгенинше ақшалай жәрдем бериўге қарар етти. 30Олар жыйналған ақшаларды исениўшилер жәмәәтиниң ақсақалларына Барнаба ҳәм Шаул арқалы жиберип, усы қарарды орынлады.

လက္ရွိေရြးခ်ယ္ထားမွု

Елшилер 11: КркМК22

အေရာင္မွတ္ခ်က္

မၽွေဝရန္

ကူးယူ

None

မိမိစက္ကိရိယာအားလုံးတြင္ မိမိအေရာင္ခ်ယ္ေသာအရာမ်ားကို သိမ္းဆည္းထားလိုပါသလား။ စာရင္းသြင္းပါ (သို႔) အေကာင့္ဝင္လိုက္ပါ