YouVersion လိုဂို
ရွာရန္ အိုင္ကြန္

Елшилер 12

12
Яқыптың өлими, Петрдиң қамалыўы
1Сол ўақытта патша Ҳирод исениўшилер жәмәәтиниң гейбир адамларын қуўдалай баслады. 2Ол Юханның туўысқаны Яқыпты қылыш пенен өлтиртти. 3Буның яҳудий басшыларына жаққанын көрип, изинен Петрди де услатпақшы болды. Ашытқысыз нан байрамы#12:3 Ашытқысыз нан байрамы – сөзликке қараң. күнлери еди. 4Ҳирод Петрди услатып, қамаққа салдырды. Оны қараўыллаўды ҳәр бири төрт әскерден ибарат болған төрт әскерий топарға тапсырды. Себеби Қутқарылыў байрамы#12:4 Қутқарылыў байрамы – сөзликке қараң.нан соң, оны халықтың алдына шығарыў нийетинде еди.
5Солай етип, Петр қамаққа алынды. Бирақ исениўшилер жәмәәти ол ушын Қудайға бар жигери менен дуўа етти.
Петрдиң қамақтан азат болыўы
6Ҳиродтың Петрди халықтың алдына шығармақшы болған күнинен алдынғы күни түнде, ол еки әскердиң ортасында қос шынжыр менен байлаўлы ҳалында уйықлап атыр еди. Қапының аўзында турған қараўыллар да қамақты қараўыллап тур еди. 7Тосаттан Ийемиздиң бир периштеси пайда болып, қамақтың иши жарқырап кетти.
Периште Петрдиң бүйиринен түртип, оны оятты да:
– Тез орныңнан тур, – дегенде, Петрдиң қолларындағы шынжырлар шешилип, түсип кетти. 8Периште оған:
– Белиңди буўып, аяқ кийимиңди кий, – деди. Петр усылай иследи. Периште оған:
– Шапаныңды кийип, мениң изиме ер, – деди.
9Петр қамақханадан шығып, оның изине ерди. Бирақ, периштениң қылып атырған ислериниң оңында болып атырғанын билмей, аян көрип турман, деп ойлады. 10Олар биринши ҳәм екинши қараўыллардан өтип, қалаға шығатуғын темир дәрўазаға келди. Дәрўаза оларға өз-өзинен ашылды. Олар сыртқа шығып бир көше өткенде, периште бирден Петрдиң жанынан ғайып болды.
11Сонда өзине келген Петр: «Ийемиздиң Өз периштесин жиберип, мени Ҳиродтың қолынан ҳәм яҳудий халқының мениң басыма түсиўин, деп күткен барлық бәлелерден қутқарғанын енди ҳақыйқаттан түсинип турман», – деди.
12Петр буны түсингеннен соң, Марк деп аталатуғын Юханның анасы Мәриямның үйине кетти. Ол жерде көп адамлар жыйналып, дуўа етип отырған еди. 13Петр сыртқы қапыны қаққанда, Рода атлы бир хызметши қыз ким екенин билиў ушын қапыға келди. 14Ол Петрдиң даўысын танып, қатты қуўанғанынан қапыны ашпай, қайтадан ишке жуўырып: «Петр қапының алдында тур», – деп хабар берди.
15«Есиң дурыс па?» – дести оған. Ал қыз сөзинде турып алғанлықтан, олар: «Бул оның периштеси», – деди.
16Бирақ Петр қапыны қағыўды даўам етти. Олар қапыны ашып, оны көргенде ҳайран қалды. 17Петр оларға үндемеўлерин қолы менен ымлап көрсетти де, Ийемиздиң оны қамақтан қалай шығарғанын айтып берди. Соңынан: «Бул хабарларды Яқыпқа ҳәм басқа туўысқанларымызға жеткизиңлер», – деп, сол жерден шығып, басқа жаққа кетти.
18Таң атқанда, Петрге не болғанын түсинбей, әскерлер қатты албырасты. 19Ҳирод Петрди излетти. Таба алмағаннан соң, қараўылларды сораўға тутып, оларды өлтириўди буйырды.
Ҳирод патшаның өлими
Буннан соң, Ҳирод Яҳудиядан Кесарияға кетип, бир қанша ўақыт сол жерде қалды. 20Ол Тир ҳәм Сидон турғынларына қәҳәрли еди. Сонда олар өз ара келисип, Ҳиродқа келди. Патшаның исенимли хызметшиси Бластусты өз тәреплерине аўдарып, жарастырыўды сорады. Өйткени олардың үлкесиниң азық-аўқаты патшаның үлкесинен ғәрезли еди.
21Белгиленген күнде патшалық липасларын кийген Ҳирод тахтына отырды да, халыққа сөз сөйледи. 22Сонда халық: «Бул адамның даўысы емес, қудайдың даўысы», – деп бақырысты. 23Сол ўақытта-ақ Ийемиздиң бир периштеси Ҳиродты урып жиберди. Себеби ол Қудайға бериў керек болған даңқты өзи алған еди. Сонда оның денесин қуртлар кемирип, ол жан тапсырды.
24Ал Қудайдың сөзи жайылып, исениўшилердиң саны арта берди.
25Тапсырманы орынлаған Барнаба менен Шаул Марк деп аталатуғын Юханды өзлери менен бирге алып, Ерусалимнен қайтып келди.

လက္ရွိေရြးခ်ယ္ထားမွု

Елшилер 12: КркМК22

အေရာင္မွတ္ခ်က္

မၽွေဝရန္

ကူးယူ

None

မိမိစက္ကိရိယာအားလုံးတြင္ မိမိအေရာင္ခ်ယ္ေသာအရာမ်ားကို သိမ္းဆည္းထားလိုပါသလား။ စာရင္းသြင္းပါ (သို႔) အေကာင့္ဝင္လိုက္ပါ