1 Петр 2
2
Тири тас ҳәм Қудайдың халқы
1Сонлықтан ҳәр қандай жаманлықты, ҳәр қыйлы өтирикти ҳәм еки жүзлиликти, күншилликти ҳәм ҳәр қандай өсекти қойыңлар! 2Жаңа туўылған нәрестелердиң ана сүтине қуштар болғанындай, сизлер де руўхый таза сүт болған Қудайдың сөзине қуштар болыңлар. Сонда азық алып өсип, қутқарыласызлар. 3Себеби сизлер Ийемиздиң жақсылығын татып көрдиңлер.
4Адамлар керексиз деп таслаған, бирақ Қудай тәрепинен таңланған бийбаҳа тири тасқа – Ийемиз Ийсаға келиңлер. 5Сизлер де тири таслар сыяқлысызлар. Сонлықтан Қудай сизлерди руўхый Ибадатхана салыўда қолланып, Ийса Масийх арқалы Өзине унайтуғын руўхый қурбанлық бериўиңиз ушын, мухаддес руўханийлер қылып атыр. 6Өйткени Мухаддес Жазыўда былай делинген:
«Мине, Мен Өзим таңлаған бийбаҳа бир тасты, мүйешке қойылатуғын тийкарғы тасты Сионда орнатаман. Оған исенген адам ҳеш қашан уятқа қалмайды».#2:6 Ийш 28:16.
7Исенетуғын сизлер ушын бул тас қымбатлы. Ал исенбейтуғынлар ушын Ол:
«Қурылысшылардың керексиз деп таслаған тасы,
Үйдиң мүйешиниң тийкарғы тасы болды».#2:7 Заб 117:22.
8Және де,
«Сүрниктиретуғын тас, қулататуғын жартас болды».#2:8 Ийш 8:14.
Исенбейтуғынлар Қудайдың сөзин тыңламағаны ушын сүрнигеди. Бул олардың тәғдирине жазылған.
9Бирақ сизлер Қудай тәрепинен таңланған адамлар, Патшаның руўханийлери, мухаддес миллет ҳәм Қудайға тийисли халықсыз. Сизлер өзлериңизди қараңғылықтан Өзиниң әжайып нурына шақырған Қудайдың таң қаларлық ислерин жәриялаў ушын таңландыңлар. 10Бир ўақытлары Қудайдың халқы емес едиңлер. Бирақ енди Қудайдың халқысыз. Бир ўақытлары Қудайдың мийрим-шәпәәтин билмеген едиңлер, енди болса, Оның мийрим-шәпәәтин алдыңлар.
11Сүйикли туўысқанларым, бул дүньяда жат жерли ҳәм қонақ болған сизлерге жалбарынаман, жаныңызға ҳәр қашан қарсы туратуғын денениң жаман қәлеўлеринен қашыңлар. 12Исенбейтуғынлар арасында ҳадал өмир сүриңлер. Олар сизлерди жаманлық ислеўшилер, деп айыпласа да, жақсы ислериңизди көрип, Қудай келетуғын күни Оны алғыслайды.
Басшыларға бойсыныңлар!
13Ийемиз ушын, адамлар орнатқан ҳәр қандай ҳәкимшиликке бойсыныңлар. Жоқары бийликке ийе патшаға ҳәм 14жаманлық ислеўшилерди жазалаў, жақсылық ислеўшилерди хошаметлеў ушын патша тәрепинен жиберилген ҳәкимлерге бойсыныңлар. 15Себеби Қудай сизлердиң жақсы ислериңиз арқалы ақылсыз адамлардың өсек сөзлериниң тоқтаўын қәлейди. 16Ал сизлер азат адамларсыз. Бирақ азатлығыңызды жаманлық ислеў ушын пайдаланбай, Қудайдың қуллары болып жасаңлар. 17Ҳәмме адамларға ҳүрмет көрсетиңлер. Исениўши туўысқанларыңызды сүйиңлер. Қудайдан қорқыңлар, патшаны сыйлаңлар.
Қулларға нәсият
18Ҳәй қуллар, хожайынларыңызға бойсыныңлар! Олардың тек жақсы ҳәм мийримлилерин ғана емес, ал қаталларын да толық ҳүрмет етип, бойсыныңлар. 19Егер ким де ким наҳақ азап шеккенде Қудайды ойлап, азапларға шыдаса, бул Қудайға унайды. 20Егер гүна ислегениңиз ушын таяқ жегениңизде шыдасаңыз, бул сизлерге абырай әперер ме екен? Бирақ, жақсылық ислей тура азап шеккениңизде шыдасаңыз, бул Қудайға унайды. 21Өйткени Қудай сизлерди усы ушын шақырды. Масийхтың Өзи сизлер ушын азап шегип, Оның изинен жүриўиңиз ушын өрнек көрсетти.
22«Ол гүна ислемеди, аўзынан жалған сөз де шықпады».#2:22 Ийш 53:9. 23Хорланғанда, ҳеш кимге қарсы шығып, кеўлине тиймеди. Ол азап шеккенде де ҳеш кимди қорқытпады, ал Өзин әдиллик пенен ҳүким етиўши Қудайдың қолына тапсырды. 24Бизлердиң гүна ушын өлип, ҳақ болып жасаўымыз ушын, Ол гүналарымызды атанақ ағашта Өз денесине жүкледи. Оның жарақатлары арқалы шыпа таптыңыз. 25Бурын адасқан қойлар сыяқлы едиңиз, енди болса, жанларыңыздың Шопанына ҳәм Бағыўшысына қайтып келдиңлер.
Currently Selected:
1 Петр 2: КркМК22
Highlight
Share
Copy

Want to have your highlights saved across all your devices? Sign up or sign in
© Институт перевода Библии, 2022