1 Петр 3
3
Ерли-зайыплыларға ақыл-нәсиятлар
1-2Ҳәй ҳаяллар, Масийх Қудайға бойсынғандай, сизлер де күйеўлериңизге бойсыныңлар. Сонда олардың гейбиреўлери Қудайдың сөзине қулақ аспаса да, сизлердиң Қудайдан қорқып, пәк өмир сүрип атырғаныңызды көрип, сөзлериңиз арқалы емес, ал сиз, ҳаяллардың үлгили өмириңиз арқалы қолға киргизилип, исениўши болады. 3Сулыўлығыңыз тек сыртқы безениўлерден: әшекөйленген шашлар, тағылған алтынлар ҳәм сәнли кийимлерден ғана ибарат болмасын. 4Ал сулыўлығыңыз сырлы болған ишки дүньяңыздан, яғный жумсақ ҳәм тыныш болған жоғалмайтуғын руўхый гөззаллықтан ибарат болсын. Бул Қудай алдында жүдә қымбатлы. 5Өтмиште Қудайдан үмит еткен мухаддес ҳаяллар да өз күйеўлерине бойсынып, усылай безенген. 6Солардың бири Сара да өз күйеўи Ибрайымды «хожайыным» деп атап#3:6 Жар 18:12., оған бойсынды. Егер сизлер де жақсылық ислеп, ҳеш қандай қорқынышқа берилмесеңиз, Сараның қызлары боласызлар.
7Ҳәй күйеўлер, сол сыяқлы сизлер де ҳаялларыңызды жақсы түсинип жасаңлар. Олардың нәзик екенин ҳәм мәңгилик өмирди сизлер менен бирге мийрас етип алатуғынын билип, оларды ҳүрмет етиңлер. Солай етсеңиз, дуўа еткениңизде тосқынлық болмайды.
Ҳақыйқатлық ушын азап шегиў
8Жуўмақластырып айтқанда, ҳәммеңиз бир нийет пенен бирлесиңлер. Басқалардың қуўаныш ҳәм қайғысын бөлисиңлер. Бир-бириңизди туўысқанларша сүйиңлер. Қайырқом ҳәм кишипейил болыңлар. 9Жаманлыққа жаманлық, ғарғысқа ғарғыс пенен жуўап қайтармаңлар. Керисинше, жақсылық пенен жуўап қайтарыңлар. Себеби сизлер Қудайдың жарылқаўын мийрас етип алыў ушын шақырылғансызлар.
10«Ким де ким өмирден заўықланып,
Жақсы күнлер келиўин қәлесе,
Тилин жаман сөзден, аўзын өтирик сөз айтыўдан тыйсын.
11Жаманлықтан қашып, жақсылық ислесин.
Тынышлыққа умтылып, соған күш салсын.
12Өйткени Жаратқан Ийениң көзи ҳақ адамларда,
Қулағын түрер олардың жалбарыныўларына.
Бирақ Жаратқан Ийе жаманлық қылатуғынларға қарсы шығар».#3:10-12 Заб 33:13-17.
13Жақсылық ислеўге инталы болсаңыз, ким сизлерге жаманлық ислейди? 14Ҳақ ислериңиз ушын азап шегип атырған болсаңыз, сизлер бахытлысызлар! Адамлардың қорқытқанынан қорқпаңлар ҳәм қәўетерленбеңлер. 15Масийхты «Ийемиз» деп, жүрегиңизде айрықша қәстерлеңлер. Сизлердеги үмит ҳаққында сораған ҳәр бир адамға жуўап бериўге ҳәмме ўақыт таяр болыңлар. 16Деген менен, буны мүләйимлилик пенен, ҳүрмет көрсетип ислеңлер. Масийхқа тийисли болған сизлердиң жақсы жүрис-турысыңызды жаманлап мазақ ететуғынлар уялып қалыўы ушын, ҳүжданыңызды таза тутыңлар. 17Жақсылық етип азап шегиў Қудайдың қәлеўи болса, бул жаманлық ислеп азап шегиўден жақсырақ.
18Масийхтың Өзи де ҳақ бола тура, наҳақлар ушын азап шекти. Ол бизлерди Қудайға алып келиў ушын, гүналарымыз ушын бир мәртебе қурбан болды. Денеси өлтирилсе де, Ол руўхта тирилди. 19Ол, ҳәтте, қамақта болған руўхларға да барып, Өз жеңисин жәриялады. 20Әййемги ўақытлары Нухтың заманында кеме соғылғанда, Қудай адамлардың тәўбе етиўин сабырлылық пенен күтсе де, олар Оған бойсынбаған еди. Сол кемеге аз ғана адам, яғный сегиз адам минип, суўдан қутқарылды#3:20 Жар 6–8.. 21Бул – Ийса Масийхтың қайта тирилиўи арқалы ҳәзир сизлерди қутқаратуғын суўға шомылдырылыўдың тымсалы. Суўға шомылдырылыў денени кирден тазалаў емес, ал Қудайдан пәк ҳүждан сораў дегенди билдиреди. 22Масийх аспанға көтерилип, Қудайдың оң жағында отыр#3:22 Заб 109:1.. Оған периштелер, аспандағы бийлеўшилер ҳәм күш ийелери бойсынды.
Currently Selected:
1 Петр 3: КркМК22
Highlight
Share
Copy

Want to have your highlights saved across all your devices? Sign up or sign in
© Институт перевода Библии, 2022