YouVersion Logo
Search Icon

1 Петр 1

1
Сәлемнама
1Ийса Масийхтың елшиси Петрден, Понтус, Галатия, Каппадокия, Азия ҳәм Битиния үлкелерине тарқалып кеткен, сол үлкелерде жат жерли болып жасап атырған, Қудай тәрепинен таңлап алынғанларға сәлем! 2Ийса Масийхқа бойсынып, Оның қаны үстилериңизге себилип тазаланыўыңыз ушын, Қудай Әке сизлерди әзелден-ақ таңлап алды ҳәм Мухаддес Руўх сизлерди мухаддес қылды. Сизлерге мийрим ҳәм тынышлық мол-мол етип берилсин!
Жоғалмайтуғын үмит
3Ийемиз Ийса Масийхтың Әкеси – Қудайға алғыслар болсын! Себеби Ол Өзиниң шексиз мийрим-шәпәәти менен бизлерди жаңадан туўылдырды. Сонлықтан Ийса Масийхтың өлимнен тирилиўи арқалы бизлерге сөнбейтуғын үмит берди. 4Ол бизлерди ширимейтуғын, пәк ҳәм ескирмейтуғын бир мийрасқа еристирди. Усы мийрас сизлер ушын аспанда сақлаўлы тур. 5Заманның ақырында аян болыўға таяр турған қутқарылыўға ерисиўиңиз ушын, сизлер исенимиңиз арқалы Қудайдың қүдирети менен қорғалмақтасыз. 6Усы себепли қуўанып, шадланыңлар. Ҳәзир қысқа бир ўақыт ҳәр түрли сынаўларға ушырағаныңызда азап шегиўге туўра келсе де, 7бул исенимиңиздиң таза болыўы ушын пайдалы. Ҳәтте, жоқ болып кететуғын алтын да отта тапланып, сыналады. Ал сизлердиң исенимиңиз алтыннан қымбатлырақ. Сыналған исенимиңиз, Ийса Масийх келгенде сизлерди мақтаў, даңқ ҳәм ҳүрметке сазыўар қылады. 8Сизлер Масийхты көрмеген болсаңыз да, Оны сүйесизлер. Ҳәзир Оны көре алмасаңыз да, Оған исенип, сөз бенен айтып жеткизиўге қыйын болған бир әжайып ҳәм уллы қуўаныш пенен шадланбақтасызлар. 9Себеби исенимиңиздиң нәтийжесине, яғный жанларыңыздың қутқарылыўына ерисесизлер.
10Сизлерге берилетуғын мийрим ҳаққында пайғамбаршылық етип айтқан пайғамбарлар бул қутқарылыў туўралы муқыятлап изленип изертледи. 11Олардың ишинде болған Масийхтың Руўхы Масийхтың шегетуғын азаплары ҳәм сол азаплардан соң келетуғын уллылық ҳаққында алдын ала билдиргенде, олар булардың қай ўақытта ҳәм қалай болатуғынын изертледи. 12Олардың изертлеп айтқанларының өзлериниң заманында емес, ал сизлердиң заманыңызда болатуғынын Қудай оларға ашық билдирди. Буларды, яғный Хош Хабарды аспаннан жиберилген Мухаддес Руўхтың қүдирети менен жәриялаўшылар сизлерге ҳәзир жәриялады. Ҳәтте, периштелер де буларды билиўди қатты қәлейди.
Мухаддес болыңлар!
13Солай етип, ақыл-ойыңызды ис-ҳәрекетке таярлап, сергек болыңлар. Ийса Масийх келгенде сизлерге берилетуғын мийримнен толық үмит етиңлер. 14Тил алғыш балалар сыяқлы болып, Қудайды билмеген өткен өмириңиздеги жаман қәлеўлериңиз бойынша жасамаңлар. 15Керисинше, сизлерди шақырған Қудай мухаддес болғаны сыяқлы, сизлер де ҳәр бир ис-ҳәрекетиңизде мухаддес болыңлар. 16Өйткени былай деп жазылған: «Мухаддес болың, өйткени Мен мухаддеспен».#1:16 Леб 11:44-45; 19:2; 20:7.
17Ҳеш кимниң бет-жүзине қарамай, ҳәр бир адамды ислерине қарай ҳүким ететуғын Қудайды «Әке» деп шақыратуғын болсаңыз, жат жерли болып жасайтуғын бул дүньядағы өмириңизде Қудайдан қорқып жасаңлар. 18Хабарыңыз бар, ата-бабаларыңыздан қалған пайдасыз өмир тәризинен гүмис ямаса алтын сыяқлы өткинши нәрселер менен сатып алынбадыңлар. 19Ал Қудайдың минсиз ҳәм кемшиликсиз Қозысы болған Масийхтың бийбаҳа қаны менен сатып алынып қутқарылдыңлар. 20Қудай дүньяны жаратпастан бурын усы мақсет пенен Масийхты таңлап алып, Оны бул ақырғы күнлерде сизлер ушын жиберди. 21Оны өлимнен тирилтип, даңққа еристирген Қудайға Ол арқалы исенесиз. Сол себепли исенимиңиз ҳәм үмитиңиз Қудайға қаратылған.
22Ҳақыйқатқа бойсыныў арқалы өз жанларыңызды гүнадан тазалағанлықтан, туўысқанларыңызды туўысқанлық сүйиспеншилик пенен сүйесизлер. Солай етип, бир-бириңизди шын жүректен сүйиңлер. 23Сизлер өлетуғын нәсил арқалы емес, ал өлмейтуғын нәсил арқалы, яғный Қудайдың тири ҳәм мәңгилик сөзи арқалы жаңадан туўылдыңыз. 24Өйткени:
«Пүткил адамзат шөпке,
Оның пүткил сән-салтанаты да даладағы гүлге уқсайды,
Шөп қуўрап қалар, гүллер төгилер.
25Бирақ, Ийемиздиң сөзи мәңги сақланар».#1:24-25 Ийш 40:6-8.
Усы сөз – сизлерге жәрияланған Хош Хабар.

Currently Selected:

1 Петр 1: КркМК22

Highlight

Share

Copy

None

Want to have your highlights saved across all your devices? Sign up or sign in