Сүйикли туўысқанларым, бул дүньяда жат жерли ҳәм қонақ болған сизлерге жалбарынаман, жаныңызға ҳәр қашан қарсы туратуғын денениң жаман қәлеўлеринен қашыңлар. Исенбейтуғынлар арасында ҳадал өмир сүриңлер. Олар сизлерди жаманлық ислеўшилер, деп айыпласа да, жақсы ислериңизди көрип, Қудай келетуғын күни Оны алғыслайды.