YouVersion လိုဂို
ရွာရန္ အိုင္ကြန္

Елшилер 28

28
Мальтада
1Аман қалғанымыздан соң, атаўдың атының Мальта екенин билдик. 2Жергиликли адамлар бизлерге әдеттен тыс адамгершилик көрсетти. Жаўын жаўып, күн суўық болғанлықтан, олар от жағып, ҳәммемизди жақсы қабыл етти. 3Павел бир қушақ отын жыйнап, оттың үстине салды. Сонда оттың ыссысынан қашқан бир уўлы жылан оның қолына жабысты. 4Жергиликли адамлар Павелдиң қолына жыланның асылып турғанын көрип, бир-бирине:
– Бул адам, сөзсиз, адам өлтирген қанхор екен. Теңизден аман қалған болса да, әдиллик қудайы#28:4 Әдиллик қудайы – греклердиң мифологиясы бойынша, әдилликти сақлайтуғын ҳаял қудай. оның тири қалыўына жол қоймады, – дести.
5Бирақ Павел қолын силкип, жыланды оттың ишине ылақтырып жиберди ҳәм ҳеш қандай зыян көрмеди. 6Олар Павелдиң денесиниң исип кетиўин ямаса бирден өлип қалып, жерге жығылыўын күтип тур еди. Бирақ узақ ўақыт күтип, оған ҳеш қандай зыян келмегенин көргенде, пикирлерин өзгертип: «Ол бир қудай», – дести.
7Бизлер турған жердиң жақынында атаўдың басшысы болған Публий атлы адамның жер мүлки бар еди. Ол бизлерди үйине қабыл етип, үш күн мийман қылды. 8Сол ўақытта Публийдиң әкесиниң ыссылығы көтерилип, иши өтип аўырып жатырған еди. Павел оның жанына барып дуўа етти де, қолларын оның үстине қойып, шыпа берди. 9Усы ўақыядан соң, атаўдағы басқа аўырыў адамлар да келип, шыпа табатуғын еди. 10Олар бизлерге көп ҳүрмет көрсетти ҳәм жолға шығып баратырғанымызда керекли нәрселерди кемеге жүкледи.
Павелдиң Римге жетип барыўы
11Үш айдан соң, Искендериядан келип сол атаўда қыслап қалған, Егиз қудайлардың тулғасы қойылған бир кеме менен жолға шықтық. 12Сиракуз қаласына барып, үш күн қалдық. 13Ол жерден жолымызды даўам етип, Региумға келдик. Ертеңине қубладан есе баслаған самалдың жәрдеми менен еки күнде Путеолийге бардық. 14Ол жерден туўысқанларымызды таптық. Олардың өтиниши бойынша, бизлер олар менен бирге бир ҳәпте қалдық. Ақырында бизлер Римге келдик. 15Хабарымызды еситкен Римдеги туўысқанларымыз бизлерди күтип алыў ушын Аппий майданына ҳәм Үш мийманхана деген орынға дейин келди. Павел оларды көргенде Қудайға шүкирлик етип, жигерленип қалды. 16Римге келгенимизде, Павелге#Елш 28:16 Римге келгенимизде, Павелге – Базы қолжазбаларда «Римге келгенимизде, жүзбасы қамақтағыларды бас сақшыға тапсырды. Бирақ Павелге». өзин қараўыллайтуғын әскер менен бирге өз алдына жасаўға рухсат етилди.
Павелдиң Римде ўаз айтыўы
17Үш күннен соң, Павел Римдеги яҳудий жетекшилерин шақырды. Олар жыйналғанда, Павел былай деди:
– Туўысқанларым! Мен халқымызға ямаса ата-бабаларымыздың үрп-әдетлерине қарсы ҳеш нәрсе ислемесем де Ерусалимде тутқын болып, римлилердиң қолына тапсырылдым. 18Олар мени тергеп болғаннан соң, босатып жибермекши болды. Өйткени маған өлим жазасын беретуғындай ҳеш қандай тийкар жоқ еди. 19Бирақ, яҳудийлер буған қарсы шыққанлықтан, мен Рим императорының ҳүкимин талап етиўге мәжбүр болдым. Деген менен, буны мен өз халқымды айыпламақшы болып ислемедим. 20Сонлықтан сизлерди бул жерге усылар ҳаққында сөйлесип, ушырасыўға шақырдым. Себеби мен Израилдың үмити ушын мына шынжырлар менен байланғанман.
21Олар Павелге:
– Сен туўралы Яҳудиядан хат алмадық, ол жерден келген өзимиздиң адамлардың ҳеш бири сен туўралы жаман хабар да әкелмеди ямаса жаман нәрсе де айтпады. 22Бирақ бизлер сениң пикириңди өзиңнен еситиўди қәлеймиз. Өйткени ҳәмме жерде сен тийисли болған бул топарға қарсы шығып атырғанын билемиз, – деди.
23Олар Павел менен бир күнди белгилеп, сол күни көп адамлар менен бирге ол болып атырған жерге келди. Павел азаннан кешке дейин оларға Қудайдың Патшалығы туўралы гүўалық берип, түсиндирди. Муўсаның Нызамына ҳәм пайғамбарлардың Жазыўларына тийкарланып, оларды Ийса ҳаққында айтылғанларға исендириўге ҳәрекет етти. 24Айырымлары Павелдиң сөзлерине исенди, ал базылары исенбей қалды. 25Өз ара бир келисимге келе алмай, Павел мына соңғы сөзлерин айтып турғанда олар кете баслады:
– Мухаддес Руўх Ийшая пайғамбар арқалы ата-бабаларыңызға былай сөйлеп, дурыс айтқан:
26«Бул халыққа барып, мыналарды айт:
Тыңлап турасыз, бирақ түсинбейсиз,
Қарап турасыз, бирақ мән бермейсиз.
27Себеби бул халықтың жүреги сезимсиз болып,
Қулақлары питип қалған, көзлери гүңгиртлескен.
Олай болмағанда, олардың көзлери көрер еди,
Қулақлары еситер еди, жүреклери менен түсинер еди.
Олар Маған қайтып келсе, Мен оларға шыпа берер едим». #28:26-27 Ийш 6:9-10.
28Мынаны билип қойыңлар: Қудай Өзиниң бул қутқарылыўын басқа миллетлерге берди. Олар буны қабыл алады. [29#Елш 28:29 Базы қолжазбаларда 29-аят та бар: «Павелдиң бул сөзлеринен соң, яҳудийлер өз ара қатты тартысып, сол жерден кетип қалды».]
30Павел кирейге алған жайында толық еки жыл болып, өзин көриўге келгенлердиң ҳәммесин қабыл етти. 31Ол батыллық пенен, ҳеш бир тосқынлықсыз Қудайдың Патшалығы туўралы жәриялап, Ийемиз Ийса Масийх ҳаққында тәлим берди.

လက္ရွိေရြးခ်ယ္ထားမွု

Елшилер 28: КркМК22

အေရာင္မွတ္ခ်က္

မၽွေဝရန္

ကူးယူ

None

မိမိစက္ကိရိယာအားလုံးတြင္ မိမိအေရာင္ခ်ယ္ေသာအရာမ်ားကို သိမ္းဆည္းထားလိုပါသလား။ စာရင္းသြင္းပါ (သို႔) အေကာင့္ဝင္လိုက္ပါ