YouVersion လိုဂို
ရွာရန္ အိုင္ကြန္

Елшилер 27

27
Павелдиң Римге қарай жолға шығыўы
1Италияға кеме менен кетиўге қарар еткенимизде, Павел менен басқа айырым тутқынлар император Август атындағы әскерий бөлиминен болған Юлий атлы бир жүзбасыға тапсырылды. 2Азия үлкесиниң жағаларындағы жағысларға баратуғын Адрамиттиң кемесине минип, бизлер жолға шықтық. Жанымызда Салоникадан келген македониялы Аристарх та бар еди.
3Ертеңине Сидонға жетип келдик. Юлий Павелге адамгершилик ислеп, оның өз мүтәжликлерине жәрдем алыўы ушын, досларына барып келиўине рухсат етти. 4Ол жерден кеме менен және жолға шықтық. Самал қарсы алдымыздан есип турғанлықтан, Кипр атаўының ық жағы менен жүрдик. 5Киликия ҳәм Памфилия үлкелериниң қарсы алдындағы ашық теңизден өтип, Ликияның Мира қаласына келдик. 6Жүзбасы сол жерде Италияға баратуғын Искендериядан келген кемени таўып, бизлерди оған мингизди. 7Көп күн бойы әсте-ақырын жүзип, зорға дегенде Книдосқа жетип бардық. Самалға қарсы жүзиў қыйын болғанлықтан, Крит атаўының ық жағы менен Салмон қаласының қасынан өттик. 8Жаға бойлап зордан жүзип, Ласея қаласының қасындағы «Гөззал жағыс» деген жерге келдик.
9Бизлер көп ўақытты сарп етип алдық. Ҳәтте, яҳудийлердиң ораза күни#27:9 Ораза күни – яғный Гүнадан пәклениў күни. Бул күнлер теңизде күшли даўыллар көтерилетуғын гүз айларына туўра келетуғын еди. де өтип кеткенликтен, енди жүзиў қәўипли еди. Сонлықтан Павел оларға ескертип:
10– Адамлар! Бул жолымыз тек жүк ҳәм кеме ушын емес, ал жанларымыз ушын да жүдә қәўипли ҳәм зыянлы болатуғынын көрип турман, – деди.
11Бирақ жүзбасы Павелдиң сөзлеринен гөре, кеме айдаўшысы менен кемениң хожайынының сөзине қулақ асты. 12Жағыс қыслаўға қолайлы болмағанлықтан, кемедегилердиң көбиси жолға шығыўды ҳәм илажы болса Феникске жетип, қысты сол жерде өткизиўди шешти. Феникс – қубла-батыс ҳәм арқа-батыс тәреплерге қараған, Критте жайласқан бир жағыс еди.
Теңиздеги даўыл
13Қубладан жумсақ самал есе баслағанда, олар өз мақсетимизге жеттик деп ойлап, көшкини көтерди де, Криттиң жағасы менен жүзип кетти. 14Бирақ көп өтпей, атаў тәрептен «Арқа-шығыс» деп аталатуғын даўыл бастырып келди. 15Кеме даўыл тәрепинен искенжеге алынып, самалға қарсы тура алатуғын күшимиз болмағанлықтан, бизлер тәслим болып кете бердик. 16Кавда деп аталатуғын бир киши атаўдың ық жағына жеткенимизде, кемениң қайығын зорға дегенде сақлап үлгердик. 17Кемешилер қайықты жоқарыға тартып шығарып, кемени айландырып арқан менен беккем етип байлап қойды. Ливия жағасының қайыр жерлерине тийиўден қорқып, тезликти қайтаратуғын үскенени түсирди де, ығып кете берди. 18Даўыл бизлерди қатты қыйнағанлықтан, олар ертеңине кемеден жүк ылақтыра баслады. 19Үшинши күни кемениң қурал-сайманларын да өз қоллары менен теңизге ылақтырды. 20Көп күн бойы қуяш та, жулдызлар да көринбеди. Даўыл еле қәҳәрли болғанлықтан, ақырында аман қалыўдан үмитимизди пүткиллей үздик.
21Адамлар көп ўақыттан бери ҳеш нәрсе жемеген еди. Сонда Павел ортаға шығып былай деди:
– Адамлар! Маған қулақ асып, Криттен шықпағаныңызда, бундай қәўип-қәтер менен шығынға ушырамаған болар едик. 22Бирақ енди сизлерди мәрт болыўға шақыраман. Тек кеме ғана апатқа ушырап, араңызда ҳеш бир жан набыт болмайды. 23Себеби мен тийисли болып, хызмет етип жүрген Қудайдың бир периштеси өткен түни жаныма келип, 24былай деди: «Қорқпа Павел! Сен Рим императорының алдына барыўың тийис. Және Қудай сениң менен сапарлас болғанлардың ҳәммесин саған бағышлады». 25Сонлықтан, адамлар, мәрт болыңлар! Мен Қудайға исенемен: маған не айтылса, сол болады. 26Бизлер бир атаўға ығызылып апарылыўымыз тийис.
27Даўылдың басланғанына он төрт күн болғанда, бизлер Адрия теңизинде ығып жүр едик. Шама менен түнниң ярымында кемешилер қандай да бир қурғақлыққа жақынласқанын шамалады. 28Сонда олар теңиздиң тереңлигин өлшеп, жигирма қулаш екенин билди. Аз-маз ўақыттан соң және өлшеп көргенде, он бес қулаш екенин көрди. 29Суўдың астындағы жартасқа урылыўымыздан қорқып, олар кемениң арт бетинен төрт көшки ылақтырды да, таңның тезирек атыўын тилеп, дуўа етти. 30Кемешилер кемеден қашпақшы болып, алдынғы тәрептен көшки таслаўды сылтаўлады да, қайықты теңизге түсире баслады. 31Бирақ Павел жүзбасы менен әскерлерге:
– Булар кемеде қалмаса, сизлерге аман қалыў жоқ, – деди.
32Сонда әскерлер қайықтың арқанларын кесип, оны теңизге түсирип жиберди.
33Таң атайын деп турғанда, Павел ҳәммени аўқат жеўге үгитлеп:
– Ҳеш нәрсе жемей аўқатсыз қалып күткениңизге бүгин он төрт күн болды. 34Сонлықтан аўқат жеп алыўыңызды өтиниш етемен. Бул аман қалыўыңыз ушын зәрүр. Ҳеш қайсысыңыздың бир тал шашыңыз да набыт болмайды, – деди.
35Павел усыларды айтып болып нанды алды да, ҳәммениң алдында Қудайға шүкирлик билдирип, нанды бөлип жей баслады. 36Сонда ҳәмме жигерленип, аўқат жеди. 37Кемеде барлығымыз болып еки жүз жетпис алты жан едик. 38Аўқатқа тойып болғаннан соң, олар бийдайды теңизге төгип, кемени жеңиллетти.
Кемениң апатқа ушыраўы
39Таң атқанда, кемешилер өзлери келген жерди танымады. Бирақ жағасы қумлық болған бир қолтықты көрип қалып, мүмкин болса, кемени сол жерге апарып тоқтатыўды уйғарды. 40Көшкилердиң арқанларын кесип, теңизге таслады да, бағытлаўшы еки ескекти байлаған арқанларды шешти. Алдынғы желқомды самал тәрепке көтерип, жағаға қарай жүзип кетти. 41Бирақ кеме бир қумлы сайыз жерге тап болып, тумсығы қумға батты да, қыймылдамай қалды. Ал артқы жағы күшли толқынлар тәрепинен соққыланып, сынып кетти.
42Тутқынлар жүзип қашып кетеди деп ойлап, әскерлер оларды өлтирмекши болды. 43Бирақ жүзбасы Павелди қутқарғысы келип, әскерлерге бул нийетин иске асырыўға тыйым салды. Соңынан жүзип билетуғынларға биринши болып өзлерин теңизге атып, жағаға шығыўларын буйырды. 44Ал қалғанлары болса, кимиси тахтай, кимиси кемениң сынық бөлеклеринен услап, олардың излеринен жетип барды. Солай етип, ҳәммеси аман-есен жағаға шықты.

လက္ရွိေရြးခ်ယ္ထားမွု

Елшилер 27: КркМК22

အေရာင္မွတ္ခ်က္

မၽွေဝရန္

ကူးယူ

None

မိမိစက္ကိရိယာအားလုံးတြင္ မိမိအေရာင္ခ်ယ္ေသာအရာမ်ားကို သိမ္းဆည္းထားလိုပါသလား။ စာရင္းသြင္းပါ (သို႔) အေကာင့္ဝင္လိုက္ပါ