YouVersion လိုဂို
ရွာရန္ အိုင္ကြန္

Елшилер 26

26
Павелдиң өзин ақлаўы
1Агриппа Павелге:
– Өзиңди ақлап сөйлеўиңе рухсат бериледи, – деди.
Сонда Павел қолын көтерип ишарат етти де, өзин ақлап сөйлей баслады:
2– Патша Агриппа! Яҳудийлердиң маған тағып атырған барлық айыпларына қарсы бүгин өзимди сизиң алдыңызда ақлап атырғаным ушын бахтыярман, деп есаплайман. 3Себеби әсиресе сиз яҳудийлердиң үрп-әдетлерин ҳәм тартыслы мәселелерин жақсы билесиз. Сонлықтан мени сабырлылық пенен тыңлаўыңызды өтиниш етемен.
4Дәслеп өз елимде, соңынан Ерусалимде жаслығымнан бери қалай өмир сүргенимди пүткил яҳудийлер биледи. 5Олар мени көп ўақыттан бери таныйды ҳәм егер қәлесе, динимиздиң ең қатал бағыты бойынша парисей болып жасағаным туўралы гүўалық бере алады. 6Енди болса, Қудайдың ата-бабаларымызға берген ўәдесине үмит еткеним ушын, мен усы жерде турып, ҳүким етилип атырман. 7Бизиң он еки урыўымыз күни-түни Қудайға бар ықласы менен хызмет етип, бул ўәдениң орынланыўынан үмит етеди. Патшам, яҳудийлер мени, мине, усы үмит себепли айыпламақта. 8Қудайдың өлилерди тирилтиўин сизлер неге исенип болмайтуғын нәрсе, деп есаплайсызлар?
9Негизинде мен де насыралы Ийсаның атына қарсы қолымнан келген ҳәмме нәрсени ислеўим керек, деп ойлайтуғын едим. 10Мен буны Ерусалимде иследим де. Бас руўханийлерден алған бийлик пенен мухаддеслердиң көбисин қамаққа салдырдым. Оларға өлим жазасы берилиўи ушын даўыс беретуғын едим. 11Мәжилисханама-мәжилисхана жүрип, оларды тез-тез жазалап, Ийсаға тил тийгизиўге мәжбүрлейтуғын едим. Оларға қәҳәрли болғаным соншелли, ҳәтте, оларды жат қалаларда да қуўдаладым.
12Бир мәрте мен бас руўханийлерден бийлик ҳәм тапсырма алып, Дамаскке қарай жолға шықтым. 13Патшам, тал түсте жолда баратырғанымда, аспаннан түсип, мениң ҳәм жолдасларымның әтирапын жарқыратып жиберген қуяштың сәўлесинен де жарық бир нурды көрдим. 14Ҳәммемиз жерге жығылғанымызда, бир даўыстың маған еврей тилинде сөйлегенин еситтим: «Шаул, Шаул, сен неге Мени қуўдалап атырсаң? Маған қарсы шығыўыңнан ҳеш қандай пайда жоқ».
15«Ийем, Сен кимсең?» – деп сорадым мен. Ийемиз жуўап берип былай деди: «Мен – сен қуўдалап атырған Ийсаман. 16Қәне, тикейип, орныңнан тур! Мени көргениң ҳәм Мениң саған көрсетежақ нәрселерим ҳаққында гүўалық бериўиң ушын, және де, сени Өз хызметиме тайынлаў ушын саған көриндим. Сен көргенлериң ҳәм саған көрсетежақ нәрселерим ҳаққында гүўалық бересең. 17Мен сени өз халқыңның ҳәм басқа миллетлердиң қолынан қутқараман. 18Басқа миллетлердиң көзлерин ашып, оларды қараңғылықтан жақтыға, шайтанның қолы астынан Қудайға апарыў ушын сени оларға жиберип атырман. Солай етип, олардың гүналары кеширилип, Маған деген исенимлери менен мухаддес адамлардың арасынан үлес алсын».
19Сонлықтан, патша Агриппа, аспаннан берилген аянға бағынбай тура алмадым. 20Дәслеп Дамаск, соңынан Ерусалим ҳәм пүткил Яҳудия үлкесиндеги яҳудийлерге, және басқа миллетлерге де тәўбе етип Қудайға жүз бурыўды ҳәм тәўбеге ылайық ислер ислеўди жәриялап жүрдим. 21Яҳудийлердиң мени Ибадатханада услап, өлтирмекши болғанының себеби усы. 22Бирақ бүгинги күнге дейин маған Қудай жәрдем берип келмекте. Сонлықтан үлкен-киши, ҳәммеге гүўалық берип, усы жерде турман. Мениң айтып турғанларым пайғамбарлардың ҳәм Муўсаның болжап айтқанларынан басқа емес. 23Олар Масийхтың азап шегетуғынын ҳәм биринши болып өлимнен тирилетуғынын, Өз халқына ҳәм басқа миллетлерге нур ҳаққында жәриялайтуғынын билдирген еди.
24Павел усы тәризде өзин ақлап турғанда, Фест бәлент даўыс пенен:
– Павел, сениң есиң дурыс емес! Көп оқығаның сени ақылыңнан аздырыпты! – деди.
25Павел былай деди:
– Есим дурыс, ҳүрметли Фест! Мениң сөзлерим ҳақыйқатқа ҳәм ақылға сай. 26Патша бул нәрселер ҳаққында жақсы билгенликтен, мен оның менен еркин сөйлесип турман. Булардың ҳеш бириниң оның дыққатынан шетте қалмағанына исенемен. Өйткени бул бир шетте болған жоқ. 27Патша Агриппа! Сиз пайғамбарлардың сөзлерине исенесиз бе? Билемен, исенесиз.
28Сонда Агриппа Павелге:
– Мени аз-маз ўақыттың ишинде көндирип, масийхый қылмақшымысаң? – деди.
29– Тез арада болса да, узақ ўақыттан кейин болса да, тек сиз емес, ал бүгин мени тыңлап отырғанлардың ҳәммеси мына шынжырларсыз мен сыяқлы болыўын Қудайдан тилеймен, – деди Павел.
30Сонда патша, ҳәким, Берника ҳәм олар менен отырғанлар орынларынан турды. 31Олар сыртқа шығып, өз ара: «Бул адам өлимге ямаса қамалыўға ылайық ҳеш нәрсе ислемеген», – дести.
32Агриппа Фестке: «Егер бул адам Рим императорының ҳүкимин талап етпегенде, оны азат қылыўға болар еди», – деди#Елш 26:32 Базы қолжазбаларда мына сөзлер де бар: «Солай етип, ҳәким оны императорға жибериўди шешти»..

လက္ရွိေရြးခ်ယ္ထားမွု

Елшилер 26: КркМК22

အေရာင္မွတ္ခ်က္

မၽွေဝရန္

ကူးယူ

None

မိမိစက္ကိရိယာအားလုံးတြင္ မိမိအေရာင္ခ်ယ္ေသာအရာမ်ားကို သိမ္းဆည္းထားလိုပါသလား။ စာရင္းသြင္းပါ (သို႔) အေကာင့္ဝင္လိုက္ပါ