«Бул халыққа барып, мыналарды айт:
Тыңлап турасыз, бирақ түсинбейсиз,
Қарап турасыз, бирақ мән бермейсиз.
Себеби бул халықтың жүреги сезимсиз болып,
Қулақлары питип қалған, көзлери гүңгиртлескен.
Олай болмағанда, олардың көзлери көрер еди,
Қулақлары еситер еди, жүреклери менен түсинер еди.
Олар Маған қайтып келсе, Мен оларға шыпа берер едим».