YouVersion Logo
Search Icon

Лука 4

4
Төртинши бап
Ийсаның сыналыўы
1Ийса Мухаддес Руўхқа толып, Иордан дәрьясынан қайтып келгенде, Руўх Оны шөл далаға алып барды. 2Оны шайтан сол жерде қырық күн сынады. Ол бул күнлери ҳеш нәрсе жемеди. Олар өткеннен соң, ақыры аш болды.
3Сонда шайтан Ийсаға:
– Егер Сен Қудайдың Улы болсаң, мына тасқа буйыр, ол нанға айлансын, – деди.
4Ийса оған жуўап берип:
– Мухаддес Жазыўда: «Адам тек ғана нан менен жасамайды»#4:4 Мухаддес Нызамды қайталаў 8:3., – деп айтылған, – деди.
5Сонда шайтан Ийсаны бир бийик жерге шығарды да, Оған бир демде дүньяның барлық патшалықларын көрсетип, 6Оған:
– Мен усы мәмлекетлердиң пүткил бийлигин ҳәм олардың сән-салтанатларын Саған беремен. Өйткени олар маған берилген, оларды қәлеген адамыма беремен. 7Егер маған табынсаң, ҳәммеси Сеники болады, – деди.
8Ийса оған жуўап берип:
– Мухаддес Жазыўда: «Қудай-Ийеңе сыйынып, тек Оған хызмет ет»#4:8 Мухаддес Нызамды қайталаў 6:13., – деп айтылған-ғо, – деди.
9Соңынан шайтан Ийсаны Ерусалимге апарып, Ибадатхананың төбесине турғызып қойды да, Оған:
– Егер Сен Қудайдың Улы болсаң, Өзиңди бул жерден төменге тасла, 10себеби былай деп жазылған-ғо: «Ол Өз периштелерине Сени сақлап қалыўға буйрық береди. 11Аяғыңды тасқа урып алмаўың ушын, олар Сени қолларында көтерип алып кетеди»#4:10-11 Забур 90:11-12., – деди.
12Ийса шайтанға:
«Қудай-Ийеңди сынама!»#4:12 Мухаддес Нызамды қайталаў 6:16., – деп айтылған-ғо, – деди.
13Шайтан ҳәмме сынаўларын тамамлағаннан кейин, ўақытша Ийсаның қасынан кетти.
Ийсаның Галиладағы ўазы
14Мухаддес Руўхтың күшине толған Ийса Галилаға қайтып келди ҳәм Ол туўралы хабар пүткил дөгерекке тарқады. 15Ийса олардың мәжилисханаларында#4:15 Мәжилисхана – грекше «синагога». Яҳудийлердиң Қудайға хызмет ететуғын ҳәм Қудайдың сөзин үйренетуғын орны. тәлим берди ҳәм Ол ҳәмме адамлар тәрепинен алғысланды.
Насыралылардың Ийсаны
қабыл алмаўы
16Ийса Өзи өскен Насыра қаласына келип, Өз әдети бойынша дем алыс күни#4:16 Сөзбе-сөз: шемби күни. мәжилисханаға кирди. Ийса оқыў ушын орнынан турғанда, 17Оған Ийшая пайғамбардың китабы берилди. Ол китапты ашып, мына аятлар жазылған жерди тапты:
18-19 «Жаратқан Ийемниң Руўхы Мениң үстимде.
Өйткени Ол Мени жарлыларға Хош Хабар жәриялаў ушын
тайынлады # 4:18-19 Сөзбе-сөз: майлады. (Қудайдың тапсырған жумысы ушын майланып, тайынланыў.) .
Ол Мени тутқынлардың азат болатуғынын,
соқырлардың көретуғынын хабарлаўға,
азап шеккенлердиң еркинликке шығыўы ушын ҳәм
Жаратқан Ийемиздиң мийримлилик жылын жәриялаў ушын жиберди» # 4:18-19 Ийшая 61:1-2. .
20Соңынан Ийса китапты жаўды да, оны хызметкерге берип, орнына отырды. Мәжилисханадағы ҳәмме адамлар Оған тигилип қалды. 21Ийса оларға сөйлей баслап:
– Усы Мухаддес Жазыўлар бүгин, сизлер еситкен ўақытта орынланды, – деди.
22Ҳәмме Ийсаны мақтады ҳәм Оның аўзынан шыққан шешен сөзлерине ҳайран қалысып:
– Бул – Юсуптың баласы емес пе? – дести.
23Ийса оларға былай деди:
– Сизлер, әлбетте, Маған: «Шыпакер, өзиңди өзиң емле», – деген нақылды айтып, «Бизлер Капарнаҳумда ислеген ислериң ҳаққында еситтик. Бул жерде, Өз ана журтыңда да соларды исле!» – демекшисизлер. 24Ийса даўам етип: – Сизлерге шынын айтаман: ҳеш бир пайғамбар өз ўатанында қабыл алынбайды. 25Сизлерге ҳақыйқатын айтаман: Илияс пайғамбардың заманында үш жыл, алты ай аспан жаўылып, жаўын болмай, елде аўыр ашаршылық болғанда, Израил елинде көп жесир ҳаяллар бар еди. 26Бирақ Илияс олардың ҳеш биреўине жиберилмей, тек Сидон елиниң Сарафат қаласындағы бир жесир ҳаялға жиберилген еди. 27Сол сыяқлы, Елиша пайғамбардың заманында да Израилда мақаў кесел болып аўырғанлар көп еди. Бирақ, тек сириялы Наманнан басқа ҳеш ким аўырыўынан жазылған жоқ, – деди.
28Буны еситкен мәжилисханадағылардың барлығы қатты ашыўға минди. 29Орынларынан турып, Ийсаны қаладан қуўып шығарды да, Оны тик жардан таслап жибериў ушын, сол қала қурылған таўдың басына алып барды. 30Бирақ Ийса олардың арасынан өтип, Өз жолына түсти.
Ийсаның жинди қуўып шығарыўы
31Ийса Галиладағы Капарнаҳум қаласына келди ҳәм дем алыс күни халыққа тәлим берди. 32Халық Ийсаның тәлимине ҳайран қалды, себеби Оның сөзинде бийлик бар еди.
33Мәжилисханада жинге шалынған, жаўыз руўхлы бир адам бар еди. Ол бәлент даўыс пенен бақырып:
34– О, Насыралы Ийса! Бизлер менен не жумысың бар? Сен бизлерди жоқ етиўге келдиң бе? Сениң ким екениңди билемен, Сен – Қудайдың Мухаддесисең! – деди.
35Ийса оған кейип:
– Үниңди өшир де, оннан шығып кет! – деди.
Сонда жин адамды ҳәммениң көз алдында жерге қулатты да, ҳеш зыян тийгизбей, оннан шығып кетти.
36Ҳәмме таң қалысып, бир-бирине:
– Бул не гәп? Ол жаўыз руўхларға бийлик ҳәм қүдирет пенен буйрық бергенде, олар шығып кетеди-ғо, – дести.
37Солай етип, Ийса туўралы хабар сол үлкедеги барлық жерлерге жайылды.
Ийсаның көп аўырыўларға
шыпа бериўи
38Ийса мәжилисханадан шығып, Симонның үйине барды. Симонның қәйин енесиниң қатты ыссылығы көтерилип, аўырып жатырған еди. Олар Ийсадан оны көриўди өтиниш етти. 39Ийса ҳаялдың бас ушында турып ыссылыққа тыйым салғанда, ҳаялдың ыссылығы түсти. Ҳаял дәрриў орнынан турып, оларға хызмет етти.
40Қуяш батарда ҳәмме ҳәр түрли кеселлерге шалынған адамларын Ийсаға алып келди. Ийса олардың ҳәр бириниң үстине қолын қойып, шыпа берди. 41Көп адамлардан жинлер шығып баратырып: «Сен – Қудайдың Улысаң!» – деп бақыратуғын еди. Бирақ Ийса оларға кейип, сөйлеўге тыйым салды. Өйткени олар Оның Масих екенин билетуғын еди.
Ийсаның мәжилисханаларда
ўаз айтыўы
42Таң атқанда Ийса үйден шығып, аўлақ жерге кетти. Халық Оны излеп қасына келди ҳәм оларды таслап кетпеўи ушын, Оны алып қалмақшы болды. 43Бирақ Ийса оларға:
– Қудай Патшалығы туўралы Хош Хабарды басқа қалаларда да жәриялаўым керек, себеби Мен сол ушын жиберилгенмен, – деди.
44Солай етип, Ийса Яҳудиядағы мәжилисханаларда ўаз айтып жүрди.

Currently Selected:

Лука 4: KrkNT

Highlight

Share

Copy

None

Want to have your highlights saved across all your devices? Sign up or sign in