YouVersion Logo
Search Icon

Лука 3

3
Үшинши бап
Шомылдырыўшы Яқыяның
жәриялаўы
1Рим патшасы Тибериус салтанатының он бесинши жылында Яҳудия үлкесинде Понтий Пилат ҳәкимлик қылды. Галиланы Ҳирод, Итурея ҳәм Трахонит үлкелерин оның иниси Филип, Абилена үлкесин Лисанияс басқарды. 2Ал Ханна менен Каяфа бас руўханий еди. Сонда шөл далада жасап атырған Зекерияның улы Яқыяға Қудайдың сөзи түсти. 3Яқыя Иордан әтирапындағы барлық үлкелерди аралап, адамларға гүналарының кеширилиўи ушын тәўбеге келиўди ҳәм суўға шомылдырылыўды жәриялап жүрди. 4Бул Ийшая пайғамбардың китабында#3:4 Ийшая 40:3-5. жазылғанға туўры келеди:
«Шөл далада бақырған биреўдиң даўысы шығады:
Ийемизге жол таярлаңлар,
Оның жүретуғын жолларын дүзетиңлер!
5 Барлық ойпатлықлар толтырылсын,
Таў-төбелер пәске шөксин,
Қыйсық жоллар дүзетилсин,
Будыр жерлер тегисленсин.
6 Сонда пүткил адамзат Қудайдың қутқаратуғынын көреди» # 3:4-6 Ийшая 40:3-5. .
7Яқыя шомылдырылыўға келген аламанға былай деди:
– Ҳәй, уўлы жыланлардың туқымлары! Келешектеги қәҳәрли жазадан қутылыўды сизлерге ким үйретти? 8Егер сизлер тәўбе еткен#3:8 Тәўбе етиў – терис жолдан қайтып, Қудайдың жолына түсиў. болсаңлар, буған ылайық жемис бериңлер! Және: «Ата тегимиз Ибрайым ата-ғо», – деп ишлериңизден ойламаңлар. Сизлерге айтатуғыным: Қудай Ибрайымға мына таслардан да урпақ жасап бере алады. 9Ағашлардың тамырында ҳәзирдиң өзинде-ақ балта жатыр. Жақсы мийўе бермейтуғын ҳәр бир терек шабылып, отқа тасланады.
10Сонда халық оннан:
– Олай болса, бизлер не ислеўимиз керек? – деп сорады.
11Яқыя оларға:
– Кимниң еки кийими болса, биреўин кийими жоққа берсин. Кимниң аўқаты болса, ол да солай ислесин, – деп жуўап берди.
12Салықшылар да шомылдырылыў ушын келип, Яқыядан:
– Устаз, бизлер не ислеўимиз керек? – деп сорады.
13Яқыя оларға:
– Белгиленгенинен артық талап етпеңлер, – деди.
14Әскерлер де оннан:
– Ал бизлер не ислеўимиз керек? – деп сорады.
Яқыя оларға:
– Ҳеш кимди тонамаңлар, ҳеш кимге жала жаппаңлар, өз ис ҳақыңызға қанаат етиңлер, – деди.
15Үмит етип күтип турған халықтың ҳәммеси Яқыя туўралы ишлеринен:
– Бул Масих емес пе екен? – деп ойлады.
16Яқыя ҳәммесине жуўап берип:
– Мен сизлерди суў менен шомылдыраман, бирақ меннен кейин қүдиретли Биреў киятыр. Мен Оның аяқ кийиминиң баўын шешиўге де ылайықлы емеспен. Ол сизлерди Мухаддес Руўх ҳәм от пенен шомылдырады. 17Оның жабасы қолында. Ол Өз қырманын тазалап, бийдайын ғәллеханасына жыйнайды, ал сабанын сөнбес отқа жандырады, – деди.
18Яқыя халыққа басқа да көп нәсият айтып, Хош Хабарды жәриялап жүрди. 19Үлке ҳүкимдары Ҳирод өз инисиниң ҳаялы Ҳиродия себепли ҳәм басқа да барлық жаман ислери ушын, Яқыя тәрепинен әшкара етилген еди. 20Ҳирод бурынғы ислеген жаманлықларына қоса Яқыяны қаматып таслады.
Ийсаның шомылдырылыўы
21Пүткил халық шомылдырылғанда, Ийса да шомылдырылды. Ол дуўа еткенде аспан ашылып, 22Мухаддес Руўх кептер пишинде Оның үстине түсти. Сонда аспаннан:
– Сен – Мениң сүйикли Улымсаң, Мен Саған ырзаман, – деген саза еситилди.
Ийсаның шежиреси
23Ийса Өз хызметин баслағанда отызлар шамасында еди. Адамлар Оны Юсуптың улы сыпатында таныйтуғын еди. Ал Юсуп Ели улы, 24Ели Маттат улы, Маттат Лебий улы, Лебий Малкий улы, Малкий Янай улы, Янай Юсуп улы, 25Юсуп Маттатия улы, Маттатия Амос улы, Амос Нахум улы, Нахум Ҳесли улы, Ҳесли Нагай улы, Нагай 26Махат улы, Махат Маттатия улы, Маттатия Шимий улы, Шимий Юсех улы, Юсех Юда улы, 27Юда Юханан улы, Юханан Реша улы, Реша Зерубабел улы, Зерубабел Шалтиел улы, Шалтиел Нерий улы, 28Нерий Малкий улы, Малкий Аддий улы, Аддий Қосам улы, Қосам Елмадам улы, Елмадам Ер улы, 29Ер Ешу улы, Ешу Елиезер улы, Елиезер Иорым улы, Иорым Маттат улы, Маттат Лебий улы, 30Лебий Шимон улы, Шимон Яҳуда улы, Яҳуда Юсуп улы, Юсуп Ионам улы, Ионам Елиаким улы, 31Елиаким Мала улы, Мала Менна улы, Менна Маттата улы, Маттата Натан улы, Натан Даўыт улы, 32Даўыт Ишай улы, Ишай Обид улы, Обид Боаз улы, Боаз Салмон улы, Салмон Наҳшон улы, 33Наҳшон Аминадаб улы, Аминадаб Рам улы, Рам Ҳесрон улы, Ҳесрон Парес улы, Парес Яҳуда улы, 34Яҳуда Яқып улы, Яқып Ысақ улы, Ысақ Ибрайым улы, Ибрайым Терах улы, Терах Нахор улы, 35Нахор Серук улы, Серук Реу улы, Реу Пелек улы, Пелек Ебер улы, Ебер Шалаҳ улы, 36Шалаҳ Кенан улы, Кенан Арпакшат улы, Арпакшат Сам улы, Сам Нух улы, Нух Ламек улы, 37Ламек Метушелах улы, Метушелах Енок улы, Енок Ярет улы, Ярет Махалалел улы, Махалалел Кенан улы, 38Кенан Енош улы, Енош Шит улы, Шит Адам-ата улы, ал Адам-ата Қудай улы.

Currently Selected:

Лука 3: KrkNT

Highlight

Share

Copy

None

Want to have your highlights saved across all your devices? Sign up or sign in