Бул Ийшая пайғамбардың китабында жазылғанға туўры келеди:
«Шөл далада бақырған биреўдиң даўысы шығады:
Ийемизге жол таярлаңлар,
Оның жүретуғын жолларын дүзетиңлер!
Барлық ойпатлықлар толтырылсын,
Таў-төбелер пәске шөксин,
Қыйсық жоллар дүзетилсин,
Будыр жерлер тегисленсин.
Сонда пүткил адамзат Қудайдың қутқаратуғынын көреди».