Сонда шайтан Ийсаны бир бийик жерге шығарды да, Оған бир демде дүньяның барлық патшалықларын көрсетип, Оған:
– Мен усы мәмлекетлердиң пүткил бийлигин ҳәм олардың сән-салтанатларын Саған беремен. Өйткени олар маған берилген, оларды қәлеген адамыма беремен. Егер маған табынсаң, ҳәммеси Сеники болады, – деди.
Ийса оған жуўап берип:
– Мухаддес Жазыўда: «Қудай-Ийеңе сыйынып, тек Оған хызмет ет», – деп айтылған-ғо, – деди.