Жаратылыс 10

10
Нухтың улларының урпақлары
1Нухтың уллары Сам, Хам ҳәм Яфеттиң шежиреси мынадай: топан суўынан кейин олардан балалар туўылды.
2Яфеттиң уллары: Гомер, Магог, Мадай, Яўан, Тубал, Мешех ҳәм Тирас.
3Гомердиң уллары: Ашкеназ, Рифат ҳәм Тогарма.
4Яўанның уллары: Элиша, Таршиш, Киттим ҳәм Доданим.
5Булардан теңиз жағаларында жасаўшы халықлар өрбиди. Олар өз үлкелеринде ҳәр қыйлы тиллерде сөйлеп, халықлары ҳәр қыйлы қәўимлерге бөлинди.
6Хамның уллары: Куш, Мысыр, Пут ҳәм Қанан.
7Куштың уллары: Себа, Хаўила, Сабта, Раама ҳәм Сабтеха.
Рааманың уллары: Шеба ҳәм Дедан.
8Куштың және Нимрод деген де бир улы бар еди. Ол жер жүзиндеги биринши күшли жаўынгер болды. 9Нимрод Жаратқан Ийениң алдында күшли аңшы болғанлықтан: «Жаратқан Ийениң алдында Нимрод сыяқлы күшли аңшы», – деген сөз келип шыққан. 10Ол дәслеп Шынар#10:10 Шынар – бул жер ҳәзирги Ирактың қубла тәрепинде жайласқан болып, кейинирек Бабилония патшалығына айланған. жериндеги Бабыл#10:10 Бабыл – бул Бабилон., Эрех, Аккад ҳәм Калне қалаларында патшалық етти. 11Соңынан ол сол жерден Ашшурға кетип, Ниневия, Рехобот-Ир, Калах қалаларын, 12сондай-ақ Ниневия менен Калах арасындағы Ресен қаласын қурды. Ол уллы қала болды.
13Мысырдан луд, анам, леҳаб, нафтух, 14патрус, каслух ҳәм кафтор халықлары, ал каслух халқынан филист халқы келип шықты.
15Қананнан туңғыш улы Сидон, кейин Хет туўылды. 16Сондай-ақ ебус, амор, гиргаш, 17хиў, арқ, син, 18арўад, семар ҳәм хамат халықлары да Қананнан келип шықты. Кейин ала қанан қәўимлери әтирапқа тарап жайылып кетти. 19Қанан халқының жерлери Сидоннан Герар тәрепке қарай Газаға шекем, оннан Содом, Гомора, Адма, Себойым тәрепке қарай Лешаға шекем созылып жатты.
20Булар өз үлкелеринде ҳәм халықларында ҳәр түрли қәўимлерге ҳәм тиллерге бөлинген Хамның урпақлары еди.
21Яфеттиң әжағасы Самның да балалары болды. Ол барлық Эбер урпақларының түп бабасы болды.
22Самның уллары: Элам, Ашшур, Арпахшад, Луд ҳәм Арам.
23Арамның уллары: Ус, Хул, Гетер, Маш.
24Арпахшадтан Шелах, Шелахтан Эбер туўылды.
25Эбердиң еки улы болып, олардың бириниң аты Пелег#10:25 Пелег – «бөлинип кетти» дегенди билдиреди. еди, өйткени сол ўақытта жерлер бөлинген еди. Ал екиншисиниң аты Иоқтан еди.
26Иоқтаннан Алмодад, Шелеф, Хасармаўет, Ерах, 27Ҳадорам, Узал, Дикла, 28Обал, Абимаел, Шеба, 29Офир, Хаўила ҳәм Иобаб туўылды. Булардың бәри Иоқтанның уллары еди.
30Олар шығыста, Мешадан Сефарға шекем созылған таўлы үлкеде жасайтуғын еди.
31Булар өз үлкелеринде ҳәм халықларында ҳәр түрли қәўимлерге ҳәм тиллерге бөлинген Самның урпақлары еди.
32Топан суўынан соң, пүткил жер жүзине халық-халық, урыў-урыў болып тараған бул адамлар Нухтың урпақлары еди.

தற்சமயம் தேர்ந்தெடுக்கப்பட்டது:

Жаратылыс 10: КркМК22

சிறப்புக்கூறு

பகிர்

நகல்

None

உங்கள் எல்லா சாதனங்களிலும் உங்கள் சிறப்பம்சங்கள் சேமிக்கப்பட வேண்டுமா? பதிவு செய்யவும் அல்லது உள்நுழையவும்