Жаратылыс 11
11
Бабыл минарасы
1Сол ўақытлары дүньядағы барлық адамлар бир тилде сөйлеп, бирдей сөзлерди қолланатуғын еди. 2Адамлар шығыста көшип жүргенде, Шынар жеринде бир тегислик тапты ҳәм сол жерге орналасты.
3Адамлар бир-бирине: «Келиңлер, ылайдан гербиш қуйып, оларды отқа писирейик», – деди. Олар тастың орнына гербиш, ылайдың орнына қара май қолланды. 4Соңынан олар: «Өзимизге бир қала қурайық ҳәм төбеси аспанға жететуғын бир минара тиклеп, даңқымызды шығарайық. Сонда бизлер жер жүзине тарап кетпеймиз», – дести.
5Жаратқан Ийе адамлар қурып атырған қаланы ҳәм минараны көриў ушын төменге түсти 6ҳәм былай деди: «Мине, олар бир халық болып, бир тилде сөйлегенликтен, усы исти баслады. Буннан былай олар ойлаған ойларын жүзеге асырмай қоймайтуғын болады. 7Қәне, төменге түсейик, олар бир-бирин түсинбей қалыўы ушын тиллерин араластырып таслайық».
8Солай етип, Жаратқан Ийе оларды жер жүзине таратып жиберип, қала қурылысын тоқтатып таслады. 9Сонлықтан бул қала Бабыл#11:9 Бабыл – «араласыў» деген мәнини беретуғын сөзге уқсайды. деп аталды. Себеби Жаратқан Ийе сол жерде барлық адамлардың тиллерин араластырып таслап, оларды пүткил жер жүзине таратып жиберген еди.
Самның Ибрайымға шекемги урпақлары
10Самның шежиреси мынадай: топан суўынан еки жыл өткеннен соң, Сам жүз жаста болғанда, улы Арпахшад туўылды. 11Арпахшад туўылғаннан соң, Сам және бес жүз жыл жасады. Оның басқа да уллары ҳәм қызлары болды.
12Арпахшад отыз бес жасқа шыққанда, улы Шелах туўылды. 13Шелах туўылғаннан соң, Арпахшад және төрт жүз үш жыл жасады. Оның басқа да уллары ҳәм қызлары болды.
14Шелах отыз жасқа шыққанда, улы Эбер туўылды. 15Эбер туўылғаннан соң, Шелах және төрт жүз үш жыл жасады. Оның басқа да уллары ҳәм қызлары болды.
16Эбер отыз төрт жасқа шыққанда, улы Пелег туўылды. 17Пелег туўылғаннан соң, Эбер және төрт жүз отыз жыл жасады. Оның басқа да уллары ҳәм қызлары болды.
18Пелег отыз жасқа шыққанда, улы Реу туўылды. 19Реу туўылғаннан соң, Пелег және еки жүз тоғыз жыл жасады. Оның басқа да уллары ҳәм қызлары болды.
20Реу отыз еки жасқа шыққанда, улы Серуг туўылды. 21Серуг туўылғаннан соң, Реу және еки жүз жети жыл жасады. Оның басқа да уллары ҳәм қызлары болды.
22Серуг отыз жасқа шыққанда, улы Нахор туўылды. 23Нахор туўылғаннан соң, Серуг және еки жүз жыл жасады. Оның басқа да уллары ҳәм қызлары болды.
24Нахор жигирма тоғыз жасқа шыққанда, улы Терах туўылды. 25Терах туўылғаннан соң, Нахор және бир жүз он тоғыз жыл жасады. Оның басқа да уллары ҳәм қызлары болды.
26Терах жетпис жасқа шыққаннан соң, оннан Ибрам#11:26 Ибрам – бул Ибрайымның дәслепки аты. Кейинирек Қудай оның атын Ибрайым деп өзгертеди. 17:3-5 қараң., Нахор ҳәм Ҳаран деген уллар туўылды.
Терахтың урпақлары
27Терахтың урпақларының тарийхы мынадай: Терахтан Ибрам, Нахор ҳәм Ҳаран туўылды. Ал Ҳараннан Лут туўылды. 28Әкеси Терахтың көзиниң тирисинде, Ҳаран өзиниң туўылған жери болған калдейлердиң Ур қаласында қайтыс болды. 29Ибрам да, Нахор да үйленди. Ибрамның ҳаялының аты Сарай#11:29 Сарай – Сараның дәслепки аты. Кейинирек Қудай оның атын Сара деп өзгертеди. 17:15 қараң., ал Нахордың ҳаялының аты Милка еди. Милка Исканың әкеси Ҳаранның қызы еди. 30Сарай нәсилсиз болып, баласы жоқ еди.
31Терах улы Ибрамды, Ҳаранның улы болған ақлығы Лутты ҳәм Ибрамның ҳаялы болған келини Сарайды алып, Қанан жерине барыў ушын калдейлердиң Ур қаласынан жолға шықты. Бирақ олар Харан жерине жеткенде, сол жерге орналасып қалды.
32Терах еки жүз бес жыл өмир сүрип, Харанда қайтыс болды.
தற்சமயம் தேர்ந்தெடுக்கப்பட்டது:
Жаратылыс 11: КркМК22
சிறப்புக்கூறு
பகிர்
நகல்
உங்கள் எல்லா சாதனங்களிலும் உங்கள் சிறப்பம்சங்கள் சேமிக்கப்பட வேண்டுமா? பதிவு செய்யவும் அல்லது உள்நுழையவும்
© Институт перевода Библии, 2022