Ийса арқаннан қамшы ислеп, қойлар менен ири қара малға қосып ҳәммесин Ибадатханадан қуўып шығарды. Ақша алмастырыўшылардың ақшаларын шашып, столларын аўдарып таслады. Ол кептер сатыўшыларға:
– Мыналарды бул жерден жоқ етиңлер, Әкемниң үйин базарға айландырмаңлар! – деди.