1
Лука 9:23
Мухаддес Китап
Сонда Ийса ҳәммеге былай деди: – Ким де ким Маған ергиси келсе, өзинен кешсин ҳәм ҳәр күни өз атанақ ағашын арқалап, Мениң изиме ерсин.
तुलना
अन्वेषण गर्नुहोस् Лука 9:23
2
Лука 9:24
Ким де ким өз жанын сақламақшы болса, оны жоғалтады, ал ким де ким өз жанын Мен ушын жоғалтса, ол оны сақлап қалады.
अन्वेषण गर्नुहोस् Лука 9:24
3
Лука 9:62
Бирақ Ийса оған: – Атызды сүриўди баслап, артына қарай беретуғын адам Қудайдың Патшалығына ылайықлы емес, – деди.
अन्वेषण गर्नुहोस् Лука 9:62
4
Лука 9:25
Егер адам пүткил дүньяны ийелегени менен, өз жанын жойтып, өзине зыян келтирсе, буннан оған не пайда?
अन्वेषण गर्नुहोस् Лука 9:25
5
Лука 9:26
Ким де ким Меннен ҳәм Мениң сөзлеримнен арланса, Адам Улы да Өзиниң, Әкесиниң ҳәм мухаддес периштелердиң салтанатында келгенде, оннан арланады.
अन्वेषण गर्नुहोस् Лука 9:26
6
Лука 9:58
Ийса оған: – Түлкилердиң инлери, аспандағы қуслардың уялары бар. Бирақ Адам Улының бас қойып тынығатуғын орны да жоқ, – деди.
अन्वेषण गर्नुहोस् Лука 9:58
7
Лука 9:48
оларға былай деди: – Ким де ким бул баланы Мениң атым ушын қабыл етсе, оның Мени қабыл еткени болады. Ал ким де ким Мени қабыл етсе, оның Мени Жибергенди қабыл еткени болады. Өйткени араңызда ким ең кишкене болса, сол ең уллы болады.
अन्वेषण गर्नुहोस् Лука 9:48
होम
बाइबल
योजनाहरू
भिडियोहरू