YouVersion လိုဂို
ရွာရန္ အိုင္ကြန္

Елшилер 23

23
1Павел жоқарғы кеңес ағзаларына дыққат пенен нәзер салып:
– Туўысқанларым! Мен бүгинги күнге дейин Қудайдың алдында пәк ҳүждан менен жасадым, – дегенде, 2бас руўханий Ханания Павелдиң жанында турғанларға оның аўзына урыўды буйырды. 3Сонда Павел оған:
– Ҳәй, еки жүзли! Сени Қудай урады! Сен мени Мухаддес Нызам бойынша ҳүким етиў ушын отырсаң, бирақ Мухаддес Нызамды бузып, мени урыўды буйырып атырсаң, – деди.
4Павелдиң қасында турғанлар:
– Қудайдың бас руўханийин де мазақ етиўге бола ма? – деди.
5Павел былай деди:
– Туўысқанларым, оның бас руўханий екенин билмейтуғын едим. Себеби: «Өз халқыңның басшысына жаман сөз айтпа»#23:5 Шығ 22:28., – деп Мухаддес Жазыўда айтылған-ғо.
6Сонда олардың бир бөлегиниң саддукейлер, басқа бөлегиниң парисейлер екенин билген Павел жоқарғы кеңесте бәлент даўыс пенен:
– Туўысқанларым! Мен парисеймен ҳәм парисейдиң улыман. Мен өлилердиң қайта тирилиўинен үмит еткеним ушын ҳүким етилип атырман, – деди.
7Павел буны айтқанда, парисейлер менен саддукейлер арасында жәнжел пайда болып, жыйналғанлар екиге бөлинди. 8Өйткени саддукейлер өлимнен қайта тирилиў де, периште де, руўх та жоқ, дейди. Ал парисейлер булардың ҳәммесин тән алады. 9Солай етип, жыйналыста күшли шаўқым басланды. Парисейлер топарынан айырым диний муғаллимлер орынларынан турып:
– Бизлер бул адамнан ҳеш қандай айып таппай турмыз. Егер оған руўх ямаса периште сөйлеген болса ше?#Елш 23:9 Базы қолжазбаларда мына сөзлер де бар: «Қудайға қарсы урысыўшы болмайық». – деп қызып сөйледи.
10Жәнжел кем-кемнен күшейип баратырғанлықтан, олардың Павелди тилкимлеп таслаўынан қорққан мыңбасы әскерлерге төменге түсиўди ҳәм олардың арасынан оны күш пенен алып кетип, әскерий бөлимге апарыўды буйырды. 11Сол түни Ийемиз Павелге көринип: «Мәрт бол! Мен туўралы Ерусалимде қалай гүўалық берген болсаң, Римде де солай гүўалық бериўиң тийис», – деди.
Павелди өлтириў ушын тил бириктириў
12Ертеңине яҳудийлер тил бириктирип: «Павелди өлтирмегенимизше ишип-жесек, бизлерге нәлет болсын», – деп өз ара ант ишти. 13Бул тил бириктириўге қатнасқанлардың саны қырықтан аслам еди. 14Олар бас руўханийлер менен ақсақалларға барып былай деди:
– «Павелди өлтирмегенимизше аўзымызға бир түйир нәрсе алсақ, бизлерге нәлет болсын», – деп қатал түрде ант иштик. 15Енди сизлер жоқарғы кеңес пенен бирликте мыңбасыға барың да, өзлериңизди Павелдиң мәселесин еле де анығырақ тексеретуғын қылып көрсетип, оны сизлерге алып келиўин өтиниш етиңлер. Ол кеңеске келместен бурын бизлер оны өлтириўге таяр турамыз.
16Бирақ Павелдиң жийени олардың тил бириктиргенин еситип қалып, әскерий бөлимге барды да, бул хабарды Павелге жеткизди. 17Павел жүзбасылардың бирин жанына шақырып:
– Бул жигитти мыңбасыға алып барың, айтатуғын гәпи бар екен, – деди.
18Жүзбасы жигитти мыңбасыға алып келди де:
– Тутқын Павел мени шақырып, мына жигитти сизге апарыўымды өтиниш еткен еди. Оның сизге айтажақ гәпи бар екен, – деди.
19Мыңбасы жигиттиң қолынан услады да, оны шетке шығарып:
– Маған не айтпақшы едиң? – деп сорады.
20Жигит былай деп жуўап берди:
– Яҳудийлер өз ара тил бириктирип, Павелдиң мәселесин анығырақ тексериў сылтаўы менен, оны ертең жоқарғы кеңеске алып келиўиңизди сизден өтиниш етпекши. 21Бирақ сиз оларға қулақ салмаң! Себеби олардың қырықтан асламы оны тасада күтпекте. Олар: «Павелди өлтирмегенимизше ишип-жесек, бизлерге нәлет болсын!» – деп ант ишти. Енди олар сизиң қайылшылығыңызды күтип, таяр болып турыпты.
22Мыңбасы жигитке:
– Буларды маған хабарлағаныңды ҳеш кимге айтпа! – деп тапсырды да, оны қайтарып жиберди.
Павелдиң Кесарияға алып барылыўы
23Соңынан мыңбасы жүзбасылардың екеўин жанына шақырып алып былай деди:
– Түнде, саат тоғызда Кесарияға кетиў ушын, еки жүз пияда әскер, жетпис атлы ҳәм еки жүз найзалы әскер таярлаңлар. 24Павелди миндирип, оны аман-есен ҳәким Феликске жеткизиў ушын, атлар менен тәмийинлеңлер.
25Соңынан мыңбасы төмендеги хатты жазды:
26«Ҳүрметли ҳәким Феликске Клавдий Лисястан сәлем!
27Яҳудийлер бул адамды услап алып өлтирейин деп атыр еди. Бирақ мен оның Рим пуқарасы екенин билгенимнен соң, әскерлерим менен жетип барып, қутқарып қалдым. 28Оны не ушын айыплап атырғанын билмекши болып, яҳудийлердиң жоқарғы кеңесине алып бардым. 29Сонда оның яҳудийлердиң нызамына байланыслы тартыслы нәрселер себепли айыпланып атырғанын анықладым. Бирақ онда өлимге ямаса қамалыўға ылайық ҳеш қандай айып жоқ. 30Бул адамға қарсы қастыяншылық исленежақ екенлиги маған хабар етилгенде, оны дәрҳал сизге жолладым. Оның айыплаўшыларына да оған қарсы шағымларын сизиң алдыңызда айтыўды буйырдым».
31Солай етип, әскерлер өзлерине берилген буйрық бойынша Павелди алып, түнде Антипатрис деген қалашаға барды. 32Ертеңине олар атлы әскерлерди Павел менен жолды даўам етиў ушын қалдырып, өзлери әскерий бөлимге қайтып келди. 33Атлы әскерлер Кесарияға барып, хатты ҳәкимге берди де, Павелди оның қолына тапсырды. 34Ҳәким хатты оқып, Павелден қайсы үлкеден екенин сорады. Киликиялы екенин билгенде, оған: 35«Сени айыплаўшыларың келгенде тыңлайман», – деди де, оның Ҳиродтың сарайында қараўылланыўын буйырды.

လက္ရွိေရြးခ်ယ္ထားမွု

Елшилер 23: КркМК22

အေရာင္မွတ္ခ်က္

မၽွေဝရန္

ကူးယူ

None

မိမိစက္ကိရိယာအားလုံးတြင္ မိမိအေရာင္ခ်ယ္ေသာအရာမ်ားကို သိမ္းဆည္းထားလိုပါသလား။ စာရင္းသြင္းပါ (သို႔) အေကာင့္ဝင္လိုက္ပါ