YouVersion လိုဂို
ရွာရန္ အိုင္ကြန္

Елшилер 22

22
1– Туўысқанларым ҳәм ағаларым! Енди сизлерге айтажақ, өзимди ақлаўшы сөзлеримди тыңлаңлар!
2Павелдиң өзлерине еврейше сөйлегенин еситкенде, олар бурынғыдан бетер тым-тырыс болды. Павел былай деп даўам етти:
3– Мен яҳудиймен. Киликияның Тарсус қаласында туўылып, усы Ерусалим қаласында өстим. Гамалиелдиң қолы астында ата-бабаларымыздың нызамы бойынша муқыятлы түрде тәрбияландым. Ҳәзир сизлердиң ҳәммеңиз сыяқлы, мен де Қудайға инталы хызмет еттим. 4Ийсаның жолы менен жүриўшилерди өлгенше қуўдалап, еркек пе, ҳаял ма деместен, оларды байлап қамаққа салдым. 5Бас руўханий менен барлық ақсақаллар кеңеси де сөзлеримди тастыйықлай алады. Мен олардан Дамасктеги яҳудийлерге жазылған хат алып, жолға шыққан едим. Мениң мақсетим Ийсаға исенетуғын сол жердеги адамларды да байлап, жазалаў ушын Ерусалимге әкелиў еди.
6Мен жолға шығып, Дамаскке жақынлағанымда, түслер шамасында тосаттан аспаннан түскен бир жарық нур әтирапымды жарқыратып жиберди. 7Мен жерге жығылдым ҳәм бир даўыстың маған: «Шаул, Шаул! Сен неге Мени қуўдалап атырсаң?» – дегенин еситтим.
8«Сен кимсең, Ийем?» – деп сорадым мен. Ол маған: «Мен – сен қуўдалап атырған насыралы Ийсаман» – деди. 9Мениң жанымдағылар нурды көрсе де#Елш 22:9 …нурды көрсе де – Базы қолжазбаларда «…нурды көрип, қорқынышқа түсти»., мениң менен сөйлескенниң сөзлерин түсинбеди.
10«Ийем, не ислеўим керек?» – деп сорадым мен. Ийемиз маған: «Орныңнан турып, Дамаскке бар. Саған бекитилген ислердиң ҳәммеси сол жерде айтылады», – деди. 11Жаңағы нурдың салтанатлы жақтысынан көзлерим көрмей қалғанлықтан, жанымдағылар қолымнан услап, мени Дамаскке жетеклеп апарды.
12Сол жерде Ханания атлы бир диншил адам бар еди. Ханания сол жердеги барлық яҳудийлер арасында жақсы аты шыққан адам болып, Мухаддес Нызам бойынша жасайтуғын еди. 13Ол жаныма келип турды да: «Туўысқаным, Шаул! Көзлериң көрип кетсин!» – деди. Мениң сол ўақытта-ақ көзлерим ашылып, оны көрдим.
14Ханания былай деди: «Ата-бабаларымыздың Қудайы Өзиниң еркин билиўиң ушын ҳәм ҳақ Адамды көрип, Оның аўзынан шыққан сести еситиўиң ушын, сени таңлады. 15Себеби сен көргенлериңди ҳәм еситкенлериңди барлық адамларға жәриялап, Оның гүўасы боласаң. 16Енди нени күтип отырсаң? Орныңнан турып, суўға шомылдырыл ҳәм Оның атын айтып шақырып, гүналарыңнан тазалан!»
17Мен Ерусалимге қайтып келип, Ибадатханада дуўа етип отырғанымда, айрықша жағдайға түсип, Ийемизди көрдим. 18Ол маған: «Тезирек Ерусалимнен кет! Өйткени бул жердеги адамлар сениң Мен туўралы берген гүўалығыңды қабыл етпейди», – деди.
19Мен Оған былай дедим: «Ийем! Олар мениң мәжилисханама-мәжилисхана жүрип, Саған исенетуғынларды қамап, сабағанымды биледи. 20Және де, Сениң гүўаң Степанның қаны төгилгенде, мен де сол жерде едим. Мен оны өлтиргенлердиң кийимлерин қараўыллап, олардың исин мақуллап турдым».
21Ийемиз маған: «Бар! Мен сени узаққа, басқа миллетлерге жиберемен», – деди.
Рим пуқарасы Павел
22Адамлар Павелди усы сөзлерине дейин тыңлады. Бирақ соңғы сөзлерди еситкенде:
– Бундай адамды жер бетинен қуртыў керек, ол жасаўға ылайықлы емес! – деп даўысларының барынша бақыра баслады.
23Олар усылай бақырысып, ашыў менен кийимлерин ылақтырып, аспанға шаң-тозаң көтерип турғанда, 24мыңбасы Павелди әскерий бөлимниң ишине апарыўды буйырды. Халықтың Павелге қарсы не ушын усылай бақырып атырғанын билиў ушын, оны қамшылап, тергеўди тапсырды. 25Қолларын керип, қайыс пенен байлап атырғанда, Павел сол жерде турған жүзбасыға:
– Рим пуқарасын ҳүким етпей турып қамшылаў нызамға туўры келе ме? – деди.
26Жүзбасы буны еситкенде, мыңбасыға барып хабар берди де:
– Не ислейин деп атырсызлар? Бул адам – Рим пуқарасы екен-ғо, – деди.
27Сонда мыңбасы Павелдиң жанына келип:
– Маған айтшы, сен Рим пуқарасымысаң? – деп сорады.
– Аўа, – деди Павел.
28– Мен бул пуқаралыққа көп ақша менен еристим, – деди мыңбасы.
– Ал мен Рим пуқарасы болып туўылдым, – деди Павел.
29Сонда Павелди тергемекши болғанлар дәрҳал жанынан шегинди. Павелди байлатқан мыңбасы да оның Рим пуқарасы екенин билгенде қорқып кетти.
Павел жоқарғы кеңес алдында
30Ертеңине мыңбасы яҳудийлердиң Павелди не ушын айыплап атырғанын анық билмекши болғанлықтан, оны кисенлерден босатты да, бас руўханийлер менен пүткил жоқарғы кеңестиң жыйналыўын буйырды. Соңынан Павелди алып келип, олардың алдында турғызып қойды.

လက္ရွိေရြးခ်ယ္ထားမွု

Елшилер 22: КркМК22

အေရာင္မွတ္ခ်က္

မၽွေဝရန္

ကူးယူ

None

မိမိစက္ကိရိယာအားလုံးတြင္ မိမိအေရာင္ခ်ယ္ေသာအရာမ်ားကို သိမ္းဆည္းထားလိုပါသလား။ စာရင္းသြင္းပါ (သို႔) အေကာင့္ဝင္လိုက္ပါ