YouVersion လိုဂို
ရွာရန္ အိုင္ကြန္

Елшилер 20

20
Павел Македония менен Грецияда
1Эфестеги топалаң басылғаннан кейин, Павел шәкиртлерди шақыртып жигерлендирди. Соңынан олар менен хошласып, Македонияға кетиў ушын жолға шықты. 2Ол жол-жөнекей үлкелерди аралағанда, исениўшилерди көп сөзлер менен жигерлендирип, Грецияға келди. 3Ол жерде үш ай қалды. Кеме менен Сирияға кетпекши болғанда, яҳудийлер өзине қарсы тил бириктиргенликтен, Македония арқалы изине қайтыўға қарар етти. 4Пир улы бериялы Сопатер, салоникалылардан Аристарх пенен Секундус, дербели Гаюс ҳәм Тимофей, Азия үлкесинен Тихик пенен Трофим оның менен бирге кетти. 5Булар бурын кетип, бизлерди Троас қаласында күтип турды. 6Ал бизлер Ашытқысыз нан байрамынан соң, Филиптен кеме менен жолға шығып, бес күнде оларға, Троасқа жетип келдик. Ол жерде жети күн болдық.
Павелдиң Эвтихты тирилтиўи
7Екшемби күни нан сындырыў ушын бир жерге жыйналғанымызда, Павел исениўшилерге сөз сөйледи. Ертеңине кететуғын болғанлықтан, оның ўазы ярым ақшамға дейин созылды. 8Бизлер жыйналған жоқарғы қабаттағы бөлмеде көп шыралар жанып турған еди. 9Эвтих атлы бир жас жигит әйнекке минип отыр еди. Павелдиң сөзи созылып кеткенликтен, Эвтихты уйқы басты. Ол уйықлап кетип, үшинши қабаттан қулап түсти. Оны жерден көтерип алғанда, ол өлип қалған еди. 10Павел төменге түсип, жигиттиң үстине еңкейди де, оны қушақлап: «Уўайымламай-ақ қойың, оның жаны бар!» – деди. 11Соңынан жоқарыға көтерилип, нан сындырып жеди. Олар менен таң атқанша көп сөйлескеннен соң, жолға шықты. 12Жигитти үйине тири апарып, исениўшилер үлкен жубаныш алды.
Троастан Милитке сапар
13Бизлер бурынырақ кеме менен кетип, Ассос қаласына бардық. Ол жерден Павелди мингизип алыўымыз керек еди. Өйткени оның өзи пияда жүргиси келгенликтен, бизлерге усылай тапсырған еди. 14Павел менен Ассоста ушырасып, оны кемеге мингиздик те, Митилина қаласына бардық. 15Ол жерден кеме менен жолға шығып, ертеңине Хиос атаўының қарсысына келдик. Бир күннен соң Самос атаўына#Елш 20:15 Базы қолжазбаларда «Трогиллионда тоқтағаннан кейин» деген сөзлер де бар., оның ертеңине Милит қаласына бардық. 16Азия үлкесинде ўақытты босқа жибермеў ушын, Павел Эфеске бармай өтиўди уйғарды. Егер мүмкин болса, ол Елиўинши күни байрамында Ерусалимде болыўға асықпақта еди.
Павелдиң эфесли ақсақаллар менен хошласқанда сөйлеген сөзи
17Павел Милиттен Эфеске адам жиберип, исениўшилер жәмәәтиниң ақсақалларын жанына шақыртты. 18Олар жанына келгенде, Павел былай деди:
– Азия үлкесине қәдем басқан дәслепки күнимнен баслап, сизлер менен бирге болған ўақтымның ҳәммесинде қалай жасағанымды билесизлер. 19Яҳудийлердиң қастыяншылықлары себепли басымнан өткен қыйыншылықларға қарамастан, Ийемизге толық кишипейиллик пенен, сизлер ушын көз жасларымды төгип хызмет еттим. 20Және де, пайдалы болған ҳәр қандай нәрсени қалдырмай, сизлерге халық алдында ҳәм үйлерде тәлим бериўди тоқтатпадым. 21Яҳудийлерге де, греклерге де тәўбе етип Қудайға келиўди ҳәм Ийемиз Ийсаға исениўди жәрияладым.
22Ал енди болса, Мухаддес Руўхтың жетелеўи менен Ерусалимге баратырман. Ол жерде маған не болатуғынын билмеймен. 23Бирақ Мухаддес Руўх мени қамақ ҳәм қыйыншылықлар күтип турғанын маған ҳәр бир қалада билдирип атыр. 24Буған қарамастан, мен өз жанымды аямайман. Тек өз бәйгимди басып өтип, Қудайдың мийриминиң Хош Хабары туўралы гүўалық бериўди, яғный Ийемиз Ийсаның маған тапсырған исин жуўмақласам болғаны.
25Мен араңызда жүрип, Қудайдың Патшалығы ҳаққында жәрияладым. Енди болса, сизлердиң ҳеш қайсысыңыздың мениң жүзимди қайтып көрмейтуғыныңызды билемен. 26Сонлықтан бүгин сизлерге мынаны ашық айтаман, ким де ким араңызда қутқарылмаса, мен ол ушын жуўапкер емеспен. 27Себеби сизлерге Қудайдың пүткил еркин толық жәрияладым. 28Өзлериңизге ҳәм Мухаддес Руўх сизлерди бағыўшы қылып қойған пүткил сүриўге көзқулақ болыңлар! Қудайдың Өз Улының қаны менен сатып алған исениўшилер жәмәәтин бағыңлар! 29Мен кеткеннен соң, сүриўди аямайтуғын жыртқыш қасқырлардың араңызға киретуғынын билемен. 30Ҳәтте, араңыздан шәкиртлерди жолдан азғырып, өзлериниң излерине ертиў ушын, ҳақыйқатты бурмалаўшы адамлар шығады. 31Сонлықтан сергек болыңлар! Үш жыл бойы, күн-түн демей көз жасларымды төгип, ҳәр бириңизге үзликсиз ақыл-нәсият бергенимди еслериңизде сақлаңлар!
32Енди мен сизлерди Қудайға ҳәм Оның мийримин билдиретуғын сөзге тапсыраман. Бул сөз сизлерди беккемлеп, Қудайдың мухаддес болған пүткил адамлары менен бирге сизлерге де мийрас бериўге қүдирети жетеди. 33Мен ҳеш кимниң гүмисин, алтынын ямаса кийимин күсемедим. 34Өзимниң ҳәм мениң менен бирге болғанлардың мүтәжликлери ушын усы қолларым менен мийнет еткенимди билесизлер. 35Ийемиз Ийсаның: «Алған адамнан гөре, берген адам бахытлырақ», – деген сөзин умытпай, усылай мийнет етип, ҳәлсизлерге жәрдем бериў кереклигин сизлерге ислеген ҳәр бир исимде көрсеттим.
36Павел усы сөзлерди айтып болғаннан соң, олардың ҳәммеси менен бирге дизе бүгип, дуўа етти. 37Олардың ҳәммеси қатты жыласты ҳәм Павелди қушақлап сүйди. 38Әсиресе оларды қатты қапа қылған, Павелдиң: «Мениң жүзимди қайтып көрмейсиз», – деген сөзлери болды. Соңынан оны кемеге дейин шығарып салды.

လက္ရွိေရြးခ်ယ္ထားမွု

Елшилер 20: КркМК22

အေရာင္မွတ္ခ်က္

မၽွေဝရန္

ကူးယူ

None

မိမိစက္ကိရိယာအားလုံးတြင္ မိမိအေရာင္ခ်ယ္ေသာအရာမ်ားကို သိမ္းဆည္းထားလိုပါသလား။ စာရင္းသြင္းပါ (သို႔) အေကာင့္ဝင္လိုက္ပါ