1
Матта 10:16
Жаңа Келисим
– Мине, Мен сизлерди қойларды қасқырлардың арасына жибергендей жиберип атырман. Сонлықтан жыландай ақыллы, кептердей ақ кеўил болыңлар.
Comparer
Explorer Матта 10:16
2
Матта 10:39
Өз жанын сақлап жүрген адам оны жоғалтады, ал жанын Мен ушын жоғалтқан адам оны сақлап қалады.
Explorer Матта 10:39
3
Матта 10:28
Денени өлтирсе де, жанды өлтире алмайтуғынлардан қорқпаңлар. Ал жанды да, денени де дозақта жоқ қыла алатуғын Қудайдан қорқыңлар.
Explorer Матта 10:28
4
Матта 10:38
Ким де ким өз атанақ ағашын арқалап Мениң изиме ермесе, ол Маған ылайықлы емес.
Explorer Матта 10:38
5
Матта 10:32-33
Солай етип, ким де ким Мени адамлар алдында тән алса, Мен де оны аспандағы Әкемниң алдында тән аламан. Ал ким де ким Мени адамлар алдында тән алмаса, Мен де оны аспандағы Әкемниң алдында тән алмайман.
Explorer Матта 10:32-33
6
Матта 10:8
Аўырыўларға шыпа бериңлер, өлгенлерди тирилтиңлер, мақаў кесел болғанларды тазалаңлар, жинлерди қуўып шығарыңлар. Ешейин алдыңлар, ешейин бериңлер.
Explorer Матта 10:8
7
Матта 10:31
Сонлықтан қорқпаңлар: көп шымшықлардан сизлер қымбатлырақсызлар-ғо.
Explorer Матта 10:31
8
Матта 10:34
– Мени жер жүзине татыўлық әкелген, деп ойламаңлар. Мен татыўлық емес, қылыш бериўге келдим.
Explorer Матта 10:34
Accueil
Bible
Plans
Vidéos