YouVersion Logo
Search Icon

Матта 2

2
Жулдыз изертлеўшилер
1Ийса Яҳудияның Бейтлеҳем қаласында, патша Ҳиродтың заманында туўылды. Узақ ўақыт өтпей, Ерусалим қаласына күншығыстан жулдыз изертлеўшилер келип:
2– Яҳудийлердиң жаңа туўылған Патшасы қаяқта екен? Өйткени бизлер күншығыста Оның жулдызын көрип, Оған табыныўға келдик, – деп сорады.
3Буны еситкен патша Ҳирод ҳәм оның менен бирге пүткил Ерусалим қаласы тынышсызланып қалды. 4Ҳирод халықтың барлық бас руўханийлерин ҳәм диний муғаллимлерин жыйнап алып, олардан Масийхтың қай жерде туўылыўы тийис екенин сорады.
5Олар былай деди:
– Яҳудиядағы Бейтлеҳемде. Себеби пайғамбар арқалы мынадай сөзлер жазылған:
6«Ҳәй, Яҳуда жериндеги Бейтлеҳем!
Яҳудадағы баслы қалалардан сен ҳеш кем емессең!
Өйткени Мениң халқым Израилды бағатуғын Көсем
Сеннен шығады»#2:6 Мих 5:2..
7Сонда Ҳирод жулдыз изертлеўшилерди жасырын шақыртып, олардан жулдыздың шыққан ўақтын билип алды. 8Оларды Бейтлеҳемге жиберип:
– Барып, Нәресте ҳаққында жақсылап билип алың. Оны тапқаннан кейин, маған хабар бериң, мен де барып Оған табынайын, – деди.
9Олар патшаның сөзин еситип болып, жүрип кетти. Сонда өзлери күншығыста көрген жулдыз олардың алдында жүрип, жол көрсетти ҳәм Нәресте жатқан үйдиң үстинде тоқтады. 10Жулдызды көргенде, олар қатты қуўанды. 11Үйге кирип, Нәрестени ҳәм Оның анасы Мәриямды көрди де, Нәрестениң аяғына жығылып, Оған табынды. Өзлериниң ғәзийне ыдысларын ашып, Оған алтын, ладан ҳәм мирра#2:11 Ладан ҳәм мирра – белгили бир тереклердиң қатқан ширесинен таярланған хош ийисли нәрсе. деген хош ийисли затларды сыйға берди. 12Олар Ҳиродқа қайтып бармаў ҳаққында түслеринде ескертилгенликтен, басқа бир жол менен өз еллерине қайтып кетти.
Мысырға қашыў
13Жулдыз изертлеўшилер кеткеннен кейин, Жаратқан Ийениң бир периштеси Юсуптиң түсине енип:
– Орныңнан тур да, Нәресте менен анасын алып, Мысырға қаш! Саған өзим хабар бергенимше, сол жерде бол! Себеби Ҳирод Нәрестени өлтириў ушын излемекте, – деди.
14Юсуп турды да, Нәресте менен анасын алып, түн ишинде Мысырға қашып кетти. 15Ҳиродтың өлимине шекем сол жерде болды. Солай етип, Жаратқан Ийениң: «Улымды Мысырдан шақырып алдым»#2:15 Ҳош 11:1., – деп пайғамбар арқалы алдын ала айтқан сөзлери орынланды.
16Ал Ҳирод жулдыз изертлеўшилердиң алдап кеткенин түсинип, қатты ашыўланды. Жулдыз изертлеўшилерден ўақытты билип алған ол Бейтлеҳемдеги ҳәм оның дөгерегиндеги еки жасқа шекемги ул балалардың ҳәммесин өлтириўди буйырды. 17Солай етип, Еремия пайғамбар арқалы айтылған мына сөзлер орынланды:
18«Рамадан бир даўыс еситилди,
Қатты зарлап жылаған.
Балаларын жоқлап жылар Раҳила.
Жубанғысы келмес, өйткени жоқ енди олар»#2:18 Ерм 31:15..
Мысырдан Насыраға қайтыў
19Ҳирод өлгеннен кейин, Жаратқан Ийениң бир периштеси Мысырда Юсуптиң түсине енип:
20– Орныңнан тур да, Нәресте менен анасын алып, Израил елине қайт. Себеби Нәрестени өлтирмекши болғанлар өлди, – деди.
21Юсуп турып, Нәресте менен анасын алып, Израил елине қайтты. 22Бирақ Яҳудияда Ҳиродтың орнына баласы Архелай патша болып отырғанын еситип, Юсуп ол жерге барыўға қорқты. Түсинде аян арқалы ескертилген ол Галила үлкесине кетип, 23Насыра деген қалаға орналасты. Солай етип, «Ол насыралы деп аталады», деп пайғамбарлардың алдын ала айтқанлары орынланды.

Currently Selected:

Матта 2: КркМК22

Highlight

Share

Copy

None

Want to have your highlights saved across all your devices? Sign up or sign in