YouVersion Logo
Search Icon

Матта 3

3
Шомылдырыўшы Яқыяның ўазы
(Мрк 1:1-8; Лук 3:1-18; Юхн 1:19-28)
1Сол күнлери шомылдырыўшы Яқыя келип, Яҳудия үлкесиниң шөл даласында:
2– Тәўбе етиңлер! Себеби Аспан Патшалығы#3:2 Аспан Патшалығы – Қудайдың Патшалығы. жақынлады, – деп жәриялады.
3Ийшая пайғамбар арқалы мынадай деп алдын ала айтылған адам усы Яқыя еди:
«Шөл далада бақырған бир даўыс еситиледи:
„Ийемизге жол таярлаңлар,
Оның жүретуғын жолларын дүзетиңлер!“»#3:3 Ийш 40:3.
4Яқыя түйениң жүнинен кийим кийген, белин тери қайыс пенен буўған болып, оның аўқаты шегиртке менен жабайы ҳәррениң палы еди.
5Сол ўақытта Ерусалимниң, пүткил Яҳудия үлкесиниң ҳәм Иорданның пүткил дөгерегиниң турғынлары оның алдына барды 6ҳәм өзлериниң гүналарын мойынлап, Иордан дәрьясында шомылдырылды. 7Яқыя өзине көп парисейлер менен саддукейлердиң#3:7 Парисейлер менен саддукейлер – Ийсаның заманында яҳудий халқының күшли диний топарлары. суўға шомылдырылыўға#3:7 Суўға шомылдырыў – грек тилинде «баптизо». Бул рәсим адамлардың Қудайдың алдында тәўбе етип, таза өмирди баслаўының нышаны. киятырғанын көрип, оларға:
– Ҳәй, уўлы жыланлардың туқымлары! Келешектеги қәҳәрли жазадан қутылыўды сизлерге ким үйретти? 8Тәўбе еткениңизге ылайық жемис бериңлер! 9Және: «Ата тегимиз Ибрайым ата-ғо!» – деп ишлериңизден ойламаңлар. Сизлерге айтатуғыным: Қудай Ибрайымға мына таслардан да урпақ жасап бере алады.
10Тереклердиң тамырында ҳәзирдиң өзинде-ақ балта жатыр. Жақсы мийўе бермейтуғын ҳәр бир терек шабылып, отқа тасланады. 11Тәўбе еткениңиздиң белгиси ретинде, мен сизлерди суў менен шомылдыраман. Бирақ меннен кейин Келиўши меннен де қүдиретли: мен Оның аяқ кийимин шешиўге де ылайықлы емеспен. Ол сизлерди Мухаддес Руўх ҳәм от пенен шомылдырады. 12Оның жабасы қолында. Ол Өз қырманын тазалап, бийдайын ғәллеханасына жыйнайды, ал сабанын сөнбес отқа жандырады, – деди.
Ийсаның шомылдырылыўы
(Мрк 1:9-11; Лук 3:21-22)
13Сонда Ийса Яқыя тәрепинен шомылдырылыў ушын Галиладан Иордан дәрьясына, Яқыяның қасына келди. 14Бирақ Яқыя Оны иркип:
– Сениң қолыңнан шомылдырылыўға мен мүтәжбен-ғо! Сен неге маған киятырсаң? – деди.
15Бирақ, Ийса оған жуўап берип:
– Енди ыразы бол, пүткил ҳақлықты#3:15 Пүткил ҳақлық – Қудайдың ерки. бизлер усылайынша орынлаўға тийислимиз, – деди.
Соннан соң, Яқыя Оған қайылшылық берди.
16Ийса шомылдырылып, дәрриў суўдан шықты. Мине, аспан ашылып, Ол Қудайдың Руўхының Өзиниң үстине кептер пишининде түсип киятырғанын көрди. 17Сонда аспаннан:
– Бул – Мениң сүйикли Улым, Мен Оған ырзаман! – деген саза еситилди.

Currently Selected:

Матта 3: КркМК22

Highlight

Share

Copy

None

Want to have your highlights saved across all your devices? Sign up or sign in