YouVersion Logo
Search Icon

Яқып 5

5
Байларға ескертиў
1Тыңлаңлар енди, ҳәй байлар, басыңызға түсетуғын бахытсызлықлар себепли өкирип жылаңлар! 2Байлығыңыз ширип, кийимлериңизди күйе жеген. 3Алтын ҳәм гүмислериңиз тат басқан. Олардың таты сизлерге қарсы гүўалық берип, денеңизди от сыяқлы жейди. Сизлер бул ақырғы күнлерде де байлық үстине байлық жыйнадыңлар.
4Сизлер егинлериңизди орған жумысшылардың ис ҳақысын жеп қойдыңлар. Мине, сол орақшылардың дады Әлемниң Жаратқан Ийесиниң қулағына жетти. 5Сизлер жер жүзинде молшылықта жасап, кәйпи-сапа еттиңлер. Баўызланатуғын күнде өзлериңизди семирттиңлер. 6Сизлер өзлериңизге қарсы турмаған ҳақ адамларды ҳүким етип өлтирдиңлер.
Сабырлы болыңлар!
7Солай етип, туўысқанларым, Ийемиз келгенше, сабырлы болыңлар! Әне, дийхан сабырлылық етип, биринши ҳәм соңғы жаўынлар жаўғанша, жердиң қымбатлы зүрәәтин күтип атыр. 8Сизлер де сабырлы болып, беккем турыңлар! Өйткени Ийемиздиң келетуғын ўақты жақын. 9Туўысқанлар, ҳүким етилмеўиңиз ушын бир-бириңизге қарсы наразылық билдирмеңлер. Мине, ҳүким етиўши Ийемиз қапы алдында тур.
10Туўысқанлар, Жаратқан Ийениң атынан сөйлеген пайғамбарлардың қыйыншылықларда сабырлылық еткенинен өрнек алыңлар. 11Сабырлылық еткенлерди бизлер бахытлы деп есаплаймыз. Сизлер Аюптың сабырлылығы ҳаққында еситтиңлер. Соңында Жаратқан Ийениң ол ушын нелер ислегенин де билесизлер#5:11 Аюп 1:21-22; 42:10-16.. Ийемиз жүдә мийрим-шәпәәтли ҳәм реҳимли.
12Ҳәй, туўысқанларым! Ең баслысы, ант ишпеңлер. Я аспан менен, я жер менен, я басқа нәрсе менен ант ишпеңлер. Тек «аўа» ңыз аўа, «яғ» ыңыз яқ болсын. Сонда ҳүким етилмейсизлер.
Исеним менен етилген дуўа
13Араңызда азап шегип атырған бар ма? Ол дуўа етсин. Руўхы көтериңки адам бар ма? Ол Қудайға алғыс-мақтаў қосығын айтсын. 14Араңызда аўырыў адам бар ма? Ол исениўшилер жәмәәтиниң ақсақалларын шақырсын. Олар Ийемиздиң аты менен оны май менен сылап, ол ушын дуўа етсин. 15Исеним менен етилген дуўа аўырыўға шыпа береди ҳәм Ийемиз оны аяққа турғызады. Егер ол гүна ислеген болса, гүнасы кешириледи. 16Солай етип, шыпа табыўыңыз ушын, бир-бириңиздиң алдыңызда гүналарыңызды мойынлаңлар ҳәм бир-бириңиз ушын дуўа етиңлер. Ҳақ адамның дуўасы жүдә күшли тәсирге ийе.
17Илияс та бизлер сыяқлы бир адам еди. Жаўын жаўмасын деп, ол күшли дуўа еткенде, жерге үш жыл, алты ай жаўын жаўмады. 18Ол және дуўа етти. Сонда аспаннан жаўын жаўып, жер өним берди#5:17-18 3Пат 17:1; 18:41-45..
19Туўысқанларым! Араңызда бир адам ҳақыйқат жолынан адасса, бириңиз оны ҳақыйқатқа қайтарса, 20билсин, бир гүнакарды надурыс жолдан қайтарған адам бир жанды өлимнен қутқарған ҳәм көп гүналарды жуўған болады.

Currently Selected:

Яқып 5: КркМК22

Highlight

Share

Copy

None

Want to have your highlights saved across all your devices? Sign up or sign in