YouVersion Logo
Search Icon

Яқып 4

4
Дүнья менен дос болыўдан аўлақ болыңлар!
1Араңыздағы урыс ҳәм жәнжеллер қаяқтан келип шығады? Денелериңиздиң мүшелеринде урысып атырған қәлеўлериңизден емес пе? 2Бир нәрсени қәлейсизлер, бирақ ерисе алмайсызлар. Сонлықтан адам өлтиресизлер. Күншиллик етесизлер, бирақ қәлегениңизге ерисе алмағанлықтан, жәнжеллесип урысасызлар. Сизлер Қудайдан сорамағаныңыз ушын, алмай атырсызлар. 3Сорасаңыз да алмай атырсызлар. Себеби жаман нийет пенен, өз нәпсиңизге пайдаланыў ушын сорап атырсызлар.
4Ҳәй, опасызлар! Дүнья менен дос болыўдың Қудайға душпанлық екенин билмейсизлер ме? Дүньяның досты болыўды қәлеген адам өзин Қудайға душпан қылады. 5Мухаддес Жазыўда: «Қудай Өзи бизлерге берген жанды қызғаныш пенен жақсы көреди», – деп босқа айтылған деп ойлайсызлар ма? 6Деген менен, Қудайдың бизлерге беретуғын мийрими және де уллырақ. Сонлықтан Мухаддес Жазыўда:
«Қудай менменлерге қарсы турады,
Бирақ кишипейиллилерге Өз мийримин береди»#4:6 Ҳкм 3:34., –
делинген.
7Солай етип, Қудайға бойсыныңлар! Шайтанға қарсы турыңлар, сонда ол сизлерден қашып кетеди. 8Қудайға жақынласыңлар, сонда Ол да сизлерге жақынласады. Ҳәй, гүнакарлар, қолларыңызды гүнадан тазалаңлар! Ҳәй, еки ойлылар, жүреклериңизди пәклеңлер! 9Қайғырыңлар, аза тутып, жылаңлар! Күлкиңиз азаға, қуўанышыңыз қайғыға айлансын. 10Жаратқан Ийениң алдында өзлериңизди пәс тутыңлар, Ол сизлерди мәртебели қылады.
Бир-бириңизди жаманламаңлар!
11Туўысқанларым, бир-бириңизди жаманламаңлар! Өз туўысқанын жаманлайтуғын ямаса ҳүким ететуғын адам Мухаддес Нызамға қарсы сөйлеп, оны ҳүким еткен болады. Егер сен Мухаддес Нызамды ҳүким етсең, онда Мухаддес Нызамды орынлаўшы емес, ал оны ҳүким етиўши боласаң. 12Нызам шығарыўшы ҳәм ҳүким етиўши – жалғыз Қудай. Тек ғана Ол қутқарыўға ҳәм набыт қылыўға қүдиретли. Ал туўысқаныңды ҳүким ететуғындай, сен ким болыпсаң?
Мақтаншақлық ҳаққында
13Енди «Бүгин ямаса ертең пәлен қалаға кетемиз, ол жерде бир жыл қалып, саўда-сатық ислеп, пайда көремиз», – дейтуғынлар, тыңлаңлар! 14Сизлер ертең не болатуғынын билмейсизлер. Өмириңиздиң өзи не? Ол аз ўақыт көринип, кейин жоқ болатуғын пуў. 15Оның орнына: «Егер Жаратқан Ийе қәлесе, жасаймыз ҳәм мынаны я ананы ислеймиз», – деп айтыўыңыз тийис. 16Бирақ сизлер менменсип мақтанасызлар. Ҳәр қандай мақтаншақлық – жаўызлық. 17Солай етип, ким де ким жақсылық ислеўди билсе де, оны ислемесе, гүна қылған болады.

Currently Selected:

Яқып 4: КркМК22

Highlight

Share

Copy

None

Want to have your highlights saved across all your devices? Sign up or sign in