Яқып 3
3
Тилди тыйыў ҳаққында
1Туўысқанларым, көплериңиз муғаллим бола бермеңлер. Себеби бизлердиң, муғаллимлердиң қатаң ҳүким қылынатуғынымызды билесизлер. 2Ҳәммемиз көп қәте ислеймиз. Егер ким де ким сөйлегенде қәте қылмаса, ол пүткил денесин бойсындыра алатуғын минсиз адам болғаны.
3Бизлерге бойсыныўы ушын, атлардың аўызларына суўлық салып, олардың пүткил денесин басқара аламыз. 4Кемелер де соншелли үлкен болып, күшли самаллар менен жүрсе де, кемешиниң қәлеген жерине жүдә кишкене руль менен бурылады. 5Сол сыяқлы, тил де денениң кишкене бир мүшеси болса да, көп мақтанады. Кишкене бир ушқын соншелли үлкен тоғайды жандырып жибере алады. 6Тил – бул от, денемиздиң мүшелери арасында бир жаманлық дүньясы. Ол пүткил денемизди ипласлайды ҳәм өмиримизди жандырады. Оның өзи де дозақ отында жанады.
7Ҳәр түрли ҳайўанлар, қуслар, жер баўырлаўшылар ҳәм теңиз жаныўарлары адам тәрепинен қолға үйретилген ҳәм қолға үйретилмекте. 8Бирақ тилди ҳеш бир адам бойсындыра алмайды. Ол тоқтатып болмайтуғын жаманлық болып, өлтириўши зәҳәрге толы.
9Тилимиз бенен Жаратқан Ийени ҳәм Әкени алғыслаймыз. Сол тилимиз бенен Қудайға уқсатып жаратылған адамларды ғарғаймыз да. 10Бир аўыздан ҳәм мақтаў, ҳәм ғарғыс шығады. Туўысқанларым, бундай болмаўы керек. 11Бир булақтан ҳәм душшы, ҳәм ашшы суў шыға ма? 12Туўысқанларым! Әнжир ағашы зәйтүн ямаса жүзим ағашы әнжир бере ала ма? Ашшы булақ та душшы суў бере алмайды.
Жоқарыдан түскен даналық
13Араңызда дана ҳәм түсимпаз адам ким? Бундай адам өз даналығын жақсы жүрис-турысы арқалы көрсетип, кишипейиллик пенен жақсы ислер ислеўи тийис. 14Бирақ егер жүрегиңизде ашшы күншиллик ҳәм менменлик бар болса, онда мақтанбаңлар, ҳақыйқатқа қарсы жалған сөйлемеңлер. 15Бундай «даналық» жоқарыдан түспеген. Бундай «даналық» дүньядан, адам тәбиятынан, шайтаннан. 16Өйткени қай жерде күншиллик ҳәм менменлик бар болса, сол жерде тәртипсизлик ҳәм ҳәр түрли жаманлық болады.
17Бирақ жоқарыдан түскен даналық бириншиден пәк, соңынан татыў, мүләйим, бойсыныўшы, мийрим-шәпәәтке ҳәм жақсы жемислерге толы. Ол әдалатсыз ҳәм еки жүзли емес. 18Тынышлық пенен туқым сеўип, тынышлық орнатыўшылар ҳақлық жемисин жыйнап алады.
Currently Selected:
Яқып 3: КркМК22
Highlight
Share
Copy

Want to have your highlights saved across all your devices? Sign up or sign in
© Институт перевода Библии, 2022