YouVersion Logo
Search Icon

1 Петр 4

4
Қудай ушын жасаў
1Солай етип, Масийх#1Пет 4:1 Базы қолжазбаларда «бизлер ушын» деген сөзлер де бар. денеси менен азап шекти. Сизлер де Масийхта болған ойлар менен өзлериңизди азап шегиўге таярлаңлар. Себеби денеси азап шегип атырған адам гүна ислеўди тоқтатады. 2Буннан былай, дүньядағы өмириңиздиң қалған бөлегинде адамның жаман қәлеўлери бойынша емес, ал Қудайдың ерки бойынша жасаңлар. 3Өткен өмириңизде исенбейтуғын адамларға жағатуғын әдетлерди ислеп жасағаныңыз жетер! Сол ўақытлары сизлер бузықшылыққа, жаман қәлеўлерге, мәскүнемликке, айшы-әширетке, нәпсиқаўлыққа ҳәм жеркенишли бутпаразлыққа берилип, өмир сүрген едиңлер. 4Енди болса, исенбейтуғынлар сизлердиң олар менен бирликте усындай нәпсиқумарлықта қатнаспағаныңыз себепли ҳайран болып, сизлерди мазақ етип атыр. 5Бирақ олар буның ушын тирилер менен өлилерди ҳүким етиўге таяр турған Қудай алдында жуўап береди. 6Сол себепли, өлилердиң денеси басқалар қатары өлип жазаланса да, руўхы Қудай сыяқлы жасаўы ушын, Хош Хабар өлилерге де жәрияланды.
7Ҳәмме нәрсениң ақыры жақын. Сонлықтан дуўа етиў ушын ақыл менен ис тутып, сергек болыңлар! 8Ең баслысы, бир-бириңизди шын жүректен сүйиңлер. Өйткени сүйиспеншилик көп гүналарды жуўады. 9Наразылық билдирмей, бир-бириңизге миймандос болыңлар. 10Ҳәр бириңиз жақсы хызметши сыпатында Қудайдың сизлерге мийримлилик пенен берген ҳәр түрли руўхый сыйларын қоллана отырып, бир-бириңизге хызмет етиңлер. 11Адамлар алдында сөйлеген адам Қудайдың сөзине сай сөйлесин. Басқаларға хызмет ететуғын адам Қудайдың берген күши менен хызмет етсин. Усылайынша, Ийса Масийх арқалы Қудай ҳәр бир исте алғыслансын. Уллылық ҳәм қүдирет мәңги-бақый Масийхтики. Аўмийин.
Масийхый болып азап шегиў
12Сүйикли туўысқанларым, сизлерди сынаў ушын келетуғын аўыр азапты таң қаларлық нәрсе деп, ҳайран болмаңлар. 13Керисинше, Масийхтың азапларына шерик болғаныңызға қуўаныңлар. Солай етип, Масийх салтанат пенен келгенде, қуўанып шадланасызлар. 14Масийхтың аты ушын масқараланып атырған болсаңыз, сизлер бахытлысызлар! Себеби Қудайдың уллы Руўхы үстиңизде болады#1Пет 4:14 Базы қолжазбаларда мына сөзлер де бар: «Олар тәрепинен Оған тил тийгизиледи, бирақ сизлер тәрептен Ол алғысланады».. 15Және ҳеш бириңиз адам өлтириўши, уры, жаманлық ислеўши ямаса басқалардың жумысына араласып, кесент беретуғын болып, азап шекпесин. 16Бирақ сизлер масийхый#4:16 Масийхый – грекше «христиан». Яғный, Ийса Масийхты Қутқарыўшым ҳәм Ийем деп қабыл еткен исениўши адам. болғаныңыз ушын азап шегип атырған болсаңыз, уялмаңлар. Ал бул ат пенен аталатуғыныңыз ушын Қудайды алғыслаңлар. 17Өйткени ҳүким шығарылатуғын ўақыт жетип келди. Ҳүким шығарыўды Қудай Өз шаңарағынан баслайды. Егер бул Қудайдың шаңарағы болған бизлерден басланса, Қудайдың Хош Хабарына қулақ аспайтуғынлардың ақыры қандай болады?
18«Егер әдил адам зорға қутқарылса,
Қудайсыз ҳәм гүнакар адамға не болады?»#4:18 Ҳкм 11:31.
19Сонлықтан Қудайдың ерки менен азап шеккенлер жанларын исенимли Жаратқанға тапсырсын ҳәм жақсылық ислеўин даўам етсин.

Currently Selected:

1 Петр 4: КркМК22

Highlight

Share

Copy

None

Want to have your highlights saved across all your devices? Sign up or sign in