YouVersion Logo
Search Icon

Лука 7

7
Жетинши бап
Римли жүзбасының исеними
1Ийса Өзин тыңлап турған халыққа ҳәмме сөзин айтып болғаннан соң, Капарнаҳумға кетти. 2Сол жерде бир римли жүзбасының қәдирлейтуғын хызметшиси аўырып, өлим төсегинде жатырған еди. 3Жүзбасы Ийса туўралы еситип, Ол келип, хызметшиме шыпа бермес пе екен деп, өтиниш етиў ушын, Оған яҳудийлердиң ақсақалларын жиберди. 4Олар Ийсаның қасына келди де, қатты өтиниш етип:
– Ол Сениң жәрдем бериўиңе минәсип. 5Себеби ол халқымызды жақсы көреди, бизлерге мәжилисхана да салып берди, – деди.
6Ийса олар менен бирге кетти. Ол үйге жақынлап қалғанда, жүзбасы Оған досларын жиберип, былай деп айтқызды:
– Әўере болмай-ақ қой, Ийем! Сениң шаңарағыма келиўиңе мен ылайықлы емеспен. 7Сонлықтан өзимниң Саған барыўымды да минәсип көрмедим. Тек бир сөз айтсаң болды, хызметшим жазылып кетеди. 8Өйткени мен де биреўдиң қол астындағы адамман, өзиме бағынышлы әскерлерим де бар. Олардың биреўине: «бар» десем, барады, екиншисине «кел» десем, келеди. Қулыма: «мынаны исле» десем, ислейди.
9Бул сөзлерди еситкен Ийса таң қалды ҳәм изине ерип киятырған халыққа бурылып:
– Сизлерге айтатуғыным: Мен бундай исенимди Израилда да ушыратпаған едим, – деди.
10Жиберилгенлер үйге қайтып келгенде, аўырыў хызметшиниң жазылып кеткенин көрди.
Жесир ҳаялдың
баласының тирилиўи
11Арадан көп өтпей, Ийса Наин деген қалаға келди. Оның менен шәкиртлери ҳәм көп халық бирге жүрди. 12Ийса қала дәрўазасына жақынлағанда, бир жесир ҳаялдың жалғыз баласының өлигин көтерип шығарып атыр еди. Қаланың көп адамлары ҳаял менен бирге жүрип киятыр еди. 13Ийемиз ҳаялды көргенде жаны ашып:
– Жылама! – деди.
14Ийса жақынлап келип, табытқа қолын тийгизгенде, табыт көтерип киятырғанлар тоқтап қалды. Ол:
– Ҳәй жас жигит, саған айтаман: орныңнан тур! – деди.
15Өли тикейип отырды да, сөйлей баслады. Ийса оны анасына тапсырды.
16Ҳәммени қорқыныш бийлеп:
– Арамызда уллы пайғамбар пайда болды. Қудай Өз халқына жәрдемге келди, – деп Қудайға алғыс айтты.
17Ийса туўралы бул хабар пүткил Яҳудия үлкесине ҳәм дөгеректеги жерлерге жайылды.
Ийса ҳәм Шомылдырыўшы Яқыя
18Шәкиртлери Яқыяға болып өткен ўақыялар ҳаққында хабарлады. 19Яқыя шәкиртлериниң екеўин шақырып алып: «Келетуғын Қутқарыўшы Сенбисең ямаса басқа биреўди күтиўимиз керек пе?» – деп сораў ушын, оларды Ийемизге жиберди.
20Олар Ийсаға келип:
– Шомылдырыўшы Яқыя бизлерди: «Келетуғын Қутқарыўшы Сен бе ямаса басқасын күтейик пе?» – деп сораў ушын, Саған жиберди, – деди.
21Сол ўақытта Ийса аўырыў менен кеселлерге ҳәм жаўыз руўхларға шалынған көплеген адамларға шыпа берип, көп соқырлардың көзин ашқан еди. 22Ийса оларға жуўап берип:
– Барыңлар, еситип-көргенлериңизди Яқыяға билдириңлер. Соқырлардың көрип, ақсақ болғанлардың жүрип, мақаў кесел болғанлардың тазаланып, гереңлердиң еситип, өлгенлердиң тирилип, Хош Хабардың жарлыларға жәрияланып атырғанын айтып бериңлер. 23Маған гүмансыз исенгенлер бахытлы! – деди.
24Яқыяның жиберген адамлары қайтып кеткеннен соң, Ийса халыққа Яқыя туўралы былай деп айта баслады:
– Сизлер шөл далаға нени көриўге бардыңлар? Самал тербеткен қамысты ма? 25Нени көриўге бардыңлар? Жипек кийим кийген бир адамды ма? Бирақ ҳасыл кийим кийип, байлықта жасайтуғынлар патша сарайларында болады-ғо. 26Солай етип, нени көриўге бардыңлар? Пайғамбарды ма? Аўа, Мениң сизлерге айтатуғыным: ол – пайғамбардан да уллы. 27Бул адам ҳаққында Мухаддес Жазыўда былай деп айтылған: «Мине, Мен Сеннен бурын Өз хабаршымды жиберемен, ол Сениң баратуғын жолыңды алдыңнан таярлап қояды»#7:27 Малахия 3:1.. 28Сизлерге айтатуғыным: ҳаялдан туўылғанлардың арасында Шомылдырыўшы Яқыядан уллы адам жоқ. Бирақ Қудай Патшалығындағы ең кишкене адам да оннан уллы.
29Буны еситкен пүткил халық, ҳәтте, салықшылар да Қудайдың ҳақлығын мойынлады. Себеби олар Яқыяның қолынан шомылдырылған еди. 30Бирақ парисейлер менен нызам муғаллимлери Қудайдың оларға арнаған еркин қабыл алмады. Өйткени олар Яқыяның қолынан шомылдырылыўдан бас тартқан еди.
31Ийса және:
– Ҳәзирги әўладтың адамларын кимге уқсатайын, олар кимлерге мегзейди? 32Олар базарда бир-бирине қышқырысып:
«Сизлерге сыбызғы шерттик, бирақ сизлер ойнамадыңлар!
Сизлерге жоқлаў айттық, бирақ сизлер жыламадыңлар!» –
деп отырған балаларға уқсайды. 33Себеби Шомылдырыўшы Яқыя келип, нан да жемеди, шарап та ишпеди. Ал сизлер оны: «Жин урған», – дейсизлер. 34Адам Улы келип, жеп те, ишип те жүр, сизлер Оны: «Мине, тамақсаў ҳәм арақхор адам, Ол салықшылар менен гүнакарлардың досты», – дейсизлер. 35Ал Қудайдың даналығы оны қабыл ететуғынлардың ҳәммеси арқалы ақланады, – деди.
Ийса ҳәм гүнакар ҳаял
36Парисейлердиң бири Ийсаны аўқатқа мирәт етти. Ийса парисейдиң үйине кирип, дастурхан әтирапына отырды. 37Сол қалада жасаўшы бир гүнакар ҳаял Ийсаның парисейдиң үйинде, дастурхан басында отырғанын билип, ишинде әтир майы бар мәрмер ыдыс алып келди. 38Ол артта, Ийсаның аяқ бетинде турып жылап, көз жасларын Ийсаның аяқларына төге баслады ҳәм оларды шашлары менен сүртти. Оның аяқларын сүйип, ийис май менен майлады. 39Ийсаны мирәт еткен парисей буны көрип, ишинен:
– Егер Ол пайғамбар болса, Оған қолын тийгизип турған ҳаялдың кимлигин ҳәм оның қандай ҳаял екенин билер еди. Ол – гүнакар ҳаял-ғо, – деди.
40Ийса оған:
– Симон, саған айтатуғын бир аўыз сөзим бар, – деди.
– Айта бер, Устаз! – деди Симон.
41Ийса оған:
– Бир қарыз бериўшиниң еки қарыздары бар екен: биреўиниң бес жүз, екиншисиниң елиў динар#7:41 Бир динар – жумысшының бир күнлик ис ҳақысы. қарызы болыпты. 42Бирақ олардың төлейтуғын ҳеш нәрсеси болмағанлықтан, ол екеўиниң де қарызынан кешипти. Қәне, айтшы, олардың қайсысы оны көбирек сүйеди? – деди.
43Симон:
– Мениң ойымша: қарызы көбирек кеширилгени, – деп жуўап берди.
– Дурыс айтасаң, – деди Ийса оған.
44Соңынан ҳаялға бурылып, Симонға:
– Бул ҳаялды көрип турсаң ба? Үйиңе келгенимде, сен Маған аяқларымды жуўатуғын суў да бермедиң. Ал ол көз жаслары менен аяқларымды жуўып, шашлары менен сүртти. 45Сен Мени сүймедиң, ал ол Мен келгеннен бери аяқларымды тоқтамастан сүйип атыр. 46Сен басыма май да жақпадың, ал ол аяқларыма ийис май жақты. 47Сонлықтан саған айтатуғыным: оның көп гүналары кеширилди. Сүйиспеншилигиниң күшли болыўының себеби – сол. Ким аз кеширилсе, сол аз сүйеди, – деди.
48Соңынан ҳаялға:
– Гүналарың кеширилди, – деди.
49Сонда Ийса менен бирге дастурхан басында отырғанлар өз ара:
– Гүналарды да кеширетуғын бул ким өзи? – дести.
50Ал Ийса ҳаялға:
– Исенимиң сени қутқарды, тынышлық пенен бара бер, – деди.

Currently Selected:

Лука 7: KrkNT

Highlight

Share

Copy

None

Want to have your highlights saved across all your devices? Sign up or sign in