Елшилер 1
1
Биринши бап
1-2Ҳүрметли Теофил!
Мен биринши китабымда Ийсаның ислеўге ҳәм үйретиўге кирискенинен баслап, Өзи таңлаған елшилерине Мухаддес Руўх#1:1-2 Мухаддес Руўх – Қудайдың Руўхы. арқалы буйрықлар бергеннен соң, аспанға алынған күнине дейин болған ўақыялардың ҳәммесин жазған едим. 3Ол азап шегип өлгеннен кейин, көп исенимли дәлиллер менен елшилерге Өзиниң қайта тирилгенин көрсетти. Қырық күн даўамында оларға көринип, Қудайдың Патшалығына байланыслы нәрселер ҳаққында айтты. 4Олар менен бирге болғанда#1:4 Ямаса: олар менен бирге аўқат жегенде. мына буйрықты берди:
– Ерусалимнен кетип қалмаңлар. Ал өзлериңиз Меннен еситкен Әкемниң ўәдесиниң орынланыўын күтиңлер. 5Себеби Яқыя суў менен шомылдырған еди, бирақ сизлер көп күн өтпей Мухаддес Руўх пенен шомылдырыласызлар.
6Елшилер бирге жыйналғанда, Ийсадан былай деп сорады:
– Ийем, Израилға патшалықты ҳәзир қайтарып бережақсаң ба?
7Ийса оларға:
– Әкениң Өз бийлиги менен белгилеп қойған ўақыт-мәҳәллерин билиў сизлерге берилмеген. 8Бирақ сизлерге Мухаддес Руўх түскенде күш-қуўат аласызлар ҳәм Ерусалимде, пүткил Яҳудияда, Самарияда, ҳәтте, дүньяның шетине дейин Мениң гүўаларым боласызлар, – деди.
9Ийса усыларды айтып болып, олардың көз алдында аспанға алынды. Оны бир булт қаплап, олардың нәзеринен узақластырды.
10Ийса көтерилип баратырғанда, олар көзлерин аспанға тигип турған еди. Бирден олардың қасында ақ кийимли еки адам пайда болып:
11– Ҳәй, галилалылар, неге аспанға қарап турсызлар? Сизлерден аспанға алынған бул Ийсаның қалай көтерилгенин көргениңиздей, Ол анық солай қайтып келеди, – деди.
Матиястың Яҳуданың
орнына сайланыўы
12Буннан соң, елшилер Зәйтүн таўы деп аталған таўдан Ерусалимге қайтып келди. Бул таў Ерусалимге жақын болып, бир шақырымдай#1:12 Сөзбе-сөз: бир дем алыс күнлик жол. Яҳудийлердиң диний дәстүри бойынша, дем алыс күни (шемби күни) басып өтиўге рухсат етилген аралық. жерде жайласқан еди. 13Қалаға кирип, өзлери болып атырған үйдиң жоқарғы қабатына көтерилди. Олар: Петр, Юхан, Яқып, Андрей, Филип, Томас, Бартоломей, Матта, Алпейдиң улы Яқып, ўатансүйер Симон ҳәм Яқып улы Яҳуда еди. 14Булардың ҳәммеси ҳаял-қызлар, Ийсаның анасы Мәриям ҳәм Оның туўысқанлары менен бирликте үзликсиз дуўа ететуғын еди.
15Сол күнлердиң биринде жыйналған бир жүз жигирмаға шамалас исениўшилердиң арасынан Петр орнынан турып былай деди:
16– Туўысқанларым! Мухаддес Руўхтың Ийсаны услап алғанларға жолбасшылық еткен Яҳуда ҳаққында Даўыт арқалы әўелден билдирген Мухаддес Жазыўы орынланыўы керек еди. 17Яҳуда да бизлердиң арамызда бири болып, усы хызметтен үлесин алған еди.
(18Бул адам өз қылмысының ҳақысына бир егислик жер сатып алды. Ол сол жерде ет-бетинен жығылып, қарны жарылды ҳәм барлық ишеклери ақтарылды. 19Бул ўақыя Ерусалим турғынларының ҳәммесине мәлим болды. Сонлықтан сол егислик жер олардың тилинде «Хакелдама» деп аталып, «Қан жери» деген мәнисти аңлатады.)
20Өйткени Забурда:
«Оның мәканы қаңырап қалсын,
Онда жасаўшы болмасын» # 1:20 Забур 68:26. .
Және де:
«Оның орнын басқа биреў ийелесин» # 1:20 Забур 108:8. , – деп жазылған.
21-22Сонлықтан Ийемиз Ийса бизлер менен бирге болғанда, яғный Яқыяның суўға шомылдырыўынан#1:21-22 Суўға шомылдырыў – грек тилинде «баптизо». Бул рәсим Қудайдың адамларды кеширип, пәк ҳәм таза өмирди сыйға бериўиниң нышаны. баслап, Ийсаның аспанға алынған күнине дейин, бәрқулла бизлердиң арамызда болған адамлардың бири Оның қайта тирилгенине бизлер менен бирге гүўа болыўы тийис.
23Солай етип, еки адам: лақабы Юстус болған Барсаба деп аталатуғын Юсуп ҳәм Матияс усынылды. 24-25Соңынан олар былай деп дуўа етти:
– О, Ийемиз, Сен ҳәр бир адамның кеўлин билесең. Усы еки адамның қайсысын елшилик хызметине таңлағаныңды бизлерге көрсет. Ал Яҳуда бул хызметти таслап, өзине ылайықлы жерге кетти.
26Олар екеўине шек таслағанда, шек Матиясқа түсти. Солай етип, ол он бир елшиниң қатарына қосылды.
Currently Selected:
Елшилер 1: KrkNT
Highlight
Share
Copy
![None](/_next/image?url=https%3A%2F%2Fimageproxy.youversionapi.com%2F58%2Fhttps%3A%2F%2Fweb-assets.youversion.com%2Fapp-icons%2Fen.png&w=128&q=75)
Want to have your highlights saved across all your devices? Sign up or sign in
© Библия аўдарыў институты, 2004