YouVersion Logo
Search Icon

Елшилер 2

2
Екинши бап
Мухаддес Руўхтың түсиўи
1Елиўинши күни байрамы#2:1 Елиўинши күни байрамы – грекше «Пентикост». Қутқарылыў байрамынан соң, елиў күн толғанда болатуғын байрам. келгенде, исениўшилердиң ҳәммеси бир жерге жыйналды. 2Тосаттан аспаннан күшли самал ескендей болып, бир шаўқым еситилди ҳәм олар отырған үйди пүткиллей толтырып жиберди. 3Оттың жалыны сыяқлы тиллерге уқсаған бир нәрселер оларға көринип, бөлинип-бөлинип ҳәр бириниң үстине түсти. 4Олардың ҳәммеси Мухаддес Руўхқа толып, Руўхтың айтқызыўы бойынша басқа тиллерде сөйлей баслады.
5Сол ўақытта Ерусалимде дүньяның ҳәр түрли еллеринен келген диншил яҳудийлер жасайтуғын еди. 6Бул сести еситип, көп халық бир жерге жыйналды. Олардың ҳәр бири өз тиллеринде айтылған сөзлерди еситкенликтен ҳайран болды. 7Ҳәмме қатты таң қалысып, былай деди:
– Қараңлар, бул сөйлеп атырғанлардың ҳәммеси галилалы емес пе? 8Онда қалай олардың бизлердиң ҳәр биримиздиң туўылған жеримиздиң тилинде сөйлеп атырғанын еситип турмыз? 9Арамызда парфиялылар, мидиялылар, еламийлилер бар. Месопотамияда, Яҳудияда ҳәм Кападокияда, Понтус ҳәм Азияда, 10-11Фрикия ҳәм Памфилияда, Мысыр ҳәм Ливияның Киренеге жақын үлкелеринде жасайтуғынлар бар. Өзлери яҳудий болған ҳәм яҳудий динине өткен Римнен келген қонақлар, критлилер ҳәм араблар да бар. Бирақ бизлер Қудайдың уллы ислери ҳаққында ҳәр биримиз өз тиллеримизде еситип турмыз-ғо.
12Олардың ҳәммеси аң-таң болысып, бир-биринен:
– Буны қалай түсиниўге болады? – деп сорады.
13Ал гейбиреўлери мысқыллап:
– Олар таза шарап ишип, мәс болған, – дести.
Петрдиң сөзи
14Сонда он бир елши менен бирге Петр орнынан турды да, бәлент даўыс пенен халыққа қарата сөйледи:
– Яҳудийлер ҳәм пүткил Ерусалим турғынлары! Мен буны сизлерге түсиндирейин, сөзлериме қулақ салыңлар. 15Бул адамлар сизлер ойлағандай мәс емес. Себеби ҳәзир азанғы саат тоғыз-ғо. 16Бирақ бул көрип турғанларыңыз Иоел пайғамбар арқалы алдын ала айтылған еди:
17 «Қудай былай дейди:
Соңғы күнлерде барлық адамлардың үстине Өз Руўхымды
жаўдыраман.
Улларыңыз ҳәм қызларыңыз пайғамбаршылық етеди.
Жасларыңыз аянлар, қартайған адамларыңыз түслер көреди.
18 Сол күнлерде Өзимниң ер ҳәм ҳаял хызметшилеримниң үстине де,
Өз Руўхымды жаўдыраман,
Олар да пайғамбаршылық етеди.
19 Жоқарыда, аспанда таң қаларлық нәрселер,
Төменде, жер жүзинде кәраматлы белгилер:
қан, от ҳәм бурқыраған түтинлерди көрсетемен.
20 Ийемиздиң уллы ҳәм салтанатлы күни келместен алдын,
күн қараңғыланады, ай қанға айланады.
21 Сонда Ийемиздиң атын айтып шақырған ҳәр бир адам
қутқарылады» # 2:17-21 Иоел 2:28-32. .
22Израиллылар, мына сөзлерге қулақ салыңлар: хабарыңыз бар, Насыралы Ийса Қудайдың Ол арқалы араңызда ислеген кәраматлары, таң қаларлық ўақыялары ҳәм кәраматлы белгилери менен Қудай тәрепинен дәлилленген Адам еди. 23Бул Ийса Қудайдың ерки ҳәм алдын ала белгилегени бойынша, сизлерге услап берилген еди. Сизлер Оны Қудайдың Нызамын билмейтуғын басқа миллет адамларының қолы менен атанақ ағашқа шегелеп өлтирдиңлер. 24Ал Қудай өлим азабының тусаўларын үзип, Оны тирилтти. Өйткени Оны өлимниң услап турыўы мүмкин емес еди. 25Ол ҳаққында Даўыт былай деген:
«Ийемди ҳәмме ўақыт көз алдымда көрдим,
Ол мениң оң жағымда болғанлықтан, мен албырамайман.
26 Сонлықтан кеўлим қуўанып, тилим шадланып сөйлейди.
Денем де үмит ишинде жасайды.
27 Себеби Сен жанымды өлилер мәканына таслап кетпейсең,
Өз Мухаддесиңди ширитип қоймайсаң.
28 Маған өмир жолларын үйреттиң,
Мени Өз жаныңда қуўанышқа бөлейсең» # 2:25-28 Забур 15:8-11. .
29Туўысқанларым! Мен сизлерге уллы бабамыз Даўыт ҳаққында ашық айта аламан: ол өлди ҳәм жерленди. Оның қәбири бүгинге дейин усы жерде, бизлерде сақланған. 30Даўыт пайғамбар болғанлықтан, Қудайдың оған: «Сениң урпағыңнан Бирин тахтыңа отырғызаман», – деп өзине ант ишип, ўәде бергенин билди. 31Сонлықтан ол келешекте не болатуғынын көрип, Масихтың#2:31 Масих – еврей тилинде «Басына май қуйылған адам» деген мәнисти аңлатады. Қудай ўәде еткен Қутқарыўшы. қайта тирилетуғыны туўралы былай деген еди:
«Ол өлилер мәканына таслап қалдырылмады,
Денеси де ширимеди».
32Қудай усы Ийсаны өлимнен тирилтти, буған бизлердиң ҳәммемиз гүўамыз. 33Ол Қудайдың қүдирети менен аспандағы жоқары ҳәмелге көтерилип, Әкеден ўәде етилген Мухаддес Руўхты алды. Ҳәзир көргениңиз ҳәм еситкениңиз сыяқлы, сол Руўхты бизлерге жаўдырды. 34-35Даўыт аспанға көтерилмеген болса да былай деген еди:
«Ийем мениң Ийеме айтты:
„Душпанларыңды аяғыңның астына бастырмағанымша,
Мениң оң жағымда отыр“» # 2:34-35 Забур 109:1. .
36Солай етип, пүткил Израил халқы анық билип қойсын: Қудай сизлер атанақ ағашқа шегелеген сол Ийсаны ҳәм Ийемиз, ҳәм Масих қылды.
37Буны еситкенлердиң жүреклерине қанжар суғылғандай болды. Олар Петр ҳәм басқа елшилерден:
– Туўысқанлар, бизлер не ислеўимиз керек? – деп сорады.
38Петр оларға былай деди:
– Гүналарыңыздың кеширилиўи ушын тәўбе етип#2:38 Тәўбе етиў – терис жолдан қайтып, Қудайдың жолына түсиў., ҳәр бириңиз Ийса Масихтың аты менен суўға шомылдырылыңлар. Сонда Мухаддес Руўхты сыйға аласызлар. 39Бул ўәде сизлерге, сизлердиң балаларыңызға ҳәм алыстағылардың ҳәммесине, яғный Қудай Ийемиз шақырған ҳәр бир адамға берилген.
40Петр басқа да көп сөзлер менен оларға гүўалық берип:
– Бул бузық әўладтан қутқарылыңлар, – деп өтиниш етти.
41Оның сөзин қабыл еткенлер суўға шомылдырылып, сол күни оларға үш мыңға шамалас адам қосылды.
42Олар өзлерин елшилердиң тәлимине бағышлап, бир-бири менен қарым-қатнаста болды ҳәм бирге нан сындырып#2:42 Нан сындырыў – аўқатланыў ҳәм әсиресе Ийемиз Ийсаның соңғы кешесин еслеў., дуўа ететуғын еди. 43Елшилер арқалы көп таң қаларлық нәрселер ҳәм кәраматлы белгилер көрсетилгенликтен, ҳәммени қорқыныш бийледи. 44Исениўшилердиң ҳәммеси бирге жыйналып, ҳәмме нәрсесин орталыққа қойды. 45Мал-мүликлерин сатып, ҳәр кимниң мүтәжлигине қарай үлестиретуғын еди. 46Олар ҳәр күни бирге Ибадатхананың ҳәўлисинде жыйналысып, үйлерде нан сындырысты. Қуўанышлы түрде ҳақ кеўил менен бирге аўқатланды. 47Қудайға мақтаўлар айтып, пүткил халықтың алғысына бөленди. Ийемиз де қутқарылғанларды оларға күн сайын қосып барды.

Currently Selected:

Елшилер 2: KrkNT

Highlight

Share

Copy

None

Want to have your highlights saved across all your devices? Sign up or sign in