Жаратылыс 1
1
Дүньяның жаратылыўы
1Ең баста Қудай аспан ҳәм жерди жаратты. 2Жер түр-түссиз қаңырап атырған болып, туңғыйық үстин қараңғылық қаплаған еди. Ал Қудайдың Руўхы болса, суўлардың үстинде ушып жүр еди.
3Сонда Қудай: «Жақтылық болсын!» – деп буйырды ҳәм жақтылық пайда болды. 4Қудай жақтылықтың жақсы екенин көрди ҳәм оны қараңғылықтан ажыратты. 5Солай етип, Қудай жақтылықты «күндиз», ал қараңғылықты «түн» деп атады. Кеш болып, таң атты. Бул биринши күн еди.
6Қудай: «Суўлар ортасында бир гүмбез пайда болып, суўларды бир-биринен айырып турсын!» – деп буйырды. 7Бул былай болды: Қудай аспан гүмбезин жаратып, гүмбез астындағы суўларды гүмбез үстиндеги суўлардан айырды. 8Қудай гүмбезди «аспан» деп атады. Кеш болып, таң атты. Бул екинши күн еди.
9Қудай: «Аспан астындағы суўлар бир жерге топланып, қурғақлық көринсин!» – деп буйырды. Солай болды да. 10Қудай қурғақлықты «жер» деп, ал топланған суўларды «теңиз» деп атады. Қудай буның жақсы екенин көрди.
11Қудай: «Жер жасыл шөплерди, туқым шашатуғын өсимликлерди ҳәм туқымы мийўесинде болған жемис ағашларын түр-түрине қарай өндирсин!» – деп буйырды ҳәм солай болды да. 12Жер жасыл шөплерди, түр-түрине қарай туқым шашатуғын өсимликлерди ҳәм туқымы мийўесинде болған жемис ағашларын өндирди. Қудай буның да жақсы екенин көрди. 13Кеш болып, таң атты. Бул үшинши күн еди.
14Қудай: «Күндиз бенен түнди бир-биринен айырыў ушын ҳәм мәўсимлерди, күнлерди, жылларды белгилеў ушын, аспан гүмбезинде жақтыртқышлар пайда болсын. 15Олар аспан гүмбезинде турып, жер жүзин жақты қылсын!» – деп буйырды. Солай болды да. 16Қудай үлкен еки жақтыртқышты: күндизди басқарыў ушын үлкен жақтыртқышты ҳәм түнди басқарыў ушын киши жақтыртқышты, және де, жулдызларды да жаратты. 17-18Жер жүзин жақты қылып турыў ушын, күндиз бенен түнди басқарыў ушын ҳәм жақтылықты қараңғылықтан айырыў ушын, Қудай оларды аспан гүмбезине жайластырды. Қудай буның да жақсы екенин көрди. 19Кеш болып, таң атты. Бул төртинши күн еди.
20Қудай: «Суўлар жанлы жаныўарларға толсын! Жер үстинде аспан гүмбези бойлап қуслар ушсын!» – деп буйырды. 21Қудай айбатлы теңиз жаныўарларын, суўларда толып тасқан пүткил жаныўарларды ҳәм ҳәр түрли қусларды жаратты. Қудай буның да жақсы екенин көрди. 22Қудай оларды жарылқап: «Өсип-өнип, көбейиңлер, теңиз суўларын толтырыңлар. Жер жүзинде қуслар көбейсин!» – деди. 23Кеш болып, таң атты. Бул бесинши күн еди.
24Қудай: «Жер түрли-түрли жанлы жаныўарларды: малларды, жабайы ҳайўанларды ҳәм жер баўырлаўшыларды өндирсин!» – деп буйырды. Солай болды да. 25Қудай түрли-түрли ҳайўанларды, малларды ҳәм жер баўырлаўшыларды жаратты. Қудай булардың да жақсы екенин көрди.
26Қудай: «Өз көринисимиздей қылып, Өзимизге уқсатып, адамды жаратайық. Олар теңиздеги балықлар, аспандағы қуслар, маллар, жер баўырлаўшылар ҳәм жер бетиндегилердиң ҳәммеси үстинен ҳәкимлик етсин!» – деди. 27Қудай адамды Өзине уқсатып жаратты. Оларды еркек ҳәм ҳаял етип жаратты. 28Қудай оларды жарылқап: «Өсип-өнип, көбейиңлер. Жер бетин толтырып, оны ийелеп алыңлар. Теңиздеги балықлар, аспандағы қуслар, жер бетинде ҳәрекет етиўши барлық ҳайўанатлар үстинен ҳәкимлик етиңлер!» – деди.
29Қудай және былай деди: «Мине, Мен сизлерге жер жүзиндеги туқым шашатуғын барлық өсимликлерди, туқымы мийўесинде болған барлық жемис ағашларын бердим. Олар сизлерге азық болады. 30Ал жер бетиндеги жабайы ҳайўанларға, аспандағы қусларға, жер баўырлаўшыларға, улыўма жер бетинде тиришилик етиўши барлық ҳайўанатларға азық ушын көк шөплерди бердим». Солай болды да.
31Қудай барлық жаратқанларына қарап, олардың ҳәммесиниң де жүдә жақсы екенин көрди. Кеш болып, таң атты. Бул алтыншы күн еди.
© Институт перевода Библии, 2022