Марк 1
1
Биринши бап
Яқыяның жол таярлаўы
1Қудайдың Улы Ийса Масихтың#1:1 Масих – еврей тилинде «Басына май қуйылған адам» деген мәнисти аңлатады. Қудай ўәде еткен Қутқарыўшы. Хош Хабарының басланыўы. 2Ийшая пайғамбардың китабында былай деп жазылған:
«Мине, Мен хабаршымды алдыңнан жиберемен,
ол Сениң баратуғын жолыңды таярлап қояды # 1:2 Малахия 3:1. .
3 Шөл далада бақырған биреўдиң даўысы шығады:
„Ийемизге жол таярлаңлар,
Оның жолларын дүзетиңлер!“» # 1:3 Ийшая 40:3.
4Яқыя шөл далаға келип, адамларды суўға шомылдырды#1:4 Шомылдырыў – грек тилинде «баптизо». Бул рәсим Қудайдың адамларды кеширип, пәк ҳәм таза өмирди сыйға бериўиниң нышаны.. Оларға гүналарының кеширилиўи ушын тәўбеге келиўди ҳәм суўға шомылдырылыўды жәриялап жүрди. 5Сонда пүткил Яҳудия үлкесиниң халқы ҳәм Ерусалим турғынларының ҳәммеси оған барып, гүналарын мойынлады ҳәм Иордан дәрьясында шомылдырылды.
6Яқыя түйе жүнинен кийим кийген, белин тери қайыс пенен буўған болып, шегиртке ҳәм жабайы ҳәррениң палы менен аўқатланатуғын еди. 7Ол халыққа жәриялап:
– Мениң изимнен меннен де қүдиретли Биреў киятыр. Мен ийилип, Оның аяқ кийиминиң баўын шешиўге де ылайықлы емеспен. 8Мен сизлерди суў менен шомылдырдым, ал Ол сизлерди Мухаддес Руўх#1:8 Мухаддес Руўх – Қудайдың Руўхы. пенен шомылдырады, – деди.
Ийсаның шомылдырылыўы
9Сол күнлери Ийса Галила үлкесиндеги Насыра қаласынан келип, Иордан дәрьясында Яқыяның қолынан шомылдырылды. 10Ийса суўдан шығыўдан-ақ, аспанның ашылғанын ҳәм Мухаддес Руўхтың кептердей Өзиниң үстине түскенин көрди. 11Сонда аспаннан:
– Сен – Мениң сүйикли Улымсаң, Мен Саған ырзаман! – деген саза еситилди.
12Соннан соң, дәрриў Мухаддес Руўх Ийсаны шөлге апарды. 13Ийса шөлде қырық күн болып, шайтан тәрепинен сыналды. Ол жабайы ҳайўанлар арасында болды ҳәм периштелер Оған хызмет етти.
Ийсаның шәкиртлерин таңлаўы
14Яқыя қамаққа алынғаннан кейин, Ийса Галила үлкесине келди ҳәм Қудайдың Хош Хабарын жәриялап:
15– Ўақыт болды, Қудай Патшалығы жақынлады. Тәўбе етип#1:15 Тәўбе етиў – терис жолдан қайтып, Қудайдың жолына түсиў., Хош Хабарға исениңлер! – деди.
16Ийса Галила теңизиниң жағасы менен баратырғанда, теңизге аў салып жүрген Симонды ҳәм оның иниси Андрейди көрди. Олар балықшылар еди. 17Ийса оларға:
– Мениң изиме ериңлер! Мен сизлерди адамларды Қудайдың жолына түсириўшилер#1:17 Сөзбе-сөз: адамларды аўлайтуғын балықшылар. қыламан, – деди.
18Олар дәрриў аўларын таслап, Оның изине ерди.
19Ийса бираз жүргеннен соң, Зебедейдиң улы Яқыпты ҳәм оның иниси Юханды көрди. Олар қайықта аўларын жамап отырған еди. 20Ийса дәрриў оларды да шақырды. Олар да әкеси Зебедейди жумысшылар менен қайықта қалдырып, Ийсаның изине ерди.
Ийсаның жаўыз руўхлы
адамға шыпа бериўи
21Олар Капарнаҳум қаласына келди. Дем алыс күни#1:21 Сөзбе-сөз: шемби күни. Мухаддес Нызам бойынша, яҳудийлердиң дем алыс күни. болғанда Ийса дәрҳал мәжилисханаға#1:21 Мәжилисхана – грекше «синагога». Яҳудийлердиң Қудайға хызмет ететуғын ҳәм Қудайдың сөзин үйренетуғын орны. кирип, адамларға тәлим бере баслады. 22Адамлар Оның тәлимине таң қалысты, себеби Ол диний муғаллимлер сыяқлы емес, ал Өз бийлиги менен тәлим берди.
23Сол ўақытта олардың мәжилисханасында жаўыз руўхлы бир адам болып, ол:
24– Насыралы Ийса! Бизлер менен не жумысың бар? Сен бизлерди жоқ етиўге келдиң бе? Сениң ким екениңди билемен, Сен – Қудайдың Мухаддесисең! – деп бақыра баслады.
25Бирақ Ийса жаўыз руўхқа кейип:
– Үниңди өшир де, оннан шығып кет! – деди.
26Жаўыз руўх адамды қалтыратты да, қатты бақырып, оннан шығып кетти. 27Ҳәмме таң қалысып, өз ара:
– Бул не? Бул қандай қүдиретли жаңа тәлиймат? Оның буйрығына жаўыз руўхлар да бойсынады-ғо, – дести.
28Ийса ҳаққында хабар тез арада пүткил Галила үлкесиниң ҳәмме жерине тарқалды.
Ийсаның көп адамларға
шыпа бериўи
29Мәжилисханадан шығыўдан-ақ, Ийса Яқып ҳәм Юхан менен бирге Симон ҳәм Андрейдиң үйине келди. 30Симонның қәйин енесиниң ыссылығы көтерилип, аўырып жатырған еди. Олар Ийсаға ол ҳаққында дәрриў айтып берди. 31Ийса ҳаялдың қасына барып, қолынан услап турғызғанда, оның ыссылығы түсип, оларға хызмет етти.
32Қуяш батып кеш түскенде, адамлар Ийсаға барлық аўырған ҳәм жин урғанларды алып келди. 33Пүткил қала халқы есик алдына жыйналды. 34Ол ҳәр түрли аўырыў менен аўырған көп адамларға шыпа берди ҳәм көп жинлерди қуўып шығарды. Ийса жинлердиң сөйлеўине рухсат бермеди, өйткени жинлер Оның ким екенин билетуғын еди.
Ийсаның Галиладағы ўазы
35Таң азанда Ийса ерте турып, үйден шықты. Бир Өзи аўлақ жерге кетип, сол жерде дуўа етти. 36Симон ҳәм оның қасындағылар Оны излеп шықты. 37Оны тапқаннан соң, Оған:
– Ҳәмме Сени излемекте, – дести.
38Ол жуўап берип:
– Жүриңлер, жақын жайласқан қалаларға барайық. Мен ол жерлерде де ўаз айтыўым керек, себеби Мен сол ушын келгенмен, – деди.
39Солай етип, Ийса пүткил Галила үлкесин аралап, олардың мәжилисханаларында ўаз айтып, жинлерди қуўып шығарды.
Ийсаның мақаў кесел болған
адамға шыпа бериўи
40Мақаў кесел болған бир адам Ийсаға келип, Оның алдында дизе бүкти ҳәм Оннан:
– Егер Сен қәлесең, мени мақаў кеселден тазалай аласаң-ғо, – деп өтинди.
41Ийсаның жаны ашып, қолын созып, оған тийгизди де:
– Қәлеймен, тазалан! – деди.
42Дәрҳал сол адамның мақаў кесели кетип, тазаланды. 43Ийса қатаң ескертип, оны дәрҳал жиберди де:
44– Абайла, ҳеш кимге ҳеш нәрсе айтыўшы болма! Бирақ руўханийге барып өзиңди көрсет те, мақаў кеселден тазаланғаныңды адамларға дәлиллеў ушын, Муўса буйырған қурбанлықты бер, – деди.
45Бирақ ол барып, болған ўақыяның ҳәммесин жар салып айта баслады. Сол себепли, Ийса енди қалаға ашық кире алмайтуғын болды ҳәм қала сыртындағы далаңлықта турды. Сонда да халық Оған ҳәр тәрептен келе берди.
දැනට තෝරාගෙන ඇත:
Марк 1: KrkNT
සළකුණු කරන්න
බෙදාගන්න
පිටපත් කරන්න

ඔබගේ සියලු උපාංග හරහා ඔබගේ සළකුණු කල පද වෙත ප්රවේශ වීමට අවශ්යද? ලියාපදිංචි වී නව ගිණුමක් සාදන්න හෝ ඔබගේ ගිණුමට ඔබගේ ගිණුමට පිවිසෙන්න
© Библия аўдарыў институты, 2004