Лука 22
22
Яҳуданың сатқынлығы
(Мат 26:1-5, 14-16; Мрк 14:1-2, 10-11; Юхн 11:45-53)
1Қутқарылыў байрамы деп аталатуғын Ашытқысыз нан байрамы жақынлап қалған еди. 2Бас руўханийлер ҳәм диний муғаллимлер халықтан қорққанлықтан, Ийсаны жасырын түрде өлтириўдиң жолын изледи.
3Сонда он еки елшиниң бири – Исқариот деп аталған Яҳуданың ишине шайтан кирип алды. 4Яҳуда барып, бас руўханийлер ҳәм Ибадатхананың бас қараўыллары менен Ийсаны оларға қалай услап бериўди ойласты. 5Олар қуўанысып, оған ақша бериўге келисим берди. 6Яҳуда ўәде берип, Ийсаны оларға халық жоқ жерде услап бериў ушын қолайлы пайыт изледи.
Ийсаның соңғы кешеси
(Мат 26:17-25; Мрк 14:12-21; Юхн 13:21-30; 1Кор 11:23-25)
7Қутқарылыў байрамының қозысы шалыныўы керек болған Ашытқысыз нан байрамы жетип келди. 8Ийса Петр менен Юханды жиберип:
– Барыңлар, бизлер ушын Қутқарылыў байрамының асын таярлаңлар, – деди.
9Олар:
– Қай жерде таярлаўымызды қәлейсең? – деп сорады.
10Ийса оларға былай деди:
– Қалаға киргениңизде, гүзе менен суў көтерип киятырған адамға гезлесесиз. Оның изине ерип, ол кирген үйге кириңлер 11ҳәм үйдиң ийесине: «Устазымыз: „Шәкиртлерим менен бирге байрам асын жейтуғын бөлме қәне?“ – деп сеннен сорап атыр», – деңлер. 12Ол сизлерге төсеклер төселген жоқарыдағы үлкен бөлмени көрсетеди. Сол жерде таярлаңлар.
13Олар барып, Ийсаның айтқанларының ҳәммесин таўып, байрам асын таярлады.
14Аўқатланатуғын ўақыт болғанда, Ийса елшилери менен бирге дастурхан әтирапына отырды. 15Оларға:
– Азап шекпесимнен бурын бул байрам асын сизлер менен бирге жеўди қатты қәлеген едим. 16Сизлерге айтатуғыным: бизлер Қудайдың Патшалығында ҳақыйқый Қутқарылыў асын жемегенимизше, Мен бул астан басқа жемеймен, – деди.
17Соңынан Ийса қолына кесени алып, шүкирлик етти де:
– Буны алып, өз ара бөлисип ишиңлер. 18Себеби Мениң сизлерге айтатуғыным: Қудайдың Патшалығы келмегенше, Мен енди жүзим ишимлигинен ишпеймен, – деди.
19Соң нанды алып, Қудайға шүкирлик билдирди ҳәм оны сындырып, оларға берди де:
– Бул – сизлер ушын берилетуғын Мениң денем. Мени еслеп турыў ушын буны ислеңлер, – деди.
20Сол сыяқлы, кешки аўқаттан соң кесени алып:
– Бул кесе – Сизлер ушын төгилетуғын Мениң қаным менен бекитилетуғын жаңа келисим.
21Бирақ қараңлар, Мени сататуғын адамның қолы Мениң қолым менен бир дастурханда. 22Адам Улы Қудай алдын ала белгилегендей баратыр. Бирақ Оған сатқынлық қылыўшы ҳәсирет шегеди! – деди.
23Шәкиртлер бир-биринен:
– Бул исти ислейтуғын қайсысымыз? – деп сорай баслады.
Ҳәммеден уллы ким?
24Шәкиртлер арасында қайсысының ең уллы болып есапланыўы керек екени ҳаққында бир тартыс та пайда болды. 25Ийса оларға былай деди:
– Миллетлердиң патшалары өз халықлары үстинен үстемлик етеди, оларға бийлик етиўшилер «халықтың қайырқомлары» деп аталады. 26Бирақ сизлер бундай болмаңлар. Керисинше, араңызда ең үлкен болған ең кишидей болсын, басшы да хызметшидей болсын. 27Қайсы бири уллы: дастурхан басында отырған ба ямаса хызмет етип турған ба? Дастурхан басында отырған емес пе? Бирақ Мен сизлердиң араңызда хызметшидеймен.
28Сынаўдан өткен ўақтымда сизлер Мениң менен бирге болдыңлар. 29Әкем Маған патшалық бийлигин бергени сыяқлы, Мен де сизлерге патшалық бийлигин беремен. 30Солай етип, сизлер Мениң Патшалығымның дастурханы әтирапында ишип-жейсизлер, тахтларда отырып, Израилдың он еки урыўына ҳүкимдарлық қыласызлар.
Петрдиң Ийсадан таныўы ҳаққында
(Мат 26:31-35; Мрк 14:27-31; Юхн 13:36-38)
31Ийса Петрге:
– Шимон, Шимон! Адамлардың бийдайды кепшик пенен желпигени сыяқлы, шайтан сизлерди сынаў ушын рухсат сораған еди. 32Бирақ Мен исенимиң таўысылмасын деп, сен ушын дуўа еттим. Сен Маған қайтып келгениңде, туўысқанларыңның исенимин беккемле, – деди.
33Шимон Ийсаға:
– Ийем! Сениң менен бирге қамаққа да, өлимге де барыўға таярман, – деди.
34Бирақ Ийса оған:
– Петр, саған айтатуғыным: бүгин қораз шақырмастан бурын сен Мени танымайман деп, Меннен үш рет танасаң, – деди.
Дорба ҳәм қылыш
35Соң Ийса шәкиртлерине:
– Мен сизлерди шыжлансыз, дорбасыз, аяқ кийимсиз жибергенимде, не нәрседен кемшилик көрдиңлер? – деди.
– Ҳеш нәрседен, – деп жуўап берди олар.
36Сонда Ийса оларға:
– Ал енди кимниң шыжланы болса, оны алып жүрсин. Және дорбасын да алсын. Кимниң қылышы болмаса, кийимин сатып, қылыш алсын. 37Өйткени сизлерге айтатуғыным: Мухаддес Жазыўдағы: «Ол жынаятшыларға қосып саналды»#22:37 Ийш 53:12., – деген сөз Менде әмелге асыўы керек. Аўа, Мен туўралы жазылғанлар орынланып атыр, – деди.
38– Ийем! Қара, бул жерде еки қылыш бар, – деди олар.
– Сол жетеди, – деди Ийса.
Ийсаның Зәйтүн таўында дуўа етиўи
(Мат 26:36-46; Мрк 14:32-42)
39Ийса шығып, Өз әдети бойынша Зәйтүн таўына кетти. Шәкиртлери де Оның изине ерди. 40Сол жерге келгенде, Ийса оларға:
– Азғырылмаўыңыз ушын дуўа етиңлер, – деди.
41Өзи олардан тас ылақтырым жердей аўлағырақ барып, дизерлеп отырды да, былай деп дуўа етти:
42– О, Әкем, егер Сен қәлесең, бул азап кесесин Меннен өткизип жибер. Бирақ Мениң емес, Сениң қәлегениң болсын. 43Сонда аспаннан бир периште Ийсаға көринип, Оған күш берди. 44Ол азап шегип атырып, және де күшлирек дуўа етти. Оның тери жерге тамған қан тамшылары сыяқлы еди.
45Ийса дуўа етип болып, орнынан турды да, шәкиртлериниң қасына келди. Олардың қайғыдан шаршап, уйықлап атырғанын көрди. 46Оларға:
– Неге уйықлап атырсызлар? Турыңлар, азғырылмаўыңыз ушын дуўа етиңлер, – деди.
Ийсаның қолға алыныўы
(Мат 26:47-56; Мрк 14:43-50; Юхн 18:3-11)
47Ийса еле сөйлеп турғанда, бир топар адамлар пайда болды. Олардың алдында он еки шәкиртиниң бири Яҳуда киятыр еди. Ол Ийсаны сүйиў ушын Оған жақынласты#Лук 22:47 Базы қолжазбаларда мына сөзлер де бар: «Себеби бул белгини ол оларға берген еди: Мен кимди сүйсем, Ол – Соның Өзи».. 48Ийса оған:
– Яҳуда! Сен Адам Улын сүйип турып, Оған сатқынлық ислейсең бе? – деди.
49Ийсаның қасындағылар не болажағын сезип:
– Ийем, қылышты иске салайық па? – деди.
50Олардың биреўи бас руўханийдиң қулының оң қулағын шаўып таслады.
51Бирақ Ийса:
– Тоқтатыңлар, жетер енди! – деп қулдың қулағына қолын тийгизип, жазып жиберди.
52Соң Ийса Өзин услаўға келген бас руўханийлерге, Ибадатхананың бас қараўылларына ҳәм ақсақалларға былай деди:
– Мени услаў ушын жынаятшыға қарсы шыққандай болып, қылыш ҳәм шоқмар алып келдиңлер ме? 53Мен ҳәр күни сизлер менен бирге Ибадатханада болғанымда, Маған қарсы қол көтермедиңлер. Бирақ енди заман сизлердики, ҳәзир қараңғылық үстемлик ететуғын ўақыт.
Петрдиң Ийсадан таныўы
(Мат 26:57-58, 67-75; Мрк 14:53-54, 66-72; Юхн 18:12-18, 25-27)
54Олар Ийсаны услап, бас руўханийдиң үйине алып барды. Ал Петр узақтан ерип келди. 55Ҳәўлиниң ортасына от жағып, ҳәммеси бирге отырғанда, Петр де олардың арасында отырған еди. 56Бир шоры қыз Петрдиң оттың қасында отырғанын көрип, оған тигилип қарады да:
– Бул адам да Оның менен бирге еди, – деди.
57Бирақ Петр қызға:
– Яқ, қарындасым, мен Оны танымайман, – деп Ийсадан танды.
58Бираздан кейин басқа биреў де Петрди көрип:
– Сен де солардың бирисең, – деди.
Бирақ Петр оған:
– Яқ, аға, мен олардан емеспен, – деди.
59Бир сааттай өткеннен соң, тағы биреў:
– Ырасында да, мына адам Оның менен бирге болған, себеби ол галилалы-ғо, – деди беккем исеним менен.
60Бирақ Петр оған да:
– Аға, сениң не айтып турғаныңды түсинбеймен, – деди.
Тап сол ўақытта, ол сөйлеп турғанда, қораз шақырды. 61Ийемиз бурылып, Петрге қарады. Сонда Петр Ийемиздиң: «Бүгин қораз шақырмастан бурын сен Меннен үш рет танасаң», – деген сөзин есине түсирди. 62Сыртқа шығып кетип, өкирип жылады.
Ийсаны масқаралаў
(Мат 26:59-66; Мрк 14:55-64; Юхн 18:19-24)
63Ийсаны услап турған адамлар Оны масқаралап ура баслады. 64Оның көзлерин байлап, Оннан:
– Ўәлийлик етип айт, Сени ким урды? – деп сорады. 65Оған және басқа да көп жаман сөзлер айтты.
Ийса жоқарғы кеңес алдында
(Мат 26:59-66; Мрк 14:55-64; Юхн 18:19-24)
66Таң атқаннан кейин, халық ақсақаллары, яғный бас руўханийлер менен диний муғаллимлер жыйналып мәсләҳәтлести де, Ийсаны өзлериниң жоқарғы кеңесине апарды. 67Оннан:
– Бизлерге айт, Сен Масийхпысаң? – деп сорады.
Ийса оларға:
– Мен сизлерге айтсам да, исенбейсизлер. 68Сизлерге сораў берсем де, жуўап бермейсизлер#Лук 22:68 Базы қолжазбаларда «…ҳәм сизлер мени жибермейсизлер» деген сөзлер де бар.. 69Бирақ ендигиден былай, Адам Улы қүдиретли Қудайдың оң жағында отырады#22:69 Заб 109:1., – деди.
70Сонда ҳәммеси:
– Демек, Сен Қудайдың Улымысаң? – деп сорады.
Ийса оларға:
– Мениң Сол екенимди өзлериңиз айтып турсыз, – деп жуўап берди.
71Сонда олар:
– Бизлерге және қандай гүўалық керек? Өз аўзынан еситтик-ғо, – дести.
अहिले सेलेक्ट गरिएको:
Лука 22: КркМК22
हाइलाइट
शेयर गर्नुहोस्
कपी गर्नुहोस्
तपाईंका हाइलाइटहरू तपाईंका सबै यन्त्रहरूमा सुरक्षित गर्न चाहनुहुन्छ? साइन अप वा साइन इन गर्नुहोस्
© Институт перевода Библии, 2022