YouVersion लोगो
खोज आइकन

Лука 20

20
Ийсаның бийлиги ҳаққында сораў
(Мат 21:23-27; Мрк 11:27-33)
1Күнлердиң биринде Ийса халыққа Ибадатханада тәлим берип, оларға Хош Хабарды жәриялап турғанда, Оның қасына бас руўханийлер ҳәм диний муғаллимлер ақсақаллар менен бирге келип, 2Оннан:
– Бизлерге айтшы, бул ислерди қандай бийлик пенен ислеп жүрсең ҳәм бундай бийликти Саған ким берди? – деп сорады.
3Ийса жуўап қайтарып:
– Мен де сизлерден бир нәрсени сорайын. Айтыңларшы:
4Яқыяның шомылдырыўы аспаннан болды ма ямаса адамлардан ба? – деди.
5Олар өз ара ойласып:
– Егер «аспаннан» десек, Ол бизлерге: «Сонда неге оған исенбедиңлер», – деп айтар. 6Ал егер «адамлардан» десек, пүткил халық бизлерге тас атар, өйткени олар Яқыяның пайғамбар екенине исенеди, – дести. 7Сонлықтан олар Ийсаға:
– Қаяқтан екенин билмеймиз, – деп жуўап берди.
8Сонда Ийса оларға:
– Мен де сизлерге бул ислерди қандай бийлик пенен ислейтуғынымды айтпайман, – деди.
Жаўыз дийханлар ҳаққында тымсал
(Мат 21:33-46; Мрк 12:1-12)
9Соңынан Ийса халыққа мына тымсалды айтып берди:
– Бир адам жүзим бағын отырғызыпты ҳәм оны дийханларға ижараға берип, өзи узақ ўақытқа алыс жерге кетип қалыпты. 10Терим мәўсими келгенде, ол бағдың жемисинен тийисли үлесин алыў ушын, дийханларға өзиниң бир хызметшисин жиберипти. Бирақ дийханлар оны урып, қуры қол қайтарыпты. 11Ол басқа хызметшисин жибергенде, оны да урып, масқаралап, қуры қол қайтарыпты. 12Үшиншисин жумсағанда, оны да жарадар етип, қуўып жиберипти. 13Сонда жүзим бағының ийеси: «Не қылсам екен? Сүйикли улымды жиберейин. Мүмкин, оны ҳүрмет етер», – депти. 14Бирақ дийханлар оны көрип, өз ара ойласып: «Бул мийрасхор-ғо. Жүриңлер, оны өлтирейик, сонда мийрас мүлки бизлерге қалады», – десипти де, 15оны жүзим бағынан сыртқа шығарып, өлтирипти. Енди жүзим бағының ийеси оларға не ислейди? 16Ол келип, сол дийханларды жоқ қылады да, жүзим бағын басқаларға береди.
Буны еситкенлер:
– Қудай сақласын! – дести.
17Бирақ Ийса көзлерин оларға тигип:
– Олай болса, Мухаддес Жазыўдағы:
«Қурылысшылардың керексиз деп таслаған тасы,
Үйдиң мүйешиниң тийкарғы тасы болды»#20:17 Заб 117:22., –
деген сөзлер нени аңлатады?
18Сол тасқа түскен ҳәр бир адамның шыл-пәршеси шығады. Тас кимниң үстине түссе, соны женшип таслайды, – деди.
19Ийсаның бул тымсалды өзлерине тийгизип айтып атырғанын түсинген диний муғаллимлер менен бас руўханийлер Оны сол ўақытта-ақ қолға алыўға тырысты, бирақ халықтан қорқты.
Салық төлеў туўралы
(Мат 22:15-22; Мрк 12:13-17)
20Олар Ийсаны дыққат пенен аңлый баслады. Ийсаны сөзинен тутып, Оны ҳәкимниң бийлигине ҳәм ҳүкимине тапсырыў ушын, Оған өзлерин ҳақ нийетли қылып көрсететуғын жансызларды жиберди. 21Жансызлар Ийсадан:
– Устаз, бизлер Сениң ҳақыйқатты айтып тәлим берип атырғаныңды билемиз. Ҳеш кимниң бет-жүзине қарамай, Қудайдың жолын дурыс үйретип атырсаң. 22Айтшы, бизлердиң Рим императорына салық төлеўимиз дурыс па ямаса надурыс па? – деп сорады.
23Бирақ Ийса олардың ҳийлесин түсинип, оларға:#Лук 20:23 Базы қолжазбаларда мына сөзлер де бар: «Сизлер Мени неге сынап атырсызлар?»
24– Маған бир динар көрсетиңлер. Бунда кимниң сүўрети бар ҳәм кимниң аты жазылған? – деди.
Олар:
– Рим императорының, – деп жуўап берди.
25Сонда Ийса:
– Олай болса, императордың ҳақын императорға, Қудайдың ҳақын Қудайға бериңлер, – деди.
26Солай етип, олар Ийсаны халық алдында айтқан бирде бир сөзинен тута алмады. Оның жуўапларына таң қалысып, лал болып қалды.
Қайта тирилиў ҳаққында сораў
(Мат 22:23-33; Мрк 12:18-27)
27Қайта тирилиў жоқ деўши саддукейлердиң#20:27 Саддукейлер – Ийсаның заманында яҳудийлердиң күшли диний топары. айырымлары Ийсаға келип, Оннан:
28– Устаз, Муўса бизлерге, егер биреўдиң ағасы баласыз өлип ҳаялын қалдырса, иниси оның ҳаялын алып, өз ағасының урпағын даўам еттириў кереклигин жазып қалдырған еди.#20:28 Нзм 25:5-6. 29Ағайинли жети жигит бар еди. Олардың бириншиси үйленип, баласыз өлди. 30Екиншиси де, 31үшиншиси де сол ҳаялды алды. Ҳаялды жетеўиниң ҳәммеси де алып, бала қалдырмай өлип кетти. 32Ең соңында ҳаялдың өзи де қайтыс болды. 33Ал қайта тирилгенде ол жетеўиниң ишинде қайсысының ҳаялы болады? Ол жетеўине де ҳаял болған еди-ғо, – деп сорады.
34Ийса жуўап берип былай деди:
– Бул дүньяның адамлары үйленеди ҳәм турмысқа шығады. 35Ал келеси дүньяға ҳәм өлимнен қайта тирилиўге ылайықлы болғанлар үйленбейди де, турмысқа да шықпайды. 36Олар периштелер сыяқлы болғанлықтан, енди өлмейди. Өлимнен қайта тирилгенликтен, Қудайдың балалары болады. 37Муўса да өлгенлердиң қайта тирилетуғынын жанып турған пута ҳаққында айтылған ўақыяда көрсеткен еди. Ол сол жерде Жаратқан Ийени: «Ибрайымның Қудайы, Ысақтың Қудайы, Яқыптың Қудайы»#20:37 Шығ 3:6. деп атаған. 38Қудай өлилердиң емес, ал тирилердиң Қудайы. Себеби Оған тийисли адамлардың ҳәммеси тири.
39Диний муғаллимлердиң гейбиреўлери:
– Устаз, Сен дурыс айттың, – деди.
40Оған және сораў бериўге ҳеш кимниң батылы бармады.
Масийх кимниң Урпағы?
(Мат 22:41-46; Мрк 12:35-37)
41Ийса оларға былай деди:
– Қалайынша Масийхты Даўыттың Урпағы деседи? 42Даўыттың өзи Забурда:
«Жаратқан Ийе Ийеме айтты:
43„Душпанларыңды аяғыңның астына бастырмағанымша,
Мениң оң жағымда отыр!“»#20:42-43 Заб 109:1.
деген.
44Солай етип, Даўыт Оны «Ийем» деп атаған болса, Ол қалайынша оның Урпағы болады?
Диний муғаллимлер ҳаққында
(Мат 23:1-36; Мрк 12:38-40; Лук 11:37-54)
45Пүткил халық тыңлап турғанда, Ийса Өз шәкиртлерине:
46– Диний муғаллимлерден сақ болыңлар! Олар узын кийим кийип жүргенди, базар майданларында өзлерине сыйлап сәлем бергенди, мәжилисханаларда сыйлы орында, зыяпатларда төрде отырғанды жақсы көреди. 47Олар жесир ҳаяллардың үйлерин жалмап жутып, көзге көриниў ушын узақ дуўа етеди. Бундай адамлар ең аўыр жаза алады, – деди.

अहिले सेलेक्ट गरिएको:

Лука 20: КркМК22

हाइलाइट

शेयर गर्नुहोस्

कपी गर्नुहोस्

None

तपाईंका हाइलाइटहरू तपाईंका सबै यन्त्रहरूमा सुरक्षित गर्न चाहनुहुन्छ? साइन अप वा साइन इन गर्नुहोस्