Яқып 1
1
Сәлемнама
1Мен, Қудайдың ҳәм Ийемиз Ийса Масийхтың қулы Яқыптан, жер жүзине тарқалып кеткен Қудайдың халқына сәлем!
Сынаў ҳәм азғырыў
2Туўысқанларым, түрли сынаўларға ушырағаныңызда оны үлкен қуўаныш пенен қабыл етиңлер. 3Себеби исенимиңиздиң сыналыўынан сабырлылық пайда болатуғынын билесизлер. 4Ҳеш бир кемшиликсиз, жетилискен ҳәм минсиз адамлар болыўыңыз ушын толық сабырлылық етиңлер. 5Егер араңыздағы бириңиздиң даналығы кем болса, ҳәммеге сақыйлық пенен, айыпламай беретуғын Қудайдан сорасын. Қудай оған береди. 6Бирақ ҳеш гүманланбастан, исеним менен сорасын. Өйткени гүманланған адам самал менен шайқатылып тынышсызланған теңиз толқынына уқсайды. 7-8Өзиниң пүткил жолларында турақсыз болған, бундай еки ойлы адам Ийемизден бир нәрсе аламан, деп ойламасын.
Төмен жасайтуғын туўысқан ҳәм бай туўысқан
9Төмен жасайтуғын туўысқан Қудайдың өзине берген мәртебеси менен мақтансын. 10Ал бай туўысқан өз пәслиги менен мақтансын. Себеби бай адам даладағы гүл сыяқлы солып қалады. 11Қуяш шығып, жәзийрама ыссысы менен шөпти қуўратып таслайды. Оның гүли төгилип, көркиниң гөззаллығы жоғалады. Бай адам да усылай өз ислери менен солып жоқ болады.
Сынаў бахыт алып келеди
12Сынаўға шыдаған адам бахытлы! Өйткени ол сынаўдан өткеннен соң, Қудайдың Өзин сүйетуғынларға ўәде еткен өмир тажын алады.
13Азғырылыўға түскенде ҳеш ким: «Мен Қудай тәрепинен азғырылып атырман», – демесин. Себеби Қудай жаманлық пенен азғырыла алмайды ҳәм Оның Өзи де ҳеш кимди азғырмайды. 14Бирақ ҳәр ким өзиниң жаман қәлеўлерине берилип, алданып азғырылады. 15Кейин сол қәлеў ҳәмиледар болып, гүнаны туўады. Ал гүна жетилисип, өлимди туўады.
16Сүйикли туўысқанларым, алданбаңлар! 17Ҳәр қандай жақсы ҳәм минсиз сый жоқарыдан, нурлар Әкеси болған Қудайдан келеди. Онда ҳеш қандай өзгерис ямаса өзгериўши көлеңке жоқ. 18Оның жаратқанларының арасында биринши мийўелери болыўымыз ушын, Ол Өз қәлеўи бойынша бизлерди ҳақыйқат сөзи менен өмирге еристирди.
Тыңлаў ҳәм орынлаў
19Сүйикли туўысқанларым, мынаны есте сақлаңлар: ҳәр бир адам еситиўде шаққан, сөйлеўде ақырын, ғәзеплениўде де ақырын болсын. 20Өйткени адамның ғәзеби Қудайдың талап еткен ҳақлығын иске асыра алмайды. 21Сонлықтан ҳәр қандай ипласлықты ҳәм тасып баратырған жаманлықты таслап, өзлериңизде егилген, жанларыңызды қутқара алатуғын Қудайдың сөзин кишипейиллик пенен қабыл етиңлер.
22Сөзди тек тыңлаўшылар болып, өз-өзиңизди алдамаңлар, оны орынлаўшылар болыңлар. 23Егер ким де ким сөзди тыңлап, оны орынламаса, ол өз тәбийғый келбетин айнада көрген адамға уқсайды. 24Себеби ол өзин көрип болып, кетип қалады ҳәм қандай екенин дәрҳал умытады. 25Бирақ азатлық бериўши минсиз нызамға анықлап қарайтуғын ҳәм ол бойынша жасайтуғын адам умытшақ тыңлаўшы болмай, оны ис жүзинде қолланады. Бундай адам өз ислери менен бахытлы болады.
26Өзин диншил деп есаплап, тилин тыймаған адам өзин өзи алдаған болады. Оның диншиллиги бос. 27Әкемиз Қудайдың алдында пәк ҳәм қәтесиз диншиллик бул – жетим-жесирлерге қыйын күнлеринде жәрдем етип, өзин дүньяның напәкликлеринен сақлаў.
လက္ရွိေရြးခ်ယ္ထားမွု
Яқып 1: КркМК22
အေရာင္မွတ္ခ်က္
မၽွေဝရန္
ကူးယူ

မိမိစက္ကိရိယာအားလုံးတြင္ မိမိအေရာင္ခ်ယ္ေသာအရာမ်ားကို သိမ္းဆည္းထားလိုပါသလား။ စာရင္းသြင္းပါ (သို႔) အေကာင့္ဝင္လိုက္ပါ
© Институт перевода Библии, 2022