YouVersion လိုဂို
ရွာရန္ အိုင္ကြန္

Елшилер 18

18
Коринф қаласында
1Буннан соң, Павел Афинадан шығып, Коринфке келди. 2Сол жерде Акила атлы, понтлы бир яҳудийге дусласты. Акила ҳаялы Прискилла менен жақында Италиядан келген еди. Себеби император Клавдий барлық яҳудийлердиң Римнен шығып кетиўин буйырған еди. Павел оларға барды да, 3кәсиплес болғанлықтан олар менен бирге қалып, жумыс иследи. Олардың кәсиби – шатыр соғыў еди. 4Павел ҳәр Шаббат күни мәжилисханада айтысып, яҳудийлерди ҳәм греклерди исендириўге ҳәрекет етти.
5Сила менен Тимофей Македониядан келгенде, Павел өзин Қудайдың сөзин жәриялаўға ҳәм яҳудийлерге Ийсаның Масийх екени ҳаққында гүўалық бериўге толық бағышлады. 6Бирақ яҳудийлер қарсы шығып, оны масқаралағанда, Павел кийиминиң шаңын қағып#18:6 Кийиминиң шаңын қағып – яҳудийлердиң әдети бойынша, байланыстың үзилгенлигин билдиреди., оларға былай деди:
– Қаныңыз өз басыңызда қалсын! Мен жуўапкершиликтен азатпан. Буннан былай, басқа миллетлерге кетемен.
7Павел сол жерден шығып, Қудайға сыйынатуғын Титус Юстус атлы бир адамның үйине келди. Оның үйи мәжилисханаға иргелес еди. 8Мәжилисхана басшысы болған Криспус пүткил үй-иши менен Ийемизге исенди. Павелди тыңлаған коринфлилердиң көбиси де исенип, суўға шомылдырылды.
9Бир күни түнде Ийемиз Павелге аян көрсетип: «Қорқпа, үнсиз қалмай, сөйлей бер! 10Мен сениң менен биргемен, жаманлық ислеў ушын саған ҳеш ким қол тийгизе алмайды. Өйткени бул қалада Мениң адамларым көп», – деди. 11Солай етип, Павел ол жерде бир ярым жыл қалды ҳәм халыққа Қудайдың сөзин үйретиўин даўам етти.
12Галлио Ахая үлкесиниң ҳәкими болған ўақытта яҳудийлер биригип, Павелге қарсы шықты. Оны қазыханаға алып барып:
13– Мына адам халықты үгитлеп, Қудайға сыйыныўды бизлердиң нызамымызға қайшы келетуғын жол менен үйретип жүр, – деди.
14Павел енди сөзин басламақшы болғанда, Галлио яҳудийлерге былай деди:
– Ҳәй, яҳудийлер! Егер бир нызамсызлық ямаса бир аўыр жынаят исленген болса, мен сизлерди сабырлылық пенен тыңлар едим. 15Бирақ, сөзлерге, атларға ҳәм өзлериңиздиң нызамыңызға байланыслы мәселелер болса, өзлериңиз шешиңлер. Мен бундай нәрселерге қазылық етким келмейди.
16Солай етип, Галлио оларды қазыханадан қуўып жиберди. 17Сонда олардың ҳәммеси мәжилисхананың басшысы Состенисти услап алып, қазыхананың алдында сабап таслады. Ал Галлио буларға кеўил де аўдарған жоқ.
Павелдиң Антиохияға қайтыўы
18Павел сол жерде және бир неше күн болғаннан соң, туўысқанлар менен хошласты. Прискилла ҳәм Акила менен бирге Сирияға барыў ушын кемеге минди. Қудайға ант бергенликтен, Павел Кенхреяда шашын қыйдырып таслады. 19Эфеске келгенде, Прискилла менен Акиланы сол жерде қалдырып, өзи мәжилисханаға барды да, яҳудийлер менен пикир алыса баслады. 20Олар көбирек ўақыт қалыўын өтиниш етсе де, Павел қайылшылық бермеди. 21Бирақ олар менен хошласып атырып:
– Қудай қәлесе, сизлерге және қайтып келемен#Елш 18:21 Қудай қәлесе, сизлерге және қайтып келемен – Базы қолжазбаларда: «Жақынлап қалған байрамды Ерусалимде өткериўим керек. Қудай қәлесе, сизлерге және қайтып келемен»., – деди.
Соңынан кеме менен Эфестен жөнеп кетти.
22Ол Кесарияда кемеден түсип, Ерусалимге кетти ҳәм сол жердеги исениўшилер жәмәәтине сәлем бергеннен соң, Антиохияға барды. 23Антиохияда бир неше ўақыт қалғаннан соң, Павел жолға шықты. Тәртип бойынша Галатия ҳәм Фрикия үлкелерин аралап, ҳәмме шәкиртлерге руўхый күш-қуўат берип жүрди.
Аполлостың хызмети
24Сол ўақытта негизи искендериялы болған Аполлос атлы бир яҳудий Эфеске келди. Ол Мухаддес Жазыўларды жүдә жақсы билетуғын, сөзге шешен адам еди. 25Ийемиздиң жолында тәлим алған ол жалынлы руўх пенен сөйлеп, Ийса ҳаққында дурыс үйрететуғын еди. Бирақ ол тек Яқыяның суўға шомылдырыўын ғана билетуғын еди. 26Аполлос мәжилисханада батыллық пенен сөйлей баслады. Буны Прискилла менен Акила еситкенде, оны үйине апарып, Қудайдың жолын анығырақ түсиндирип берди.
27Аполлос Ахаяға кетпекши болғанда, туўысқанларымыз оны қоллап қуўатлады. Сол жердеги шәкиртлердиң оны қабыл қылыўы ушын хат жазып берди. Аполлос сол жерге жетип барып, Қудайдың мийрими менен исенгенлерге көп жәрдем берди. 28Себеби ол Ийсаның Масийх екенин Мухаддес Жазыўлар арқалы дәлиллеп, яҳудийлерди халық алдында күшли түрде әшкаралады.

လက္ရွိေရြးခ်ယ္ထားမွု

Елшилер 18: КркМК22

အေရာင္မွတ္ခ်က္

မၽွေဝရန္

ကူးယူ

None

မိမိစက္ကိရိယာအားလုံးတြင္ မိမိအေရာင္ခ်ယ္ေသာအရာမ်ားကို သိမ္းဆည္းထားလိုပါသလား။ စာရင္းသြင္းပါ (သို႔) အေကာင့္ဝင္လိုက္ပါ