Матта 8
8
Сегизинши бап
Мақаў кесел болып аўырған
адамның шыпа табыўы
1Ийса таўдан түскенде, изине көп халық ерди. 2Сонда Оның қасына мақаў кесел адам келип, аяғына жығылды да:
– Ийем, егер Сен қәлесең, мени мақаў кеселден тазалай аласаң-ғо, – деди.
3Ийса қолын созып, оған тийгизди де:
– Қәлеймен, тазалан! – деди.
Ол сол ўақытта-ақ мақаў кеселден тазаланып шыпа тапты. 4Ийса оған:
– Абайлы бол, буны ҳеш кимге айтпа! Бирақ руўханийге барып өзиңди көрсет те, мақаў кеселден тазаланғаныңды адамларға дәлиллеў ушын, Муўса буйырған қурбанлықты бер, – деди.
Римли жүзбасының исеними
5Ийса Капарнаҳумға кирген ўақытта Оның қасына бир римли жүзбасы келип:
6– Ийем, мениң хызметшим ләң болып, қатты қыйналып үйде жатыр, – деп Оннан жәрдем сорады.
7Ийса оған:
– Мен барып, оған шыпа беремен, – деди.
8Ал жүзбасы:
– Ийем, Сениң шаңарағыма келиўиңе мен ылайықлы емеспен. Тек бир сөз ғана айтсаң, хызметшим жазылып кетеди. 9Өйткени мен де биреўдиң қол астындағы адамман, өзиме бағынышлы әскерлерим де бар. Олардың биреўине «бар» десем, барады, екиншисине «кел» десем, келеди, қулыма «мынаны исле» десем, ислейди, – деп жуўап қайтарды.
10Буларды еситкен Ийса таң қалып, изине ерип киятырғанларға:
– Сизлерге шынын айтып турман: Мен бундай исенимди Израилда да ушыратпаған едим. 11Сизлерге айтатуғыным: шығыстан ҳәм батыстан көп адамлар келип, Ибрайым, Ысақ ҳәм Яқып пенен бирге Аспан Патшалығында дастурханлас болады. 12Ал Патшалықтың мийрасхорлары#8:12 Сөзбе-сөз: Патшалықтың балалары. сыртқы қараңғылыққа шығарып тасланады. Сол жерде олар жылап, пушайман жейди#8:12 Сөзбе-сөз: тислерин қайрайды., – деди.
13Соннан соң, Ийса жүзбасыға:
– Бара бер, сениң исенимиңе қарай болсын! – деди.
Жүзбасының хызметшиси сол ўақытта-ақ жазылып кетти.
Ийсаның көп адамларға
шыпа бериўи
14Ийса Петрдиң үйине келип, оның қәйин енесиниң ыссылығы көтерилип, аўырып жатырғанын көрди. 15Ийса ҳаялдың қолына қолын тийгизгенде, ыссылығы түсти ҳәм ҳаял орнынан турып, Оған хызмет етти.
16Кеш болғанда, адамлар Ийсаға жин урған көп адамларды алып келди. Ийса олардағы жаўыз руўхларды Өзиниң сөзи менен қуўып шығарып, аўырғанлардың ҳәммесине шыпа берди. 17Булар Ийшая пайғамбар арқалы айтылған мына сөзлердиң орынланыўы ушын болды:
«Ол ҳәлсизликлеримизди Өзине алды,
Аўырыўларымызды Өзине жүкледи» # 8:17 Ийшая 53:4. .
Ийсаға шәкирт болыўдың шәрти
18Ийса дөгерегине жыйналған көп халықты көргенде, шәкиртлерине теңиздиң арғы жағасына өтиўди буйырды. 19Сонда бир диний муғаллим келип, Оған:
– Устаз, Сен қаяққа барсаң да, мен Саған еремен, – деди.
20Ийса оған:
– Түлкилердиң инлери, аспандағы қуслардың уялары бар. Бирақ Адам Улының#8:20 Адам Улы – Ески Келисимде ўәде етилген Қутқарыўшы Масихтың бир аты. бас паналайтуғын орны да жоқ, – деди.
21Және бир шәкирти Оған:
– Ийем, дәслеп барып, әкемди жерлеўиме рухсат ет, – деди.
22Бирақ Ийса оған:
– Маған ер. Өз өлгенлерин жерлеўди өлилерге қалдыр, – деди.
Ийсаның даўылды тоқтатыўы
23Ийса қайыққа мингенде, шәкиртлери де Оның изинен минди. 24Теңизде тосаттан күшли даўыл көтерилип, толқынлар қайықты суўға толтыра баслады. Ал Ийса уйықлап жатыр еди. 25Сонда шәкиртлери Оған жақынлап келди де, Оны оятып:
– Ийем! Бизлерди қутқар, набыт болажақпыз! – деди.
26Ийса оларға:
– Неге буншама қорқасызлар, ҳәй, исеними азлар? – деди де, турып самалға ҳәм теңизге тыйым салғанда, аўыр тынышлық орнады.
27Адамлар таң қалысып:
– Самалды да, теңизди де Өзине бойсындыратуғын бул ким? – дести.
Жин урған еки адамның
шыпа табыўы
28Ийса арғы жағадағы Гадара үлкесине келгенде, қәбирлердиң арасынан киятырған жин урған еки адамды ушыратты. Олар жүдә қәҳәрли болғанлықтан, бул жол менен өтиўге ҳеш кимниң батылы бармайтуғын еди. 29Олар қышқырысып:
– Қудайдың Улы Ийса, Сениң бизлер менен не жумысың бар? Бул жерге бизлерди ўақты келместен бурын азаплаўға келдиң бе? – деди.
30Олардан алысырақта бир үлкен шошқа падасы жайылып жүрген еди. 31Жинлер Ийсаға:
– Егер бизлерди қуўып шығаратуғын болсаң, шошқалардың падасына жибер, – деп жалынды.
32Сонда Ийса оларға:
– Барыңлар, – деди.
Жинлер адамлардан шығып, шошқалардың ишине кирди. Сонда шошқалардың ҳәммеси жуўырысып, тик жағадан теңизге түсти де, суўда набыт болды.
33Падашылар қашып қалаға барып, бәрин хабарлады ҳәм жин урғанларға не болғанын да айтып берди. 34Сонда қаланың барлық турғынлары Ийсаның алдына шықты. Олар Оны көргенде, үлкеден шығып кетиўин өтинди.
Селектирано:
Матта 8: KrkNT
Нагласи
Сподели
Копирај
Дали сакаш да ги зачуваш Нагласувањата на сите твои уреди? Пријави се или најави се
© Библия аўдарыў институты, 2004