1
Юхан 6:35
Мухаддес Китап
Ийса оларға былай деди: – Мен – өмир наныман. Маған келген адам ҳеш қашан аш болмайды ҳәм Маған исенген адам ҳеш қашан шөллемейди.
مقایسه
Юхан 6:35 را جستجو کنید
2
Юхан 6:63
Руўх өмир береди, ал дене пайда келтирмейди. Сизлерге айтқан сөзлерим руўх ҳәм өмир.
Юхан 6:63 را جستجو کنید
3
Юхан 6:27
Сизлер өткинши азық ушын емес, ал мәңгилик өмирге жетелейтуғын азық ушын мийнет етиңлер. Оны сизлерге Адам Улы береди. Өйткени Қудай Әке Оған Өз мөрин басып, бийлик берди, – деди.
Юхан 6:27 را جستجو کنید
4
Юхан 6:40
Әкемниң ерки – Оның Улын көрип, Оған исенген ҳәр бир адамның мәңгилик өмирге ийе болыўы. Мен оны ақырғы күни тирилтемен.
Юхан 6:40 را جستجو کنید
5
Юхан 6:29
– Қудайға унайтуғын ис – Оның Жибергенине исениў, – деп жуўап берди Ийса.
Юхан 6:29 را جستجو کنید
6
Юхан 6:37
Әкемниң Маған бергенлериниң ҳәммеси Маған келеди. Маған келгенлерди ҳеш қашан қуўып шығармайман.
Юхан 6:37 را جستجو کنید
7
Юхан 6:68
Шимон Петр жуўап берип: – Ийем, бизлер кимге барамыз? Сенде мәңгилик өмир сөзлери бар.
Юхан 6:68 را جستجو کنید
8
Юхан 6:51
Мен – аспаннан келген тири нанман. Егер ким де ким бул нанды жесе, мәңги жасайды. Дүньяға өмир бериў ушын, Мен беретуғын бул нан – Өз денем.
Юхан 6:51 را جستجو کنید
9
Юхан 6:44
Егер Мени Жиберген Әкем алып келмесе, ҳеш ким Маған келе алмайды, ал Маған келгенди ақырғы күни тирилтемен.
Юхан 6:44 را جستجو کنید
10
Юхан 6:33
Себеби Қудайдың наны аспаннан келип, дүньяға өмир береди, – деди.
Юхан 6:33 را جستجو کنید
11
Юхан 6:48
Мен – өмир наныман.
Юхан 6:48 را جستجو کنید
12
Юхан 6:11-12
Сонда Ийса нанларды алып, Қудайға шүкирлик етти де, отырғанларға үлестирип берди. Сол сыяқлы, оларға балықларды да қәлегенинше бөлип берди. Ҳәмме жеп тойғанда, Ийса шәкиртлерине: – Аўысқан бөлеклерин жыйнап алыңлар, ҳеш нәрсе зая болмасын, – деди.
Юхан 6:11-12 را جستجو کنید
13
Юхан 6:19-20
Шәкиртлер бес-алты шақырымдай жүзгеннен соң, көлдиң үсти менен жүрип, қайыққа жақынласып киятырған Ийсаны көрип, қорқып қалысты. Бирақ Ийса оларға: – Бул – Мен, қорқпаңлар! – деди.
Юхан 6:19-20 را جستجو کنید
خانه
كتابمقدس
برنامههای مطالعه
ویدیوها