Жаратылыс 4
4
Каин ҳәм Абыл
1Адам ҳаялы Ҳаўа менен жақынласқаннан соң, ҳаялы ҳәмиледар болып, Каинды туўды. Сонда Ҳаўа: «Мен Жаратқан Ийениң жәрдеми менен адамды дүньяға келтирдим», – деди. 2Соңынан ол тағы да Каинның иниси Абылды туўды. Абыл шопан, ал Каин дийхан болды. 3Арадан бир неше ўақыт өткеннен соң, Каин жердиң өниминен Жаратқан Ийеге қурбанлық берди. 4Абыл да өзиниң сүриўиндеги туңғыш төллердиң бир нешесин әкелип, олардың майлы бөлеклерин қурбанлыққа берди. Жаратқан Ийе Абылды ҳәм оның қурбанлығын қабыл етти. 5Бирақ Каинды ҳәм оның қурбанлығын қабыл етпеди. Сонда Каин қатты ашыўланып, қабағы қарыс жаўылды.
6Жаратқан Ийе Каинға:
– Сен не ушын ашыўланасаң? Неге қабағың қарыс жаўылады? 7Егер нийетиң жақсы болса, басыңды көтерип жүрмес пе едиң? Бирақ, егер нийетиң жаман болса, есик алдында гүна жатыр. Ол сени өзине тартады, бирақ сен оннан үстем бол, – деди.
8Каин иниси Абылға:
– Жүр, атызға барайық! – деди.
Олар атызда болған ўақытта Каин иниси Абылға топылып, оны өлтирди.
9Жаратқан Ийе Каиннан:
– Иниң Абыл қай жерде? – деп сорады.
Ол:
– Билмеймен, мен не инимниң қараўылыман ба? – деп жуўап берди.
10Сонда Жаратқан Ийе былай деди:
– Сен не ислеп қойдың? Иниңниң қаны Маған жерден нала етип атыр. 11Сениң өз қолың менен өлтирген иниңниң қанын ишиў ушын аўзын ашқан жерден енди сен қуўып жиберилип, нәлетий боласаң. 12Буннан былай, тәрбиялаған жериң өним бермейтуғын болады ҳәм сен жер бетинде турақлай алмай, гезендеге айланасаң.
13Каин Жаратқан Ийеге:
– Мениң жазам көтере алмайтуғын дәрежеде аўыр. 14Бүгин Сен мени бул жерлерден қуўып атырсаң, енди мен Сениң көзиңнен таса болып, бир жерде турақлай алмай, гезендеге айланаман. Мени дус келген адам өлтирип кетиўи мүмкин-ғо, – деди.
15Сонда Жаратқан Ийе оған:
– Яқ! Егер ким де ким сени өлтирсе, оннан жети есе өш алынады, – деди.
Солай етип, Каинға дусласқан ҳеш бир адам оны өлтирмеўи ушын, Жаратқан Ийе оған бир белги салды. 16Каин Жаратқан Ийениң жанынан кетип, Эденниң шығысындағы Нод#4:16 Нод – «сергизданлық» дегенди билдиреди. деген жерге орналасты.
Каинның урпақлары
17Каин ҳаялы менен жақынласқаннан соң, ҳаялы ҳәмиледар болып, Ханохты туўды. Сол ўақытта Каин бир қала салып атыр еди. Ол қалаға улы Ханохтың атын қойды. 18Ханохтан Ирад туўылды. Ирадтан Мехуяел, Мехуяелден Метушаел, Метушаелден Ламех туўылды.
19Ламех еки ҳаял алды: бириншисиниң аты – Ада, екиншисиниң аты – Силла еди. 20Ада Ябалды туўды. Ол шатырларда жасаўшы шарўалардың түп бабасы болды. 21Инисиниң аты Юбал еди. Ол барлық лира#4:21 Лира – бармақ пенен шертилетуғын тарлы саз әсбабы. ҳәм сыбызғы шертетуғынлардың түп бабасы болды. 22Ал Силла Тубал-Қайынды туўды. Ол барлық қола ҳәм темир қуралларын ислеўши болды. Тубал-Қайынның қарындасы Наама еди.
23Ламех ҳаялларына былай деди:
«Ҳәй, Ада ҳәм Силла, мени тыңлаңлар!
Ламехтиң ҳаяллары,
Сөзиме қулақ салыңлар!
Мени жарақатлағаны ушын бир ер адамды,
Урғаны ушын бир жас жигитти өлтиремен.
24Егер Каин ушын өш алынса жети есе,
Ламех ушын өш алынар жетпис есе».
Шет ҳәм Энош
25Адам ҳаялы менен тағы жақынласқаннан соң, ҳаялы бир ул туўды. Ол: «Қудай Каин өлтирген Абылдың орнына маған басқа перзент берди», – деп, балаға Шет#4:25 Шет – «қойыў», «бериў» дегенди билдиреди. деп ат қойды. 26Шеттен де бир ул туўылып, оның атын Энош деп қойды.
Адамлар сол ўақыттан баслап Жаратқан Ийениң атын айтып шақыра баслады.
Zur Zeit ausgewählt:
Жаратылыс 4: КркМК22
Markierung
Teilen
Kopieren
Möchtest du deine gespeicherten Markierungen auf allen deinen Geräten sehen? Erstelle ein kostenloses Konto oder melde dich an.
© Институт перевода Библии, 2022