Матта 25
25
Жигирма бесинши бап
Он қыз туўралы тымсал
1– Сол күни Аспан Патшалығы шыраларын алып, күйеўди қарсы алыўға шыққан он қызға уқсайды. 2Олардың бесеўи ақылсыз, ал бесеўи ақыллы болыпты. 3Ақылсыз қызлар шыраларын алыпты да, бирақ аўысық май алмай шығыпты. 4Ал ақыллы қызлар шыралары менен қоса май қуйылған ыдысларын да алып шығыпты. 5Күйеў кешиккеннен соң олардың ҳәммеси қалғып, уйықлап қалыпты. 6Бирақ түн ортасы болғанда: «Күйеў киятыр, оны қарсы алыўға шығыңлар», – деп бақырған даўыс еситилипти. 7Сонда қызлардың ҳәммеси турып, өзлериниң шыраларын таярлапты. 8Ақылсыз қызлар ақыллыларға: «Бизлерге майларыңыздан аз-маз бериңлер, шыраларымыз сөнип атыр», – депти. 9Ал ақыллы қызлар: «Бизлерге де, сизлерге де жетпей қалыўы мүмкин, жақсысы, сатыўшыларға барып сатып алыңлар», – деп жуўап берипти. 10Олар май сатып алыўға кеткен ўақытта күйеў келип, таяр турған қызлар оның менен бирге тойханаға киргеннен соң, қапы бекитилипти. 11Соңынан қалған қызлар да келип: «Ийем! Ийем! Бизлерге қапыны аш!» – деп жалыныпты. 12Бирақ ол: «Сизлерге шынын айтып турман: мен сизлерди танымайман!» – деп жуўап қайтарыпты.
13Солай етип, сергек болыңлар, себеби Адам Улының келетуғын күнин ҳәм ўақтын билмейсизлер-ғо.
Аманат етилген талант
туўралы тымсал
14– Аспан Патшалығы бир адамның узақ жолға кетпесинен бурын хызметшилерин шақырып алып, оларға өзиниң мал-мүлкин аманат еткенине уқсайды. 15Олардың уқыбына қарай, биреўине бес, екиншисине еки, үшиншисине бир талант берип, жолға атланыпты. 16Бес талант алғаны дәрриў барып, ақшаны саўдаға айландырып, және бесеўин арттырыпты. 17Еки талант алғаны да солай ислеп, және екеўин арттырыпты. 18Бир талант алғаны барып, ийесиниң ақшасын жерге көмип жасырыпты.
19Арадан көп ўақыт өткеннен соң хызметшилердиң ийеси қайтып келип, олардан есап талап етипти. 20Сонда бес талант алғаны және бесеўин әкелип: «Ийем, маған бес талант берген едиңиз, минекей, мен және бесеўин арттырдым», – депти. 21Ийеси оған: «Бәрекелла, жақсы ҳәм исенимли хызметшим! Кишкене исте исенимли болдың, мен саған үлкен ис тапсырмақшыман. Жүр, мениң қуўанышыма ортақ бол!» – депти. 22Еки талант алғаны да келип: «Ийем, сиз маған еки талант берген едиңиз, минекей, мен және екеўин арттырдым», – депти. 23Ийеси оған: «Бәрекелла, жақсы ҳәм исенимли хызметшим! Кишкене исте исенимли болдың, мен саған үлкен ис тапсырмақшыман. Жүр, мениң қуўанышыма ортақ бол!» – депти.
24Соңынан бир талант алғаны да келип: «Ийем, сизиң қатал адам екениңизди билемен. Сиз өзиңиз екпеген жериңизден орып, шашпаған жериңизден жыйнайсыз. 25Сонлықтан мен сизден қорқып, талантыңызды жерге көмип жасырған едим. Минекей, ақшаңыз, алың», – депти. 26Ал ийеси оған жуўап қайтарып былай депти: «Ҳәй, жаман ҳәм жалқаў хызметшим! Мениң өзим екпеген жерден орып, шашпаған жерден жыйнайтуғынымды сен билипсең. 27Сонлықтан да, мениң ақшамды айланысқа жиберетуғын адамға бериўиң тийис еди, қайтып келгенимде өзимдикин пайдасы менен алар едим-ғо. 28Енди оннан талантты алыңлар да, оны он таланты барға бериңлер! 29Өйткени кимде бар болса, оған және де мол етип бериледи, ал кимде жоқ болса, оның бары да тартып алынады. 30Ал мына жарамсыз хызметшини сыртқы қараңғылыққа шығарып таслаңлар. Сол жерде ол жылап, пушайман жейди».
Ақырзамандағы ҳүким
31– Адам Улы Өз салтанатында ҳәм барлық периштелери менен бирге келгенде, Өзиниң салтанатлы тахтына отырады. 32Сонда барлық халықлар Оның алдына жыйналады ҳәм Ол шопанның қойларды ешкилерден айырғаны сыяқлы, оларды айырып бөледи. 33Қойларды оң жағына, ешкилерди сол жағына қояды. 34Сонда патша оң жағындағыларға: «Келиңлер, Әкемнен жарылқанғанлар, дүнья жаратылғаннан бери сизлер ушын таярлап қойылған Патшалықты мийрас етип алыңлар. 35Себеби Мен аш болғанымда, сизлер Маған аўқат бердиңлер, шөллегенимде, суў бердиңлер, жат жерде жүргенимде, Мени қабыл алдыңлар. 36Жалаңаш болғанымда, Маған кийим бердиңлер, наўқас болғанымда, Мени күттиңлер, қамақта болғанымда, Маған келдиңлер», – дейди. 37Сонда ҳақ адамлар Оған: «Ийем! Бизлер қашан аш болғаныңды көрип, Саған аўқат бердик, қашан шөллегениңди көрип, суў бердик? 38Қашан жат жерде жүргениңди көрип, Сени қабыл еттик, қашан жалаңаш болғаныңда, Саған кийим бердик? 39Қашан наўқас ямаса қамақта болғаныңды көрип, Саған бардық?» – дейди. 40Патша оларға жуўап берип: «Сизлерге шынын айтып турман: сизлердиң усы ислерди Мениң мына ең қарапайым туўысқанларымның биреўине ислегениңиз – Маған ислегениңиз болады», – дейди. 41Соннан кейин, Ол сол жағындағыларға: «Ҳәй, ғарғыс алғанлар! Мениң қасымнан арман, шайтан ҳәм оның хызметшилери#25:41 Сөзбе-сөз: периштелери. ушын таярланып қойылған мәңгилик отқа кетиңлер! 42Өйткени Мен аш болғанымда, сизлер Маған аўқат бермедиңлер, шөллегенимде, суў бермедиңлер. 43Жат жерде жүргенимде, Мени қабыл алмадыңлар, жалаңаш болғанымда, Маған кийим бермедиңлер, наўқас, қамақта болғанымда, Маған келмедиңлер», – дейди. 44Сонда олар жуўап берип: «Ийем! Бизлер Сениң қашан я аш болғаныңды, я шөллегениңди, я жат жерде жүргениңди, я жалаңаш, я наўқас, я қамақта болғаныңды көрип, Саған хызмет етпедик?» – дейди. 45Сонда патша жуўап қайтарып: «Сизлерге шынын айтып турман: сизлер усы ислерди мына ең қарапайым биреўине ислемегениңиз – Маған ислемегениңиз болады», – дейди.
46Солай етип, олар мәңгилик азапқа жибериледи, ал ҳақ адамлар мәңгилик өмирге ериседи.
Zur Zeit ausgewählt:
Матта 25: KrkNT
Markierung
Teilen
Kopieren
Möchtest du deine gespeicherten Markierungen auf allen deinen Geräten sehen? Erstelle ein kostenloses Konto oder melde dich an.
© Библия аўдарыў институты, 2004