Матта 24
24
Жигирма төртинши бап
Ийсаның Ибадатхананың
қыйралыўын болжаўы
1Ийса Ибадатханадан шығып баратырғанда, шәкиртлери Оған Ибадатхананың имаратларын нусқап көрсетиў ушын қасына келди. 2Сонда Ийса оларға:
– Мыналардың бәрин көрип турсызлар ма? Сизлерге шынын айтып турман: бул жерде тас үстинде тас қалмайды, ҳәммеси қыйратылады, – деди.
3Соннан соң, Ол Зәйтүн таўында отырғанда шәкиртлери аўлақта Оның қасына келип:
– Устаз, буның қашан болатуғынын бизлерге айтып бер. Сениң келиўиңди ҳәм усы заманның ақырын қандай белги билдиреди? – деп сораў қойды.
4Ийса оларға былай деп жуўап берди:
– Биреўлердиң сизлерди алдаўынан сақ болыңлар! 5Себеби көплер Мениң атым менен келип: «Мен – Масихпан» деп, көп адамларды алдайды. 6Сизлер урыслардың шаўқымын ҳәм урыслар ҳаққында мыш-мышларды еситкенде қәўетерленбеңлер. Булардың болыўы шәрт, бирақ бул еле ақыры емес. 7Өйткени миллет миллетке қарсы, патшалық патшалыққа қарсы көтериледи, көп жерлерде ашаршылықлар ҳәм жер силкиниўлер болады. 8Ал булардың ҳәммеси толғақ азабының басланыўындай болады.
9Сонда сизлерди қыйнаўға услап береди ҳәм өлтиреди. Мениң атым ушын барлық халықлар сизлерди жек көреди. 10Сонда көп адамлар исенимнен қайтады, бир-бирине сатқынлық ислеп, бир-бирин жек көреди. 11Көплеген жалған пайғамбарлар пайда болып, көп адамларды алдайды. 12Жаўызлық#24:12 Сөзбе-сөз: нызамсызлық. көбейгенликтен, көп адамлардың сүйиспеншилиги суўыйды. 13Бирақ, ақырына дейин шыдаған қутқарылады. 14Аспан Патшалығы туўралы Хош Хабар пүткил жер жүзине жәрияланып, барлық халықларға гүўалық болады. Соннан кейин, усы заманның ақыры келеди.
Ең уллы апат
15– Ал Даниел пайғамбар алдын ала айтқан ўайран етиўши жеркенишлиниң мухаддес орында турғанын көргениңизде#24:15 Даниел 9:27; 11:31; 12:11. (оқыған адам мәнисин түсинсин!), 16Яҳудиядағылар таўларға қашсын. 17Ким де ким үйиниң төбесинде болса, үйинен бир нәрсе алайын деп төменге түспесин. 18Ким де ким атызда болса, шапанын алайын деп изине қайтпасын. 19Сол күнлери жүкли ҳәм емизиўли ҳаялларға қандай қыйын болады! 20Қашатуғын ўақытларыңыз қыс мәўсимине ямаса дем алыс күнине#24:20 Сөзбе-сөз: шемби күнине. Яҳудийлердиң нызамы бойынша, бул күни жумыс ислеў ҳәм узақ жолға шығыў қадаған етилген еди. туўра келмесин деп, Қудайға дуўа етиңлер. 21Себеби сонда дүнья жаратылғаннан бери усы күнге дейин болмаған ҳәм қайтып болмайтуғын уллы апат болады. 22Егер сол күнлердиң саны қысқартылмағанда, ҳеш ким де қутқарылмаған болар еди, бирақ Қудай Өзиниң таңлап алған адамлары ушын, сол күнлердиң санын қысқартады.
23Сонда егер сизлерге биреў: «Қараңлар, Масих бул жерде!» ямаса: «Ол ана жерде» десе исенбеңлер. 24Өйткени жалған масихлар ҳәм жалған пайғамбарлар пайда болып, егер мүмкин болса, Қудайдың таңлап алғанларын да алдаў ушын, уллы кәраматлы белгилер ҳәм таң қаларлық ислерди көрсетеди. 25Дыққат етиңлер! Мен сизлерге алдын ала айтып атырман.
26Солай етип, егер сизлерге: «Мине, Ол шөлистанда!» десе, шықпаңлар ямаса: «Ол жасырын бөлмелерде» десе, исенбеңлер. 27Себеби Адам Улының келиўи шығыста пайда болып, аспан бойлап батысқа зуўлап өткен жылдырымдай болады.
28Өлик қай жерде болса, қузғынлар сол жерге жыйналады.
Адам Улының қайта келиўи
29– Сол күнлердиң апатынан соң,
«бирден күн қараңғыланады,
ай өз жақтысын түсирмейди,
жулдызлар аспаннан түсип,
аспан күшлери силкинеди» # 24:29 Ийшая 13:10; 34:4. .
30Сонда аспанда Адам Улының кәраматлы белгиси көрингенде, жер жүзиндеги барлық халықлар жылай баслайды. Олар Адам Улының уллы қүдирет ҳәм салтанат пенен аспандағы бултларда киятырғанын көреди. 31Кәрнайдың күшли даўысы менен Ол Өзиниң периштелерин жибереди ҳәм олар дүньяның төрт тәрепинен, аспанның бир шетинен баслап екинши шетине дейин, Оның таңлап алғанларын жыйнап келеди.
Әнжир ағашын мысалға алыңлар!
32– Әнжир ағашын мысалға алыңлар: оның шақалары жумсарып, жапырақ шығара баслағанда, жаздың жақын екенин билесизлер. 33Сол сыяқлы, сизлер усылардың ҳәммесин көргениңизде Адам Улының жақынлап, есик алдында турғанын билиңлер! 34Сизлерге шынын айтып турман: бул әўлад жойылып кетпесинен бурын усылардың ҳәммеси болады. 35Аспан менен жер жойылады, бирақ Мениң сөзлерим ҳеш қашан жойылмайды.
Сол күнди ямаса саатты
ҳеш ким де билмейди
36– Бирақ, сол күнди ҳәм сол саатты ҳеш ким де билмейди: аспандағы периштелер де, Улдың Өзи де, тек ғана Әкем биледи. 37Нухтың заманында қалай болған болса, Адам Улы келгенде де солай болады. 38Өйткени суў тасқынынан бурын, Нух кемеге#24:38 Нухтың кемеси – Жаратылыс 6:14-16 ға қараң. минген күнге дейин, адамлар ишип жеди, үйленди, турмысқа шықты. 39Суў тасқыны басып, бәрин қырып жойғанға дейин, олар аңғармады. Адам Улы келгенде де солай болады. 40Сол ўақытта еки адам атызда болса, биреўи алынып, екиншиси қалдырылады. 41Еки ҳаял дигирман тартып отырса, биреўи алынып, екиншиси қалдырылады.
42Солай етип, сергек болыңлар! Себеби Ийеңиздиң қашан келетуғынын билмейсизлер. 43Мынаны билип қойыңлар: егер үй ийеси урының түнниң қайсы ўақтында келетуғынын билсе уйықламай, үйине урының бузып кириўине мүмкиншилик бермеген болар еди. 44Сонлықтан сизлер де таяр болып турыўыңыз шәрт! Өйткени Адам Улы сизлер ойламағанда келеди.
45Ийеси үй-ишимдегилерди басқарсын ҳәм оларға ўақтында аўқатын берсин деп тайынлаған исенимли ҳәм ақыллы хызметши ким? 46Ийеси келгенде оның солай ислеп атырғанын көрсе, сол хызметши бахытлы! 47Сизлерге шынын айтып турман: ийеси оны өзиниң пүткил мал-мүлкин басқарыўшы етип тайынлайды. 48Ал егер сол хызметши жаман болып, ишинен: «Ийем тез келе қоймас», – деп ойлап, 49хызметши жолдасларын сабап, мәскүнемлер менен бирге ишип-жесе, 50сонда сол хызметшиниң ийеси күтпеген күни ҳәм ойламаған ўақытта келип, 51оны қатты жазалап, еки жүзлилердиң аўҳалына салады. Сол жерде ол жылап, пушайман жейди.
Zur Zeit ausgewählt:
Матта 24: KrkNT
Markierung
Teilen
Kopieren
Möchtest du deine gespeicherten Markierungen auf allen deinen Geräten sehen? Erstelle ein kostenloses Konto oder melde dich an.
© Библия аўдарыў институты, 2004