YouVersion Logo
Search Icon

Яқып 2

2
Адамларды алаламаңлар
1Туўысқанларым, уллы Ийемиз Ийса Масийхқа исеними бар сизлер адамларды алаламаңлар. 2Егер сизлердиң жыйналысыңызға алтын жүзикли, сәнли кийимлер кийген бир адам менен жупыны кийим кийген бир жарлы адам келсе, 3сизлер сәнли кийим кийген адамға ҳүрмет көрсетип: «Сиз бул жерге, жақсы жерге отырың», ал жарлы адамға болса: «Сен ана жерде тур» ямаса: «Аяқ бетимде отыр» десеңлер, 4араңызда алалық жасап, жаман нийетли ҳүким шығарыўшылар болып қалмайсызлар ма?
5Қулақ салыңлар, сүйикли туўысқанларым: Қудай бул дүньяда жарлы болғанларды исенимде бай болыўы ҳәм Өзин сүйгенлерге ўәде еткен Патшалығының мийрасхорлары болыўы ушын таңламады ма? 6Бирақ сизлер жарлыны бийабырай қылдыңыз-ғо. Сизлерге зулымлық жасап атырған байлар емес пе? Сизлерди қазыханаларға сүйреп апаратуғын да байлар емес пе? 7Сизлерге берилген қәдирли атты мазақ қылыўшылар да олар емес пе?
8Мухаддес Жазыўдағы: «Өзиңди сүйгениң сыяқлы, жаныңдағы адамды да сүй»#2:8 Леб 19:18., – деген баслы нызамды ҳақыйқаттан орынласаңлар, жақсы қыласызлар. 9Бирақ адамларды алаласаңлар, гүна ислеп атырған боласызлар ҳәм Мухаддес Нызам алдында жынаятшы сыпатында жазаланасызлар. 10Өйткени ким де ким Мухаддес Нызамды толығы менен орынлап, тек бир нәрседе айыплы болса, ол пүткил Мухаддес Нызамға қарсы гүнакар болады. 11Себеби «Неке ҳадаллығын бузба»#2:11 Шығ 20:14; Нзм 5:18., – деген Қудай, «Адам өлтирме»#2:11 Шығ 20:13; Нзм 5:17., – де деген. Егер сен неке ҳадаллығын бузбасаң да, бирақ адам өлтирсең, Мухаддес Нызамға қарсы жынаятшы боласаң. 12Азатлық бериўши нызам бойынша ҳүким етилетуғынлар сыяқлы сөйлеңлер ҳәм ис тутыңлар. 13Өйткени ҳүким – реҳимсиз адамға реҳимсиз. Ал реҳим ҳүкимнен үстин.
Исеним ҳәм ислер
14Туўысқанларым, егер ким де ким исеними барлығын айтып, жақсы ислер қылмаса, не пайдасы бар? Бундай исеним оны қутқара ала ма? 15Егер бир туўысқанымыз жалаңаш қалып, күнделик азығына зар болса, 16араңыздағы бириңиз оларға: «Аман-есен барың, жылының ҳәм тойың» десе, бирақ денесине керекли затлар бермесе, буннан не пайда? 17Сол сыяқлы, ислерсиз исеним де өз-өзинен өли. 18Бирақ биреў: «Сениң исенимиң бар, мениң ислерим бар. Маған ислерсиз исенимиңди көрсет, ал мен саған исенимимди ислерим арқалы көрсетейин», – дейди. 19Сен Қудайдың жалғыз екенине исенесең бе? Жақсы қыласаң. Жинлер де буған исенип, қалтырасады. 20Ҳәй, ақылсыз адам, ислерсиз исенимиңниң пайдасыз екенин билиўди қәлейсең бе? 21Бабамыз Ибрайым улы Ысақты қурбанлық орынға бағышлап#2:21 Жар 22:1-18., ислери менен ақланбады ма? 22Көрип турғаныңдай, исеними оның ислери менен ҳәрекет етти. Исеними ислери менен кәмал тапты. 23Солай етип, «Ибрайым Қудайға исенди ҳәм сол себептен Қудай оны ҳақ деп санады»#2:23 Жар 15:6., – деп жазылған Мухаддес Жазыў орынланып, ол Қудайдың досты#2:23 Ийш 41:8; 2Жлн 20:7. деп аталды. 24Көрип турсызлар, адам тек исеними менен емес, ислери менен ақланады. 25Сол сыяқлы, жансызларды қабыл етип, оларды басқа жолдан жиберген бузық ҳаял Рахаб#2:25 Ешу 6:21-24. та өз ислери менен ақланбады ма? 26Руўхсыз дене өли болғаны сыяқлы, ислерсиз исеним де өли.

Currently Selected:

Яқып 2: КркМК22

Highlight

Share

Copy

None

Want to have your highlights saved across all your devices? Sign up or sign in