YouVersion Logo
Search Icon

Елшилер 3

3
Аяғы ләң адамның шыпа алыўы
1Бир күни Петр менен Юхан дуўа етиў ўақтында, түстен кейин саат үште Ибадатханаға баратыр еди. 2Сол жерде иштен аяғы ләң болып туўылған бир адам бар еди. Ол Ибадатханаға келгенлерден садақа сораў ушын көтерип әкелинип, ҳәр күни Ибадатхананың «Гөззал» деген қапысының қасында отырғызылатуғын еди. 3Бул адам Ибадатханаға кирип баратырған Петр менен Юханды көрип, олардан садақа сорады. 4Петр менен Юхан оған тигилип қарады. Соңынан Петр оған:
– Бизлерге қара! – деди.
5Сол адам олардан бир нәрсе алыўды дәметип, оларға дыққат пенен тигилип қалды.
6Петр оған:
– Менде гүмис ҳәм алтын жоқ, бирақ саған өзимде барымды беремен. Насыралы Ийса Масийхтың аты менен буйыраман, жүр! – деп 7оның оң қолынан услады да, орнынан турғызды. Сол ўақытта-ақ оның аяқлары менен тобықларына күш енди. 8Ол орнынан ушып турды да, жүре баслады. Былай-былай жүрип секириўи менен Қудайға алғыслар айтып, олар менен бирге Ибадатханаға кирди. 9Пүткил халық оның жүрип баратырғанын ҳәм Қудайды алғыслап атырғанын көрип, 10оның Ибадатхананың «Гөззал» деген қапысының қасында отырып, тиленшилик ететуғын адам екенин таныды. Жүз берген ўақыяға олар қатты ҳайран қалысып, аң-таң болысты.
Петрдиң Ибадатханадағы сөзи
11Жаңағы адам Петр менен Юханнан айырылмай жүргенде, пүткил халық ҳайран қалысып, «Сулайманның айўаны» деп аталатуғын жерге, олардың қасына жуўырысып келди. 12Буны көрген Петр халыққа қарата былай деди:
– Израиллылар, буған неге аң-таң болып атырсызлар? Бул адамды бизлер өз күшимиз ямаса диншиллигимиз бенен жүргизгендей, неге бизлерге тигилип турсызлар? 13Ибрайымның Қудайы, Ысақтың Қудайы, Яқыптың Қудайы, бизиң ата-бабаларымыздың Қудайы Өз хызметшиси Ийсаны уллылады. Сизлер Оны услап бердиңлер ҳәм Пилат Оны босатыўға қарар еткенде, Пилаттың алдында Оннан ўаз кештиңлер. 14Мухаддес ҳәм ҳақ Адамнан ўаз кешип, бир адам өлтириўшиниң өзлериңизге босатылып берилиўин талап еттиңлер. 15Сизлер Өмир Ийесин өлтирдиңлер, бирақ Қудай Оны өлимнен тирилтти. Бизлер буған гүўамыз. 16Сизлер көрген ҳәм таныйтуғын бул адам Ийсаның аты менен, Оның атына деген исеним менен шыпа тапты. Ийсаға деген исеним ҳәммеңиздиң көз алдыңызда оған толық шыпа берди.
17Енди туўысқанларым, сизлердиң бул исти басшыларыңыз сыяқлы билмей ислегениңизди билемен. 18Бирақ барлық пайғамбарлар арқалы Өз Масийхының азап шегетуғынын алдын ала билдирген Қудай Өз сөзин усылай әмелге асырды. 19-20Солай етип, тәўбе етиңлер ҳәм гүналарыңыздың жуўылыўы ушын Қудайға қайтыңлар. Сонда Жаратқан Ийе сизлерге рәҳәтлениў ўақытларын береди ҳәм сизлер ушын алдын ала тайынланған Масийхты, яғный Ийсаны жибереди. 21Қудайдың әййемнен мухаддес пайғамбарлары арқалы айтқанындай, ҳәмме нәрсениң өз қәлпине келиўине дейин Ийса аспанда болыўы керек. 22Өйткени Муўса былай деген еди: «Қудайыңыз Жаратқан Ийе сизлер ушын туўысқанларыңыздың арасынан мен сыяқлы бир пайғамбарды шығарады. Оның айтқан ҳәр бир сөзин тыңлаңлар. 23Сол пайғамбарды тыңламаған ҳәр бир адам Қудайдың халқы арасынан жоқ етиледи»#3:22-23 Нзм 18:15, 18-19..
24Самуел пайғамбардан баслап, оннан кейин келип сөйлеген пайғамбарлардың ҳәммеси де усы күнлер ҳаққында болжаған еди. 25Сизлер пайғамбарлардың ҳәм Қудайдың ата-бабаларыңыз бенен дүзген келисиминиң мийрасхорларысызлар. Себеби Қудай Ибрайымға былай деген еди: «Сениң әўладың арқалы жер жүзиндеги ҳәмме халықлар жарылқанады»#3:25 Жар 22:18; 26:4.. 26Ҳәр бириңизди жаман жолдан қайтарып, сизлерди жарылқаў ушын, Қудай Өзи тайынлаған хызметшисин ең алды менен сизлерге жиберди.

Highlight

Share

Copy

None

Want to have your highlights saved across all your devices? Sign up or sign in