Елшилер 25
25
Павел Фесттиң алдында
1Фест үлкеге ҳәкимлик ўазыйпасына келгеннен соң үш күн өткенде, ол Кесариядан Ерусалимге барды. 2Сонда бас руўханийлер менен яҳудийлердиң басшылары оған Павелдиң үстинен шағым жасады. 3Мийримлилик көрсетип, Павелди Ерусалимге жибериўин оннан жалынып сорады. Ал өзлери Павелди жолда өлтирмекши болып, тил бириктирген еди. 4Фест оларға жуўап берип, Павелдиң Кесариядағы қамақта екенин ҳәм өзиниң де жақында сол жерге баратуғынын айтты да:
5– Араңызда бийлиги барлар мениң менен бирге барып, сол адам бир қылмыс ислеген болса, оны айыпласын, – деди.
6Фест олардың жанында сегиз ямаса он күннен артық қалмай, Кесарияға қайтты. Ертеңине ол ҳүким гүрсисине отырып, Павелди алып келиўди буйырды. 7Павел келгенде, Ерусалимнен барған яҳудийлер оның әтирапын қоршап алды да, оған өзлери дәлиллеп бере алмайтуғын көп аўыр айыплар тақты.
8Павел өзин ақлап:
– Мен я яҳудийлердиң нызамына, я Ибадатханаға, я Рим императорына қарсы ҳеш қандай жынаят ислегеним жоқ, – деди.
9Бирақ яҳудийлерге жағынғысы келген Фест Павелге:
– Ерусалимге барып, сол жерде усылар бойынша мениң алдымда ҳүким етилиўди қәлейсең бе? – деди.
10Павел былай деди:
– Мен Рим императорының ҳүким гүрсиси алдында турман. Мен усы жерде ҳүким етилиўим тийис. Мениң яҳудийлерге ҳеш қандай жаманлық ислемегенимди өзиңиз жүдә жақсы билесиз. 11Егер мен айыплы болсам ҳәм өлимге ылайықлы бир нәрсе ислеген болсам, өлимнен бас тартпас едим. Ал егер булардың маған тағып атырған айыплары тийкарсыз болса, онда ҳеш бир адамның мени олардың қолына услап бериўге ҳақысы жоқ. Мен императордың ҳүкимин талап етемен.
12Сонда Фест кеңесгөйлери менен мәсләҳәтлескеннен соң:
– Сен Рим императорының ҳүкимин талап еттиң, енди императорға барасаң, – деп жуўап берди.
Павел Агриппа патшаның алдында
13Бир қанша күннен соң, Агриппа патша менен Берника#25:13 Берника – Агриппаның қарындасы. Фестти қутлықлаў ушын Кесарияға келди. 14Олар сол жерде көп күн қалғанлықтан, Фест Павелдиң исин патшаға билдирип былай деди:
– Бул жерде Феликс қамақта қалдырып кеткен бир адам бар. 15Мен Ерусалимде болғанымда, яҳудийлердиң бас руўханийлери менен ақсақаллары оған айып тағып, оны жазалаўымды талап қылған еди.
16Мен оларға: «Айыпланыўшы өз айыплаўшылары менен жүзлеспей турып, оған тағылып атырған айыплардан өзин қорғаўға мүмкиншилик берместен, оны услап бериў – римлилердиң әдетине қайшы келеди», – деп жуўап бердим. 17Сонлықтан олар мениң менен бул жерге келгенде, мен ўақытты босқа жибермей, ертеңине-ақ ҳүким гүрсисине отырдым да, сол адамның алып келиниўин буйырдым. 18Бирақ айыплаўшылар орынларынан турғанда, оған мен күткен айыплардың ҳеш бирин тақпады. 19Тек олардың өз дини ҳәм бир Ийса атлы өлген, бирақ Павел тири деп тастыйықлаған адам ҳаққында айырым тартыслары бар екен. 20Мен бул мәселени қалай шешиўди билмей басым қатып, Павелден: «Ерусалимге барып, усылар бойынша сол жерде ҳүким етилиўди қәлейсең бе?» – деп сорадым. 21Бирақ ол өз исин Рим императорының қараўын ҳәм оған дейин қамақта қалдырылыўын талап етти. Сонлықтан мен оны императорға жоллаўыма дейин қамақта болыўын буйырдым.
22Сонда Агриппа Фестке:
– Бул адамды мен де тыңлағым келеди, – деди.
– Оны ертең-ақ тыңлайсыз, – деди Фест.
23Ертеңине Агриппа менен Берника уллы сән-салтанат пенен келип, мыңбасылар ҳәм қаланың абырайлы адамлары менен бирликте рәсмий залға кирди. Фесттиң буйрығы бойынша Павел алып келинди. 24Фест былай деди:
– Патша Агриппа ҳәм усы жердеги ҳәмме адамлар! Сизлер мына адамды көрип турсызлар. Ерусалимде де, бул жерде де, пүткил яҳудий халқы оның үстинен маған шағым жасап: «Ол буннан былай жасамаўы тийис» – деп бақырысқан еди. 25Бирақ мен оның өлим жазасына ылайық ҳеш қандай ис ислемегенин анықладым. Оның өзи императордың ҳүкимин талап еткенликтен, оны Римге жибериўге қарар еттим. 26Ал менде болса, ол ҳаққында ҳүкимдарға жазғандай, белгили ҳеш нәрсе жоқ. Сонлықтан бул тергеўдиң нәтийжесинде маған жазыўға бир нәрсе табылып қалар деп, оны сизлердиң алдыңызға, әсиресе, патша Агриппа, сизиң алдыңызға шығардым. 27Өйткени тутқынды императорға жоллап, оған қойылған айыпларды билдирмеў надурыс болар, деп ойлайман.
Currently Selected:
Елшилер 25: КркМК22
Highlight
Share
Copy

Want to have your highlights saved across all your devices? Sign up or sign in
© Институт перевода Библии, 2022